Мойнақ районында усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январь күнги 37-санлы қарары тийкарында жәми 128 млрд. сумлық 69 инвестициялық проект иске түсирилди (соннан санаат тараўында – 28 проект, хызмет көрсетиў тараўында – 33 проект ҳәм аўыл-хожалығы тараўында – 8 проект). Бул ҳаққында «New Muynak City» каналы хабар берди.
Усы проектлердиң иске түсирилиўи нәтийжесинде жәми 413 жумыс орны шөлкемлестирилди.
Атап айтқанда, аўыл хожалығы тараўында “ALLAYAR NAGIMOV JANDULLAEVICH” ЖШЖ тәрепинен шарўашылықты раўажландырыў, яғный 100 бас қарамал сатып алыў ҳәм малханга қурыў ушын АКБ «Қишлоққурилишбанк» Қоңырат филиалы тәрепинен 2,2 млрд. сум жеңилликли кредит ажыратылды. Проекттиң иске түсиўи нәтийжесинде 5 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилди.
Туризм тараўын раўажландырыў, жергиликли халық ҳәм район мийманлары ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде «ABESKUN-TUR» ЖШЖ тәрепинен 60 орынлы мийманхана, дәрихана, саўда дүканы ҳәм аўқатланыў орайы комплекси шөлкемлестирилди. Нәтийжеде 10 жаңа жумыс орны жаратылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.