Қарақалпақстан Республикасында 2021-жылдың өними ушын 56700 гектар майданға гүзги шүдигарлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген. Шүдигарлаўға 401 трактор тартылып,  жумыслар баслап жиберилди.

Бүгинги күнде жәми 47673 гектар майданда гүзги шүдигарлаў жумыслары әмелге асырылды.

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 24-октябрьдеги «2021-жылдың өними ушын гүзги шүдигарлаў жумысларын зәрүр тәризде шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша комлексли илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Өзагроинспекция»ның арнаўлы буйрығы қабыл етилди,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикалық басқармасының Техника жағдайы ҳәм агротехникалық илажларды қадағалаў бөлиминиң аға инспекторы Д.Бабажанов. – Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы шүдигарлаў жумысларының өткерилиўи, белгиленген жумыслардың сапалы түрде әмелге асырылыўы бойынша қадағалаў илажлары әмелге асырылмақта.

Анықланған кемшиликлердиң өз орнында сапластырылыўы тәмийинленбекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги