Тақыятас районында «Азизбек Агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жойбарлық баҳасы 10,5 млрд сум болған ыссыхана өз жумысын баслады. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында мәнзилли дизимге киргизилген бул ыссыхананың улыўма майданы 3 гектар болып, ҳәзирги ўақытта ыссыханада 40 адам жумыс пенен тәмийинленген. Бул жерде тийкарынан жоқары сортлы помидор жетистириледи.

 

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Тақыятас районында 30 гектар майданда заманагөй түрдеги ыссыханалар жумыс алып бармақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.