Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында Олий Мажлис Сенаты Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң кеңейтилген мәжилиси болып өтти.
Илажда Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева, сенаторлар, тийисли министрликлер, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм бир қатар шөлкемлердиң жуўапкерлери, Жаслар парламенти ағзалары және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 әҳмийетли баслама тар шеңберде қалып кетпей, барлық аймақлардағы мәҳәлле ҳәм шаңарақларға кирип барыўы зәрүрлигилиги, басламалардың орынланыўына кең жәмийетшиликти тартыў керек екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен 5 әҳмийетли баслама шеңберинде әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлеме берилди.
Атап өтилиўинше, биринши баслама – жаслардың музыка, сүўретлеў өнери, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылықларын арттырыў шеңберинде елимиздеги 800 ден аслам мәденият орайларында 4 мың 522 дөгеректиң жумысы жолға қойылып, оларға 1 мың 762 музыка үскенеси жеткерип берилген. Улыўма билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилген 36 мың 503 дөгерекке дерлик 1 миллион 100 мың ул-қызлар қамтып алынған.
Екинши баслама – жасларды дене шынықтырыў ҳәм спорт тараўындағы қәбилетлерин көрсетиўи ушын зәрүр шараятлар жаратып бериў шеңберинде улыўма билим бриў мектеплеринде 7 мың 64 спорт дөгереги шөлкемлестирилген. Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен 7 мың 151 дөгеректиң жумысы жолға қойылып, бул бағдарға 24,8 миллиард қаржы қаратылған.
Үшинши баслама – халық ҳәм жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен пайдаланыўды шөлкемлестириў шеңберинде мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен 52 санлы технологиялар оқыў орайы ашылған. Улыўма билим бериў мектеплериндеги компьютер класс ханаларының саны 14 мың 940. Мәлимлеме технологиялар бағдарында шөлкемлестирилген 14 мың 972 дөгерекке 510 мың 340 оқыўшы қамтып алынды.
Төртинши баслама – халық, әсиресе, жаслардың мәдениятын жоқарылатыў, олардың арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў мәселесинде де бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Бүгинги күнде елимизде жумыс алып барып атырған 201 мәлимлеме-китапхана орайындағы жәми китаплар саны 16 миллион 319 мың 587 ни қурайды. Бул мәлимлеме-китапханалар ағзаларының саны 1 миллион 196 мың 233 тен ибарат. 2020-жылы китапханаларға 150 мың 724 китап жеткерип берилген.
Бесинши баслама – ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў шеңберинде де итибарға ылайық илажлар әмелге асырылған. Бүгинги күнде елимизде 18 жастан 30 жасқа шекемги ҳаял-қызлардың саны 3 миллион 596 мың 406 ны қурайды. Усы жылы 76 мың 198 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген, 15 мың 935 и кәсип-өнерге оқытылған. Усы мақсетлер ушын 76,2 миллиард сум жумсалған. Және 30 мың 451 ҳаял-қыздың кәсип-өнерге оқытылатуғыны белгиленген.
Президентимиздиң быйыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен енгизиў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында ғалабалық спортты раўажландырыў бойынша шаңарақлар, класслар, мийнет жәмәәтлери ҳәм аймақлар арасында спорт жарысларын турақлы түрде өткериў, ҳәр бир район (қала)да ҳәр қыйлы спорт жарысларын шөлкемлестириў, барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде басшы ҳәм хызметкерлердиң денетәрбия ҳәм спорт шынығыўлары менен шуғылланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, майыплығы болған пуқараларға да спорт пенен шуғылланыўы ушын шараят жаратыў белгилеп берилди.
Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район, қала ҳәм мәҳәллелерде денетәрбия – саламатландырыў инфраструктурасы қәлиплестириледи. Атап айтқанда, 9 мың 146 мәҳәлледе 18 мың 292 денетәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт майданшасы, 204 район (қала)да саламатлық ҳәм велосипед жоллары қурылады.
Илажда бес баслама шеңберинде келеси жылы әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Гулноза БОБОЕВА,
ӨзАның хабаршысы