Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-декабрь күни илим ҳәм инновацияны раўажландырыў бағдарында жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий шөлкемлер, тармақлар ҳәм аймақлар алдындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаў видеоселектор бойынша мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимизде илимниң раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги төрт жылда 28 илимий шөлкем ҳәм 4 инновациялық технопарк шөлкемлестирилди. Мәмлекетимиз басшысы академик ҳәм илимпазлар менен бир неше мәрте ушырасып, олар көтерген барлық мәселелерди шешип берди. Илимпазлардың мийнет ҳақысы 3 есеге арттырылды. Илимий шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын жаңалаў ушын үлкен қаржылар қаратылды.

Бир сөз бенен айтқанда, тараў ушын ҳәм материаллық, ҳәм шөлкемлестириў жағынан барлық шараят жаратылып атыр. Бирақ, мәжилисте атап өтилгениндей, 100 ден аслам илимий шөлкем жумысында, олар тәрепинен алып барылып атырған изертлеўлерде еле сезилерли дәрежеде өзгерис болған жоқ. Мәселен, 24 мәкеме өткен жылы халықаралық тән алынған журналларда бир де илимий мақала басып шығармаған. Инновациялық раўажланыў министрлиги илимнен өндириске шекемги процесслерди өз-ара байланыстыратуғын бир тутас система ҳәм орталық жарата алмаған.

Мысал ушын, инновациялық қолланбалар ушын бюджеттен 100 миллиард сум ажырытылып атырған болса да, таңлаў нәтийжеси бойынша тек ғана 29 миллиард сумлық 51 жойбар қәлиплестирилди. Илимлер академиясы системасындағы 33 илимий институт тәрепинен өткен жылы тек ғана 59 патент алынған.

Жоқары оқыў мәкемелеринде илимий изертлеў дәрежеси жүдә төмен. Илим ҳәм инновация мәселелери бойынша жуўапкер проректорлардың улыўма ислемей атырғаны атап өтилди.

– Жоқары билимлендириў орны, илимий шөлкемлер, тармақ ҳәм аймақлар арасындағы қарым-қатнас қандай? Бүгин күн тәртибинде мине усы сораў тур. Тилекке қарсы, қарым-қатнас талап дәрежесинде емес, – деди Шавкат Мирзиёев.

Видеоселектор мәжилисинде илим менен өндирис арасында бирге ислесиўди тәмийинлеў, илимий институтларға буйыртпаларды қәлиплестириў бойынша әҳмийетли бағдарлар көрсетип өтилди.

Атап айтқанда. аўыл хожалығында зүрәәтлиликти арттырыў, аймақларды қәнигелестириў, жоқары қунлы өнимлерди көбейтиўге хызмет ететуғын қолланбалардың зәрүр екенлиги атап өтилди.  Себеби аймақлардың ықлымына сай егин түрлерин жаратыў, сапалы туқымлық таярлаў жумыслары улыўма қанаатландырарсыз жағдайда. Кейинги еки жылда 108 миллион долларлың нәл ҳәм туқымлар импорт етилген. Быйыл бир ғана картошка туқымының импорты өткен жылға салыстырғанда 2 есеге артқан.

Аймақларда жеке меншик туқымгершилик кәрханаларын шөлкемлестириў, сырт елден базарға қолайлы түрлерин алып келиў, жергиликли шараятларға бейимлестирилген ҳалда, туқым брендлерин жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Аўыл хожалығы министрлиги және инновациялық раўажланыў министрлигине егинлердиң жаңа әўлад гибрид туқымершилик жетистириў ҳәм туқым таныў лабораторияларын шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды.

Суў хожалығы тараўындағы машқалаларды да илимий шешимлер арқалы шешиў мүмкин. Атап айтқанда, суўғарыўда суўды үнемлеўши технологияларды қолланыў кеңейип бармақта. Бирақ бунда төгинлерди дурыс еритиў, суўғарыў ўақтын анықлаў, мүддетинде техникалық хызмет көрсетиў бойынша система шөлкемлестирилмеген. Жаўынлатып суўғарыў бойынша илимий-изертлеўлерди әмелиятқа енгизиў де ақсамақта.

Соның ушын Наманган, Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында суўды үнемлейтуғын технологияларға хызмет көрсететуғын қоспа кәрханалар шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.

Сырт ел финанс шөлкемлердиң қаржылары есабынан әмелге асырылып атырған ирригация объектлерин жойбарластырыў жумысларына шет ел қәнигелери менен бирге жергиликли илимпазларды да тартыў әҳмийетли екени атап өтилди. Мысал ушын, Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыў бойынша 215 миллион долларлық жойбардың 8 миллионы илимий-изертлеўлерге бағдарланған.

Хорезмде шөлкемлестирилген Суў машқалалары илимий-изертлеў орайы арқалы ўәлаяттағы ирригация имаратларын қайта жойбарластырыў, суў ресурсларын дурыс режелестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илим нәтийжелери химия санааты ҳәм нефть-газ тармақлары ушын да жүдә зәрүр. Елимиз көп муғдарда химиялық реагентлер, полимерлер ҳәм басқа да өнимлерди импорт етип атырғаны бул бағдардағы жағдайды анық көрсетеди.

Сол мүнәсибет пенен сырт ел тәжирийбеси тийкарында нефть ҳәм тәбийғый газды терең қайта ислеп, жоқары қосымша қунлы өнимлерди таярлайтуғын орай шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Химия санааты зәрүр реагентлер ушын илимий интститутларға буйыртпалар бериў ҳәм оларды ислеп шығарыўға грант ажыратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Және бир мәселе – бүгинги күнде Наўайы ҳәм Алмалық кән-металлургия комбинатларында 3 миллиард тоннаға шамалас техноген шығындылар жыйналып қалған. Жылына олардың 20 миллион тоннасы қайта исленсе, 2 тонна алтын, 8 тонна гүмис, 10 мың тонна мыс және вольфрам, молибден сыяқлы аз ушырасатуғын металлар алыў мүмкин. жуўапкерлерге усы бағдарда анық көрсетпелер берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев энергетика тармағынадағы машқалаларға айрықша итибар қаратты.

Бул тараўда 3 жоқары билимлендириў мәкемеси, 2 илимий шөлкем, онлап илимпазлар болса да, машқалаларды шешиўде орны сезилмей атыр. Ири кәрханаларда жанар май-энергетика ресурсларының тутыныўын таллайтуғын илимий изертлеўлер жоқ.

Мысал ушын, бир жылда 100 миллион киловатт саат электр жумсайтуғын Ташкент труба заводы үйренилгенде, процесслерди оптималластырыў есабынан 20 миллион киловатт саат энергияны үнемлеў мүмкин екенлиги анықланған. Буның есабынан қаншадан-қанша хожалықларға жақтылық жеткериў мүмкин.

Сол мақсетте ыссылық электр санциялары «Наўайыазот», «Ферғанаазот», «Қызылқумцемент», «Бекободцемент», «Қувасайцемент» сыяқлы ири кәрханаларда илимий шөлкемлер менен биргеликте электр энергиясының жумсалыўын оптималластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, ҳәр жылы газ транспорт системасы ҳәм ири санаат кәрханаларынан шығып атырған екилемши газлер 730 мегаватт электр энергия потенциалына ийе болып, бул имканияттан улыўма пайдаланылмай келинбекте. Солай екен, илимий шөлкемлер менен биргеликте Мүбәрек, Шортан ҳәм Газли кәнлеринде жолдас газлерден электр энергиясын алыў бойынша жойбарлар ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Фармацевтика санааты импорт субстанцияларына байланып қалған. Негизинде, елимизде оларды ислеп шығарыў ушын илимий потенциал бар. Мысал ушын, Өсимлик элементлери химиясы институты өткен еки жылда Россия, АҚШ ҳәм Францияға 4 миллион долларлық субстанция экспорт еткен. Усы института дәрилик өсимликлердиң қурамын үйрениў ҳәм стандартластырыў бойынша арнаўлы лаборатория және клиникаға шекемги изертлеўлер орайын шөлкемлестириў, илимпазларға грантлар ажыратыў илажлары белгиленди.

– Бир нәресени билиўимиз керек: илимсиз, инновациясыз алдымызға қойған мақсетлерге ҳеш қашан ерисе алмаймыз. Есабат ушын емес, нәтийже ушын ислеў керек, – деп атап өтти Президент.

Сырт ел клиникалары менен биргеликте Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайында баўыр, бүйрек, жилик трансплантациясын, Республикалық кардиология орайында жүрек пенен байланыслы инновациялық әмелиятларды жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илимди өндирис пенен байланыстырыў ушын технопарклер имканиятынан кеңнен пайдаланыў зәрүр екенлиги айтып өтилип, бул бағдарда жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў институтлары ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигине тийисли көрсетпелер берилди.

Мәжилисте илим ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери, тармақ ҳәм аймақ басшылары келеси жылы қайсы бағдарларда илимий жойбарларды әмелге асыратуғыны ҳәм қандай нәтийжелерге ерисетуғыны бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА