2018-жыл Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районының «Ҳәким ата» мәкан пуқаралар жыйыны аймағының Қызылжар массивинде жайласқан жайлаўларды жақсылаў ҳәм олардың өнимдарлығын арттырыў, аймақ турғынларының шарўашылығын раўажландырыў мақсетинде  «Әжинияз жайлаўлары» өндирислик жайлаў кооперативи шөлкемлестирилди.

Бүгинги күнде жайлаўда кооператив ағзаларының 648 бас қарамалы, 2750 бас қой-ешкиси, 95 бас ат ҳәм түйеси бағылмақта. Сондай-ақ, оларды бағыў ушын жайлаў жаратыў  ҳәм турақлы от-жем менен тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Жайлаўлардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм кооператив жумысының  турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде БМШ Раўажланыў Бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги жанындағы Гидрометеорология хызмети орайы ҳәм БМШ Шеңберлик конвенциясының Бейимлесиў (Адаптациа) қоры тәрепинен әмелге асырылып атырған «Өзбекстанның қурғақшылық районларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының ықлым турақлылығын тәмийинлеў» қоспа жойбары тәрепинен трактор, прицеп, лазерли жер тегислеў, пресс-подборчик, суткасына 500 килограмм көк от-шөп ислеп шығарыўшы гидропоникалық үскене, 115 квадрат метрлик ыссыхана, 2 гектар майданда интенсив бағ жаратыў ушын нәллер ҳәм қуяш энергиясы жәрдеминде ислеўши тамшылатып суўғарыў системасы және суўғарыў ушын мөлшерленген суў насосы берилди.

Бүгинги күнде Нафиса Байниязова басшылық етип атырған өндирислик жайлаў кооперативиниң материаллық-техникалық базасы бираз жақсыланды. Қоспа жойбар тәрепинен берилген жәрдемнен утымлы пайдаланған ҳалда гидропоникалық үскене жәрдеминде көк от-шөп ислеп шығарылмақта. Олар жоңышқа, жантақ, қамыс сыяқлы отлар менен  араластырған ҳалда малларға берилмекте. Нәтийжеде 300 гектар жайлаўға яки 75 гектар суўғарылытуғын жерге болған зәрүрлик кемейди. Келеси жылы бәҳәрде 10 гектар майданға топырақты шүдигарламастан егиў технологиясында жоңышқа егиўде де жақсы өним алынды.

Жойбар шеңберинде мәмлекетимиз басшысы басламасы менен Арал теңизиниң қурыған түбинде алып барылып атырған кең көлемли қорғаныў тоғайларын жаратыў жумысларына  үлес қосыў мақсетинде кооператив 10 гектар майданда сексеўил нәлин жетистирди.  Усы нәллер теңиздиң  түбинде 2000 гектар майданда сексеўил жаратыў ушын жетеди. Буннан басқа, ыссыханада қаўын, ғарбыз, асқабақ, қыяр нәллерин жетистирип, 13 гектар ашық далаға егилди.

-Қәнигелер тәрепинен «Әжинияз жайлаўлары» өндирислик жайлаў кооперативи нәлханасында ҳәм Арал теңизиниң қурыған түбинде  топырақтағы ығаллықты өзинде сақлап, өсимлик тамырын ығаллық пенен тәмийинлеў ушын «UPL Limited» халықаралық компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған «ЗЕБА» препаратын сынаўдан өткериў жумыслары да алып барылды,  – дейди қоспа жойбар қәнигеси Азат Тилеўмуратов. – Соның ишинде, сексеўил нәлханасында гектарына 10, 15, 20 килограмм «ЗЕБА» препараты ислетилди. Нәтийжеде гектарына  10 килограмм усы препарат ислетилип, унамлы нәтийже берди. Бунда  1 квадрат майданда  56 нәлше өнип шықты ҳәм бойы 56 сантиметрди қурады.

Арал теңизиниң қурыған түбинде ҳәр бир нәлше тамырына 15, 20, 30, 35 грамм  «ЗЕБА» препаратын берилип, сынаў тәжирийбеси өткерилди. Нәтийжеде ҳәр бир нәлше  тамырына 35 грамм  препарат бериў ушын ең нәтийжели усыл екени мәлим болды. Бунда нәлшелердиң өниўшеңлиги 80-90 проценттин қурайды.

Соны да атап өтиў керек, бас резиденция Мумбайда жайласқан «UPL Limited» егинлерди қорғаў өнимлерди ислеп шығарыўшы дүньядағы ең ири халықаралық компания есапланады. Усы компания  10 жылдан аслам ўақыт даўамында мәмлекетимизде өзиниң жоқары сапалы өнимлери, алдынғы  технологиялары, идея ҳәм тәжирийбелерин аўыл хожалығына енгизип, нәтийжели жумыс алып бармақта.

 

Маҳлиё РУСТАМОВА,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 4-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги