Арқа-Батыс әскерий округиниң «Нөкис» дала-оқыў майданында әскерий округ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторының басшылары тәрепинен кең көлемдеги қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде жәҳән талапларына толық жуўап беретуғын заманагөй дала-оқыў майданы бой тикледи.
Елимиздиң шөл шараятында жаўынгерлик ўазыйпаларды атқарыўға бейимлескен дала-оқыў майданы инфраструктурасынан орын алған 13 әскерий ҳәм социаллық объектте толық капитал оңлаў және 5 жаңа объект-жаўынгерлик техникалар парки, спорт ҳәм жақыннан урыс, радиациялық, химиялық, биологиялық қураллардан қорғаныў қалашасы, командалық руўхый турақлылықты қәлиплестириў имаратларында қурылыс және оңлаў жумыслары алып барылды.
Барлық күш ҳәм қуралларды басқарыў, биргеликтеги ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде еки қабатлы сәркардалық бақлаў минарасының қурылысы ең заманагөй талаплардан келип шыққан ҳалда қурылды. Бул келешекте елимизде өткерилетуғын халықаралық әскерий жарыслар ушын өзине тән таярлық болып табылады.
Дала майданында күш структуралары ушын арнаўлы объектлер қурылған болып, биргеликте комплексли тактикалық оқыўлар ҳәм жаўынгерлик таярлық илажларын реал шараятлар кесиминде турақлы өткериў жолға қойылады.
«Нөкис» дала-оқыў майданының салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасының Қорғаныў министри, генерал-майор Б.Қурбанов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Арқа-Батыс әскерий округиниң, Қорғаныў министрлигиниң басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, тараў ветеранлары менен келешегимиз ийелери болған жаслар қатнасты.
Атап өтилгениндей, дала-оқыў майданы-бул жерде жаратылған инфраструктуралар әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик, руўхый ҳәм физикалық таярлықларын буннан былай да арттырып барыўында айрықша әҳмийетке ийе болып, елимизди қорғаўға бел байлаған ер жигитлер ушын кәсиплик шеберлик ҳәм тәжирийбе арттырыў майданына айланыўына гүман жоқ.
Илажда «Нөкис» дала-оқыў майданы қурылысында жанкүйерлик көрсеткен бир топар әскерий хызметкерлер ҳәм бөлип алып ислеўши қурылыс шөлкемлериниң ўәкиллерине Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшылары тәрепинен баҳалы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, Қорғаныў министри тәрепинен әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, оларға қәнигели медициналық хызмет көрсетиў және Нөкис әскерий госпиталының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде заманагөй, соңғы маркадағы медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген реанимобиль арнаўлы техникасы салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Илаж қатнасыўшылары ҳәм мийманлар жаңадан қурылған дала-оқыў майданында жаратылған шараятлар, заманагөй оқыў имаратлары, медициналық пункт, жатақханалар, асхана, спорт қалашасы ҳәм жаўынгерлик техникалар парки менен танысты. Оқыў имаратында әскерий хызметкерлер тактикалық, атыў, байланыс таярлықлары, ғалабалық қырғын қуралларынан қорғаныў, әскерий топография пәнлериниң теориялық тийкарларын пухта өзлестириўи ушын барлық түрдеги заманагөй оқыў көргизбелери менен тәмийинленген.
Жаўынгерлик техникалар паркинде әскерий техникалар ушын имаратлардың қурылысы да табыслы әмелге асырылған. Заманагөй тренажёрлар ҳәм әнжамлар менен үскенеленген спорт қалашасында 350 әскерий хызметкер мини футбол, волейбол, бокс, бадминтон, тас көтериў және физикалық шынығыўлар менен шуғылланыў имканиятына ийе.
Қатнасыўшылар Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери ҳәм биргеликтеги күш структуралары, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар басқармасы, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегера әскерлери менен биргеликте жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген комплексли тактикалық-арнаўлы оқыўдың гүўасы болды.
Заманагөй дала-оқыў майданының шөлкемлестирилгенлиги Ўатан қорғаўшыларының жаңаша усылларда шынығыўлар алып барыўлары ушын кең имканият жаратады.
Илаж қатнасыўшыларына Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы