БМШ Раўажландырыў Бағдарламасы тәрепинен  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте республикамыздағы белсенди саламатлық волонтёрларын  қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Волонтёрлар арқалы биз барлығын жеңип шығамыз!» сүрени астында бир қатар илажлар өткерилди.

-Аймағымызда саламатлық волонтёрларын таярлаў БМШ Раўажландырыў Бағдарламасының хызмети шеңберинде  2012-жылы басланған еди,-дейди биргеликтеги бағдарламаның саламатлық бойынша қәнигеси Гүлнара Жапақова.-БМШ волонтёрлар бағдарламасы (БМШВБ) жәрдеминде бүгинги күнге шекем 3710 волонтёр оқытылған болса. соннан 2017-2019-жыллар даўамында әмелге асырылған БМШтың «Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик қорын шөлкемлестириў арқалы Арал апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараяты потенциалын беккемлеў» биргеликтеги бағдарламасы тийкарында 2081 волонтёр таярланды. Нәтийжеде олар 386906 халықтың медициналық мәдениятын арттырыўға жәрдем берди.

Бунда тийкарғы жумыс бағдары-халық арасында өкпе, асқазан-ишек, жүрек-қан тамыр кеселликлериниң профилактикасы, ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеў илажларын үгит-нәмиятлаўға қаратылды. Өткен жылы болса, тийкарғы бағдар коронавирус инфекциясының алдын алыў болды. Дүнья жүзи денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң COVID-19ға стратегиялық таярлық ҳәм оған қарсы тура алыў бойынша Режеде волонтёрлардың роли «әҳмийетли бөлими» деп баҳаланды. Себеби олар өзлериниң денсаўлығын қәўип-қәтерге қойған ҳалда тәжирийбе алмасыўды, аўылласларының денсаўлығын ҳәм жағдайларын бақлаў және баҳалаў жумысларын даўам еттирмекте.

-Ҳақыйқатында да, бүгинги сынақлы күнлерде халықтың короновирус инфекциясы ҳәм басқа да кеселликлерден аман қалыўында волонтёрлардың мийнетиниң теңи-тайы жоқ, -деп республикамыздағы саламатлық волонтёрлардың мийнетине жоқары баҳа берди БМШ Раўажландырыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска өзиниң байрам мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында. –Олар пандемия дәўиринде сақланыў илажларын көриў ҳәм дем алыў жоллары гигиенасы ҳаққында арнаўлы телеграмм-канал арқалы турақлы түрде онлайн тәризде баҳалы мәсләҳәтлерин берип барды.

Өткен жылы БМШ Раўажландырыў Бағдарламасы Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги,  БМШ волонтёрлар бағдарламасының Европа ҳәм ҒМДА бойынша регионаллық офисиниң жәрдеминде 6 номинация бойынша ең белсенди волонтёр таңлап алынып, мүнәсип хошаметленди. Жеңимпазлар өкпе, асқазан-ишек, жүрек-қан тамыр кеселликлери, ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеў, COVID-19 профилактикасы бойынша өткерген мәлимлеме сессияларының санына қарай, өзин-өзи жеккелеў дәўиринде волонтёр сыпатында  халыққа жәрдем берген медицина хызметкерлери арасынан анықланды. Қәўипсизлик илажлары ҳәм карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда  өткен жылдың декабрь айында Тахтакөпир, Бозатаў, Шымбай, Кегейли, Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай, Хожели ҳәм Нөкис районларынан жеңимпаз болған волонтёрларға уялы телефон, планшет ҳәм патронаж сумкалары тапсырылды.

Республикамыздың волонтёрлары қазақстанлы кәсиплеслери менен онлайн тәризде видеоконференцияда қатнасты. Илаж даўамында халқымыз арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасты.

Буннан тысқары, БМШ Раўажландырыў Бағдарламасы ЮНФПА менен биргеликте Япония ҳүкиметиниң қаржылай жәрдеминде халықтың экологиялық, экономикалық қыйыншылықлар дәўиринде турақлылығын тәмийинлеў бағдарында жумыс алып бармақта. Бунда тийкарғы итибар шетки аймақлардың турғынлары арасында аналық, балалық ҳәм репродуктивлик саламатлықты қорғаўда жергиликли денсаўлықты сақлаў мәкемелеринң  техникалық ҳәм институционаллық потенциалын беккемлеў арқалы көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын арттырыўға қаратылмақта. Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде «Coca-Cola» қорының қаржысы есабынан 4 дана ИВЛ аппараты, 165  дана кислород концентраторы, Япония ҳүкиметиниң қаржылай көмегинде 6 дана ИВЛ аппараты COVID-19 кеселлигине шалынған наўқасларды емлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине тапсырылды. Сондай-ақ, коронавирус профилактикасы бойынша қарақалпақ, өзбек  ҳәм  рус тиллеринде 115 мың дана хабарнама, постерлар, 20 мың дана медициналық нықап берилди. Буннан тысқары, денсаўлықты сақлаў хызметкерлери ҳәм волонтёрлар қорғаныў комбинезонлары, арнаўлы көзәйнеклер, антисептиклер, аралықтан темперетура өлшегишлер ҳәм пульсоксиметр сыяқлы әнжамлар және арнаўлы үскенелер менен тәмийинленди.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери