М Ә Л И М Л М Е

2017-жыл 20-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилиси ашылды. Оған Министрлер Кабинетиниң мирәт етилген ағзалары, министрликлер менен ведомстволардың басшылары, басқа да шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев басқарды. Сенаторлар жумысты Өзбекистан Республикасының 2018-жылғы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлери және салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы мәселени көрип шығыўдан баслады.

Атап өтилгениндей, 2018-жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлердиң, салық ҳәм бюджет сиясаты концепциясының болжаўлары ҳәм Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен белгилеп берилген ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында атап өтилген мақсетлер ҳәм тийкарғы бағдарлар, сондай-ақ, орынлардағы жумыслардың реал жағдайы және аймақлардың имканиятларын үйрениў, шешилиўи тийис болған машқалаларды анықлаў тийкарында ислеп шығылған.

2018-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бюджет халықаралық қаржы институтлары тәрепинен тән алынған макроэкономикалық көрсеткишлер, баҳа индекслери тийкарында дүзилген. Соның ишинде, 2018-жылы ЖИӨ 290,6 триллион сум муғдарында болыўы, ЖИӨ дефляторы 14,1 процентти қурайтуғыны, тутыныў баҳалары индекси 12-13 процент болыўы күтилмекте. Мәмлекетлик бюджеттиң параметрлери жалпы ишки өнимге салыстырғанда 0,02 процент профицит пенен орынланыўы күтилмекте.

2018-жылғы салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары салық жүги буннан былай да азайтылыўын, бирдей салыққа тартыў базасына ийе мәжбүрий төлемлер муғдарының қысқартылыўын, жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасы беккемлениўин ҳәм олардың еркинлиги арттырылыўын, ресурслардан ақылға муўапық пайдаланыўды және бюджетке түсимлердиң толық түсиўи тәмийинлениўин нәзерде тутады.

Атап айтқанда, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген салық ставкалары орташа 30 процентке азайтылыўы нәзерде тутылмақта, бул болса, өз гезегинде халықтың исбилерменликке умтылыўын және де арттырыўға алып келеди.

2018-жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң тийкарғы бағдарлары елимиз бюджет сиясатының социаллық бағдарланғанлығын сақлап қалыўды нәзерде тутады. Атап айтқанда, 2018-жылы социаллық тараўға қаратылған қәрежетлер 34,7 триллион сумды қурайды. Қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўға болса 8,5 триллион сумнан аслам қаржы қаратыў усыныс етилмекте. 2017-2021-жылларда мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў Бағдарламасы шеңберинде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин үскенелеўге 815 миллиард сум ямаса 2017-жылға салыстырғанда дерлик 3 есеге көбирек қаржы қаратыў режелестирилмекте. 48 жоқары билимлендириў мәкемесиниң материаллық-техникалық базасын жақсылаўға 559,1 миллиард сум ямаса 2017-жылдағыға салыстырғанда 1,5 есеге көп қаржы ажыратыў нәзерде тутылған. 296 медициналық мәкемени қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумысларына 803,6 миллиард сум қаратылады.

Елимиздиң бас қаржы ҳүжжетинде турақ жай коммуналлық жумысларын орынлаў көлемин арттырыўға айрықша итибар қаратылған. Бул жумысларға 230,3 миллиард сум ажыратылады, соның ишинде, көп қабатлы жайларға тутас аймақларды абаданластырыўға 47,2 миллиард сум, көп қабатлы турақ жай фондының лифт үскенелерин оңлаўға ҳәм жаңаларына алмастырыўға 22,4 миллиард сум қаратылады.

Денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң дәри қураллары ҳәм медицина буйымлары менен тәмийинлениў дәрежесин арттырыў мақсетинде 915,4 миллиард сум көлемин ямаса 2017-жыл параметрлеринде нәзерде тутылғанынан 2,5 есеге көп қаржы қаратылады.

Сенаторлардың пикиринше, 2018-жылға мөлшерленген тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлердиң, салық ҳәм бюджет сиясаты концепциясының болжаўлары және Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы бағдарлар, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға сәйкес келди.

Сенаторлар 2018-жылға мөлшерленген Өзбекистан Республикасы Мәмлекет бюджетин тастыйықлаў ҳаққында тийисли қарар қабыл етти.

Буннан соң сенаторлар «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2018-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Бул нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң мақсети 2018-жылға мөлшерленген салық ҳәм бюджет сиясатын әмелге асырыў ушын ҳуқықый шараятларды жаратыў, сондай-ақ, Салық ҳәм бюджет сиясатының 2018-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгени мүнәсибети менен нызам ҳүжжетлериниң айырым нормалары бирдей қолланылыўы ушын анықлық киргизип қойыўдан ибарат.

Нызам Бюджет кодекси, Салық кодекси ҳәм «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын 3 статьядан ибарат. Соның ишинде, Өзбекистан Республикасының Бюджет кодексине, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы нызамына киргизилиўи нәзерде тутылған  өзгерислер менен қосымшалар жергиликли бюджетлердиң еркинлигин арттырыў, районлар ҳәм қалалардың резерв корларын қәлиплестириў және олардан пайдаланыў тәртибин нәзерде тутады. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң бюджет ўәкилликлерин оларға нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген айрықша салықлар бойынша белгиленген ставкаларға аймақлардың және жумыс ислейтуғын орынның өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда төменлететуғын ҳәм көбейтетуғын коэффициентлерди киргизиў ҳуқықын бериў арқалы арттырыў нәзерде тутылмақта.

Абаданластырыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў салығы менен пайда салығы бириктирилмей атырғаны, сондай-ақ, айырым түрдеги мәжбүрий ажыратпалардың бирден-бир төлемге – мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларға бириктирилиўи мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасы Салық кодексине өзгерислер киргизилмекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң сенаторлар «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысының заманагөй шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрлерин енгизиў, ишки ведомстволық қадағалаў механизмин күшейтиў, мәмлекетлик басқарыў тараўында формализмге ҳәм лаўазымынан пайдаланыўға шек қойыў, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин әмелге асырыўдың заманагөй механизмлерин енгизиўге қаратылған.

Нызамда ҳуқықты қолланыў әмелиятын, тараўдағы жүзеге келген машқалаларды, соның ишинде, шет ел тәжирийбесин терең үйрениў тийкарында ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың улыўма қағыйдалары белгиленген. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралар, шөлкемлердиң бирге ислесиўин сәўлелендиретуғын ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың тийкарғы принциплери көрсетилмекте. Нызамда жумысларды көрип шығыў ҳәм олар бойынша тийисли қарарлар қабыл етиўдиң анық тәртиби, ҳәкимшилик ҳүжжетти бийкарлаў, өзгертиў ямаса нызамлы күшке ийе болмаған деп тән алыў ушын тийкарлар, наразы болып шағым арзасын бериўдиң улыўма принциплери беккемлеп қойылған. Ҳәкимшилик жумыслардың тийислилиги, ведомстволараралық өз-ара бирге ислесиў, ҳәкимшилик ис жүргизиўде ўәкиллик, мийрас, дәлийллер, ҳәкимшилик ис жүргизиў мүддетлери ҳәм ҳәкимшилик жумысты көрип шығыўға байланыслы қәрежетлер ҳаққындағы режелер нәзерде тутылмақта. Ҳәкимшилик ис жүргизиў қатнасыўшылары, сондай-ақ, ҳәкимшилик жумысты шешиўге көмеклесетуғын шахслар топарлары, олардың ҳуқықлары менен миннетлемелери толық белгилеп берилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамының қабыл етилиўи мәмлекетлик уйымлардың пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар менен өз-ара қатнасықларының нызамлылық ҳәм ашық-айдынлық дәрежесин арттырады, сапалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын шараят тәмийинлейди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң сенаторлар  Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен жойбары Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизилген «Келешек дөретиўшиси» медалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Нызамның мақсети жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, жаслардың санасында ғәрезсизлик идеяларына садықлық сезимин, миллий өзликти аңлаўды, Ўатанға болған сүйиспеншиликти ҳәм елимиздиң тәғдирине жуўапкершиликти беккем орнатыў, жаслардың басламаларын хошаметлеў болып табылады.

Нызам менен «Келешек дөретиўшиси» медалының сыпатламасы ҳәм «Келешек дөретиўшиси» медалы ҳаққында»ғы Реже тастыйықланды.

Бул Реже «Келешек дөретиўшиси» медалының менен халықтың мәплери жолында садықлық пенен хызмет етип атырған, жоқары Ўатанды сүйиўшилик, пидайылық ҳәм мийнет сүйгиш пазыйлетлерин көрсетип киятырған, Ўатанымыздың халықаралық көлемдеги абройын ҳәм мәртебесин арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған, жәмийетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында белсендилиги ҳәм инталылығы менен қатарларына үлги болып атырған, оқыўда ҳәм мийнет жолында үлкен жетискенликлерге ерискен 14 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған Өзбекистан Республикасы пуқараларының, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы пуқаралары болмаған шахслардың Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен сыйлықланыў тәртибин белгилеп береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекистан Республикасының Қорғаныў доктринасы ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты. Сенаторлар Өзбекистан Республикасының Қорғаныў доктринасы 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп қойылған ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде тайынланып атырғанын атап өтти.

Додалаў даўамында сенаторлар Өзбекистан Республикасының Қорғаныў доктринасы әскерий тараўдағы миллий қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы рәсмий көз-қараслар, принциплер ҳәм қатнаслар системасын өзинде сәўлелендиретуғынын атап өтти. Ҳүжжет республиканың нызам ҳүжжетлерине ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларына тийкарланады, елимиздиң миллий мәплеринен, дүньядағы ҳәм региондағы әскерий-сиясий жағдайдан, ҳәзирги күнде жүз берип атырған әскерий келиспеўшиликлердиң өзгешелигинен келип шығады, сондай-ақ, қорғаныў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың келешектеги абзаллықларын, Қураллы Күшлерди таярлаў, шөлкемлестириў ҳәм қолланыўдың тийкарғы принциплерин және бағдарларын белгилеп береди.

Сондай-ақ, әскерий тараўда миллий қәўипсизликке қәўиплер көлеминиң өзгериўи, әскерий сиясий жағдай шараятларына және ҳәзирги әскерий келиспеўшиликлердиң өзгешелигине, елимиздиң әскерий структураны раўажландырыў ўазыйпалары менен бағдарларына қарап, Қорғаныў доктринасының айырым қағыйдаларына нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте анықлық киргизилиўи ҳәм толықтырылыўы мүмкин. Онда әскерий қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы мәмлекетлик жумыстың тийкарғы бағдарлары Өзбекистан Республикасы Президенти – Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен айқынластырылады.

Қорғаныў доктринасы ашық өзгешеликке ийе, бул болса, усыған уқсас концептуллық ҳүжжетлер қабыл етиў бағдарындағы шет ел тәжирийбесине сәйкес келеди. Ҳүжжет Өзбекистанның сыртқы сиясатының ашық-айдынлығын, жақын қоңсылар менен әмелий қатнасықларды раўажландырыў абзаллығын беккемлейди ҳәм раўажландырады, сондай-ақ, елимиздиң қорғаныў сиясатының ашық-айдынлығын тәмийинлейди, қәўипсизлик ҳәм қорғаныў тараўында басқа шет еллер менен нәтийжели әскерий-сиясий қатнасықлар ҳәм бирге ислесиў ушын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятлар жаратады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамына, Өзбекистан Республикасының Пуқаралық процессуал ҳәм Хожалық процессуал кодекслерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының 2017-жыл 12-апрельдеги нызамының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасының Жоқарғы суды тәрепинен ислеп шығылған Өзбекистан Республикасының бир қатар кодекслерин тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын нызамларды көрип шықты.

Олий Мажлис Сенатына көрип шығыў ушын киргизилген «Өзбекистан Республикасының Пуқаралық процессуал кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы, «Өзбекистан Республикасының Экономикалық процессуал кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызамлар суд-ҳуқық тараўында елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин сәўлелендиреди. Бул реформалар суд системасын избе-из демократияластырыўға, суд ҳәкимиятының еркинлиги ҳаққындағы конституциялық принципке сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеўге, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға қаратылған.

Кодекслерди ислеп шығыўда Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги «Суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы, 2017-жыл 7-февральдағы «Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы, 2017-жыл 21-февральдағы «Өзбекистан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумысының нәтийжелигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманларында және 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген талаплар итибарға алынды.

«Өзбекистан Республикасының Пуқаралық процессуал кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шығыў даўамында сенаторлар бул ҳуқықый ҳүжжет 1997-жыл 30-августта қабыл етилген Өзбекистан Республикасының әмелдеги Пуқаралық процессуал кодекси нормалары ҳәм қағыйдалары тийкарында ислеп шығылғанын атап өтти. Бул нормалар менен қағыйдалар заман талабын, Өзбекистан Республикасы Президентиниң жоқарыда келтирилген пәрманлары менен тастыйықланған бағдарламаларды есапқа алған ҳалда және Кодексте жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде жетилистирилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

«Өзбекистан Республикасының Экономикалық процессуал кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамы көрип шығылып атырғанда Кодекс Өзбекистан Республикасының әмелдеги хожалық процессуал кодексиниң заман талапларын есапқа алып ҳәм әмелдеги нызам ҳүжжетлериндеги жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде жетилистирилген нормалар тийкарында ислеп шығылғаны атап өтилди. Мәселен, Кодексте айырым кемшиликлерди (шет елли шахслар – Өзбекистан Республикасы резидент емеслери қатнасыўындағы жумысларды; шет елли судлар ҳәм арбитражлар қарарларды атап өтиў және орынлаў ҳаққындағы жумысларды) көрип шығыў ўәлаят дәрежесиндеги экономикалық судлардың судлаўына киргизилди.

Келиспеўшиликлер тез көрип шығылыўын тәмийинлеў мақсетинде судлаўға тийислиликтиң улыўма қағыйдасы өзгертилди (юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге даўалар олар дизимнен өткерилген орын бойынша судқа бериледи).

Пуқаралық процессуал кодексинде болғанындай, шәртлесилген (ықтиярлы) ўәкиллердиң дизими келтирилмекте, сондай-ақ, судта ўәкил сыпатында ислерди көрип шығыў бойынша профессионал жумыс пенен тек ғана адвокатлар шуғылланыўы мүмкин.

«Өзбекистан Республикасының Ҳәимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шығыўда атап өтилгениндей, ҳәкимшилик тараўлардағы және басқа да ҳуқықый қатнасықлар бойынша пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ямаса келиспеўшиликлер жүз берип атырған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, бул тараўларда нызамлылықты беккемлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға көмеклесиў, нызам ҳәм судқа ҳүрмет қатнасығын қәлиплестириў Кодексте ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиўдиң әҳмийетли ўазыйпалары етип белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен Кодексте бир тәрептен мәмлекетлик уйымлар ҳәм (ямаса) олардың лаўазымлы шахслары және басқа тәрептен физикалық ҳәм (ямаса) юридикалық шахслар, шөлкемлер арасындағы ғалабалық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлер бойынш ис жүргизиў тәртибин, сондай-ақ, басқа да ғалаба қатнасықлардан келип шығатуғын талаплар бойынша ислер жүргизилиўи тәртипке салынады.

Кодекс ҳәкимшилик суд ислерин алып барыўдың принциплерин беккемлейди. Әдил судлаўдың тек ғана судлар тәрепинен және пуқаралардың нызам ҳәм суд алдында теңлиги тийкарында әмелге асырылыўы, судьялардың еркинлиги ҳәм тек ғана нызамға бойсыныўы, тәреплердиң тартысыўы ҳәм тең ҳуқықлылығы, суд ислери алып барылатуғын тил, судта жумыс алып барыўдың жәриялылығы, судта истиң тиккелей ҳәм аўызеки көрилиўи, ислерди нызам ҳүжжетлери тийкарында шешиў ҳәм басқа да принциплер усылардың қатарына киреди.

Суд системасының жумыс нәтийжелилигин ҳәм халықтың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў мақсетинде Кодексте суд мәжилисин аудио ҳәм видеожазыўға алыў имканияты нәзерде тутылған. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соңынан сенаторлар Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-августтағы «Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы пәрманын орынлаў мақсетинде ислеп шығылған «Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, ғәрезсизлик жылларында бул тармақта мақтаўға ылайық нәтийжелерге ерисилди. Темир жол транспорты тармақлары – бул экономикамыздың қан тамырлары болып, олардың жәрдеминде елимизде жүк ҳәм жолаўшы тасыў, сондай-ақ, темир жол тасыўлары қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша дыққатқа ылайық жумыслар орынланбақта.

Бүгинги күнде «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетинде 73 мың жоқары маманлықтағы хызметкер жумыс ислемекте. Инженер-техниклер ҳәм қәнигелер, жол хызметкерлери, вагон машинистлери менен бақлаўшылары, санаат, жойбарластырыў ҳәм қурылыс шөлкемлериниң хызметкерлери, социаллық инфраструктура объектлериниң жумысшы ҳәм хызметкерлери, тараўдың мийнет сүйгиш хызметкерлери  усылардың қатарына киреди.

Олардың мийнети себепли өткен жыллар даўамында темир жол транспорты хызметкерлери тәрепинен 1,1 мың  километрден аслам темир жоллар қурылды, 4 мың километрден зыят темир жол магистраллары модернизацияланды, 1,7 мың километр темир жол узеллери электрлестирилди, 1,4 миллиард тонна жүк тасылды, сондай-ақ, 350 миллионнан аслам жолаўшы мәнзиллерине жеткерилди.

Темир жол транспортының ҳәр қыйлы тармақларындағы хызметкерлердиң жумысы оғада қурамалы ҳәм әҳмийетли екенин есапқа алып, Өзбекистан Республикасы нызамы август айының биринши екшембисин Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күни деп белгилейди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сенаторлар Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-августтағы пәрманына муўапық таярланған «Өзбекистан Республикасы қурылыс тараўы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамын көрип шықты.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, ғәрезсизлик дәўиринде елимиздиң келбети түп-тийкарынан өзгерди. Қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар тек ғана қалалар менен аўыллардың келбетин өзгертип қоймастан, ал турмысымызға айрықша мазмун-мәнис бағышлап, инсан мәплерине хызмет ете баслады. Атап айтқанда, халықты арзан ҳәм қолайлы турақ жайлар менен тәмийинлеў мақсетли бағдарламалары шеңберинде үлги жойбардағы көп қабатлы жайлар, мәденият ҳәм көркем өнер орайлары, спорт объектлери, медицина мәкемелери ҳәм социаллық объектлер қурылмақта, сондай-ақ, жоллар, көпирлер менен басқа да инфраструктура объектлери қурылып атыр.

Сенаторлардың атап өткениндей, август айының екинши екшембисин Өзбекистан Республикасы қурылыс тараўы хызметкерлери күни деп белгилейтуғын «Өзбекистан Республикасы қурылыс тараўы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамының қабыл етилиўи тараў хызметкерлерине өзлериниң кәсиплик байрамын мәмлекетлик көлемде белгилеў имканиятын береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар Өзбекистан Республикасының әмелдеги нызамларына дүзетиўлер 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген елимиздиң социаллық ҳәм сиясий турмысындағы реформалар мүнәсибети менен таярланған «Айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысы жетилистирилиўи, сондай-ақ, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жылдың 5-октябриндеги «Исбилерменлик жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеўге, жеке меншикти ҳәр тәреплеме қорғаўға ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы талапларынан келип шығып, Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине де қадағалаў уйымларының исбилерменлик субъектлерине ҳәм олардың хызметкерлерине ҳәкимшилик жаза қолланыў бойынша функциялары менен ўәкилликлерин суд уйымларына басқышпа-басқыш бериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Бул суд ҳәкимиятының исбилерменлик субъектлериниң мәплери менен ҳуқықларын қорғаўдағы ролин арттырыўға хызмет етеди, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерине ҳәкимшилик шараларды қолланыўда қалыс емес қатнас жасаўдың алдын алыўға көмеклеседи.

Буннан тысқары, Кодекске киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшалар биреўдиң мүлкин қастан жоқ етиў яки зыян жеткериў ушын жуўапкершилик механизмин оптималластырады, мәмлекетлик уйымның лаўазымлы шахслары тәрепинен парламентлик сораў, депутатлық сораў, сенаторлық сораўды көрип шықпай қалдырғаны ямаса себепсиз оларды көрип шығыў мүддетлерин бузыў яки олар бойынша исенимсизлиги алдын ала белгили болған мағлыўматларды усынғаны ушын жуўапкершилик киргизиўди нәзерде тутады.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-июньдеги «Коммерциялық банклердиң қаржы турақлылығы ҳәм капиталласыўы дәрежесин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Өзбекистан Республикасының Орайлық банк ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамына банклер тәрепинен төлемлер үзликсиз әмелге асырылыўын тәмийинлеў және банклерди кредитлеў шәртлери ҳаққындағы мәлимлемениң ашық-айдынлығын ҳәм қолайлығын тәмийинлеў мақсетинде банклердиң ликвидлигин қоллап-қуўатлаў ушын Өзбекистан Республикасының Орайлық банки тәрепинен кредитлер ажыратыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

«Социаллық шериклик ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамы социаллық шерикликти әмелге асырыў тараўын белгилеў және мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ҳуқықларына анықлық киргизиўди нәзерде тутатуғын нормалар менен толықтырылмақта. Сондай-ақ, «Қәўипли өндирислик объектлердиң санаат қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамына қәўипли өндирислик объектлерди есапқа алыў ҳәм олардың мәмлекетлик реестирин алып барыў тәртиби Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгилениўин нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-февральдағы «Жоқары оқыў орнынан кейинги билимленириў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық 2017-жылдың 1-июлинен баслап жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириўдиң еки басқышлы системасы енгизилди. Соннан келип шығып, «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы, «Билимлендириў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамларына, Мийнет кодексине, Турақ жай кодексине, сондай-ақ, Кадрлар таярлаў миллий бағдарламасына жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў системасының нормаларына тийисли болған өзгерислер киргизилмекте.

Өзбекистан Республикасының Шаңарақ кодекси тийисли нормалар менен толықтырылмақта. Олар некени бийкар етиўге байланыслы жумысларды көрип шығыў тәртибин жетилистириўге қаратылған. Соның ишинде, усы қосымшаларға муўапық суд (Пуқаралық ҳалаты актин жазыў уйымлары) ерли-зайыпқа жарасыў ушын (арза тапсырылған күннен баслап) мүддет тайынлап, жумыстың көрилиўин кейинге қалдырған жағдайда, ерли-зайыптың бирге жасайтуғын орнындағы пуқаралар жыйынының жарастырыў комиссиясын, егер олар бирге жасамай атырған болса, ҳәр бириниң жасаў орнындағы пуқаралар жыйынының жарастырыў комиссиясын ерли-зайыпты жарастырыў бойынша тийисли илажлар көриў ушын үш күннен кешиктирмей жазба түрде хабардар етиўи керек. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, салықлар менен басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыўын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 18-июлдеги пәрманын орынлаў мақсетинде ислеп шығылған «Салық ҳәкимшилигиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Нызам ҳүжжети салық салыў системасын избе-излик пенен әпиўайыластырыўға, салық салыў базасын кеңейтиўге, салық ҳәкимшилигиниң заманагөй усылларын енгизиўге қаратылған.

Нызамға муўапық Салық кодекси ҳадал салық төлеўшилерге салық салыўға байланыслы ағымдағы мәселелерди шешиўде ҳәр тәреплеме жәрдем бериў арқалы олар ҳәм салық уйымлары арасында кеңейтилген мәлимлеме алмасыўын нәзерде тутатуғын салық мониторинги енгизилиўин белгилеп беретуғын жаңа «Салық мониторинги» бабы менен толықтырылмақта.

Сондай-ақ, нызам менен Пуқаралық кодекси ҳәм «Банкротлық ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамына жеке тәртиптеги исбилермен статусын жойытқан ҳәм бурын исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы нәтийжесинде жүзеге келген салық қарыздарлығына ийе болған, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын мәмлекетлик дизимнен өтпей әмелге асырған физикалық шахсларға банкротлықтың қолланылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Салық кодексине ҳәм «Электрон коммерция ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамына киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшаларда Интернет тармағында саўдалар менен хызметлер көрсетиў тараўында салық қадағалаўын әмелге асырыў механимзлерин енгизиў нәзерде тутылған.

«Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамына ҳәм Салық кодексине киргизилген өзгерислер арқалы салық төлеўши ўәкилликли уйымларға мүрәжат еткен сәнеден баслап 15 жумыс күни даўамында артықша төленген салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң суммаларын қайтарыў ямаса есапқа алыў тәртиби орнатылмақта. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, нызам менен Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдеги қарарына муўапық «Гиреў ҳаққында»ғы, «Суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы және «Ипотека ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер киргизилмекте.

Нызамның бир қатар қағыйдалары жас өспиримлердиң нызамлы ҳуқықларын қорғаўға қаратылған. Соның ишинде, жас өспиримлерди яки мийнетке жарамсыз балаларды, сондай-ақ, ата-аналарды тәмийинлеў ушын алиментлер төлеўден бас тартыў мүддетлери қысқартылмақта. Бул мүддет жуўмақланғаннан соң, шахс жынайый жуўапкершиликке тартылады.

Жас өспирим балалардың, сондай-ақ, мийнетке жарамсыз ҳәм жәрдемге мүтәж ата-аналардың материаллық тәмийнатына унамсыз тәсир етилиўине ҳәм қарыздардың алимент миннетлемелери бойынша төлеў жағдайының төменлениўине жол қоймаў мақсетинде Жынаят кодексинен жәрийма түриндеги санкция шығарып тасланбақта. Буннан тысқары, алименитлер төлениўин тәмийинлеў мақсетинде Жынаят кодекси шахс материаллық зыянды қаплағанда, оны жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққындағы қағыйдалар менен толықтырылмақта.

Шаңарақ кодексине қосылған нормаға муўапық жас өспирим балалардың тәмийнаты ушын алиментлер бала ержеткенге шекемги дәўир ушын, соның ишинде, көшпес ямаса көшиўши (қозғалмалы) мүлк түринде ямаса басқа да қымбатлы затты бериў жолы менен алдын ала төлениўи мүмкин.

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў басқышында олардың ҳәр тәреплеме додаланыўын тәмийинлеў, олардағы нормалардың сапасын арттырыў мақсетинде «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы, «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында»ғы, «Нызамлардың жойбарларын таярлаў ҳәм Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў тәртиби ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Оларда нызам жойбарын таярлаў ўақтында жәмийетшиликтиң пикирин үйрениўде пуқаралық жәмийети институтларының ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери ўәкиллериниң қатнасыўы нәзерде тутылады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соңынан сенаторлар «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы судының ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимшилик судлары, район (қала) ҳәкимшилик судларының шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен нызам тийкарында Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи судта ҳәкимшилик ҳәм жынайый ислерди көрип шығыў тәртибин буннан былай да жетилистириўге көмеклеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар «Өзбекистан Республикасының Ҳәрекетлениўши үскенелерге халықаралық кепилликлер ҳаққындағы Конвенцияға (Кейптаун 2001-жыл 16-ноябрь) ҳәм Ҳәрекетлениўши үскенелерге халықаралық кепилликлер ҳаққындағы Конвенцияның авиация үскенелери бойынша протоколына (Кейптаун 2001-жыл 16-ноябрь) қосылыўы ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамын көрип шықты ҳәм мақуллады.

Бул халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлер Кептаун қаласында 2001-жылы 16-ноябрьде қабыл етилген ҳәм 2006-жыл 1-мартта күшке кирген. Бүгинги күнде 73 мәмлекет усы халықаралық ҳүжжетлердиң қатнасыўшылары болып табылады.

Кептаун Конвенциясы ҳәм Авиация үскенелери бойынша протокол менен авиация объектлери – самолётларға, двигательлерге ҳәм тағы басқаларға усы ҳүжжетлердиң барлық қатнасыўшы мәмлекетлери тәрепинен тән алынатуғын халықаралық кепилликлердиң жүзеге келиў тәртиби ҳәм ақыбети белгилеп бериледи.

Сенаторлардың пикиринше, Өзбекистан Республикасының усы халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерге қосылыўы Өзбекистан Республикасы пуқаралық авиациясының ҳаўа кемелери сарайын модернизациялаўда баҳалы авиация техникасын сатып алыў ушын жумсалатуғын мәмлекетлик қәрежетлерди үнемлеў имканиятын береди, бул болса. пәрўазлардың қәўипсизлик дәрежесин арттырыўға көмеклеседи.

Сенаторлар «Хорватия Республикасының Европа Аўқамына қосылыўы мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасы, бир тәрептен, Европа жәмийетшилиги және оларға ағза мәмлекетлер, екинши тәрептен, арасында шерикликти шөлкемлестиретуғын Шериклик ҳәм Бирге ислесиў ҳаққында Келисимге Протоколды (Брюселль, 2017-жыл 17-июль)ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

1996-жыл 21-июньде Флоренцияда қол қойылған Европа Жәмийетшиликлери менен Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим (ШБИ) Өзбекистан Республикасы менен Европа Аўқамы арасындағы қатнасықларды тәртипке салатуғын тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет болып табылады. Ҳәзирги ўақытта ШБИ қағыйдалары Өзбекистан  ҳәм Европа Аўқамының 27 ағза – мәмлекети арасындағы бирге ислесиўге енгизиледи.

Протокол Хорватия Республикасының Европа Аўқамына қосылыўы мүнәсибети менен Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим ҳәм оған байланыслы басқа да ҳүжжетлердиң Хорватия Республикасы тәрепинен тастыйықланыўын нәзерде тутады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар Өзбекистан Республикасының 2017-жылғы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты ҳәм тийисли қарар қабыл етти.

Жалпы мәжилисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Усының менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты он үшинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекистан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети