20-декабрь күни Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекистан либерал – демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың усы жыл 15-16-декабрь күнлери республикамызға болған сапарында белгилеп берген баслы ўазыйпаларды партия электораты ўәкиллерине кеңнен түсиндириў ҳәм бул бағдарда партияның алда турған ўазыйпаларына бағышланған мәжилис өткерилди.

Оған партияның Қарақалпақстан Республикалық, қалалық ҳәм районлық Кеңеси хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, тийисли мәкеме шөлкем басшылары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Оны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов алып барды.

Мәжилисте Елбасшымыз қарақалпақ халқы менен ушырасқанда Қарақалпақстанда келеси еки жылда 4,5 триллион сўмлық 1 мың  300 жойбар әмелге асырырылыўы, Тахтакөпир районында енди улыўма пахта егилмейтуғыны, Қарақалпақстан азық-аўқат санааты тараўындағы жойбарлар, еки районда салы майданларында балық жетистириў технологиясы енгизилетуғыны, исбилерменлерге болса  100 млрд сўмлық кепилликли кредитлердиң ажырытылыўы бойыншы баслы ўазыйпалар белгилеп барилгенлиги атап өтилип, бул жумысларда партияға жүкленген ўазыйпалар кең түрде додаланды.

Илажда ӨзЛиДеП сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы Б.Якубов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Илаж қатнасыўшылары өзлериниң пикир-усынысларын билдирди ҳәм партияның алда турған ўәзыйпалары белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги