Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-декабрь күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Президентин Таўлы Қарабақта әскерий ҳәрекетлердиң жуўмақланғаны менен шын жүректен қутлықлап, дос мәмлекеттиң дос халқына тынышлық ҳәм раўажланыў тиледи. Тәреплер Қубла Кавказдың пүткил аймағында қәўипсизлик ҳәм турақлылық тәмийинленетуғыны үмит билдирди.

Сөйлесиўде көп қырлы Өзбекстан – Әзербайжан қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм оларды және де раўажландырыў перспективалары додаланды.

Пандемия менен байланыслы қыйын дәўирде еллеримиздиң бир-бирин қоллап-қуўатлағаны, бул болса еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм стратегиялық бирге ислесиўдиң гезектеги көриниси болғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекет басшылары өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат ҳәм аўыл хожалығы, энергетика, транспорт ҳәм логистика, туризм ҳәм басқа да тараўларда жетекши кәрханалардың кооперациясын кеңейтиўге қаратылған биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлигине айрықша тоқтап өтти. Тәреплер аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жедел даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады.

Сөйлесиў соңында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлери глобал ҳәм регионаллық структуралар шеңбериндеги тығыз бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаўға келисип алды, сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин көрип шықты.

 

ӨзА