Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 19-декабрь күни мектепке шекемги билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды талқылаўға ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыўға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мектепке шекемги тәрбия билимлендириў системасының бирлемши ҳәм ең әҳмийетли буўыны болып есапланады. Саламат генофондты, жетик кадрларды тәрбиялаў, бәринен бурын, усы системадан басланады.
Бирақ усы ўақытқа шекем бул система раўажланыўдан артта қалған еди. Соңғы 20 жыл даўамында мәмлекетке қараслы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң саны 45 процентке азайған. Ақыбетинде мектепке шекемги жастағы балалардың 33 проценти ғана бақшаларға қамтып алынған. Бул көрсеткиш Данияда 99 процентти, Японияда 97 процентти, Қубла Кореяда 95 процентти қурайды.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балаларды социаллық, индивидуаллық, сезиў, сөйлеў, математикалық, физио-психологиялық, физикалық ҳәм дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў бойынша билимлендириў бағдарламалары енгизилмеген.
Улыўма, бақшалар «ата-аналар жумыста болған ўақытта балаға қарап туратуғын мәкеме»ге айланып қалған.
Президентимиз елимиздиң келешеги ҳәм раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын бул тараўға айрықша итибар қаратпақта. Елимиз аймақларына сапары ўақтында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин кирип көрмекте. Шавкат Мирзиёевтың басшылығында бул тараўды раўажландырыў бойынша бир неше мәжилислер өткерилгени де әне усы итибардан дәрек береди.
Мәмлекетимиз басшысының быйыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасы басқармасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында тараў алдындағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм тийкарғы бағдарлар белгилеп берилди. Сол күни қабыл етилген Президент қарарына тийкарланып бул тараўда өз алдына министрлик – Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги шөлкемлестирилди.
Жаңа министрликке мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес тармағын кеңейтиў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды маман педагог кадрлар менен тәмийинлеў, мәкемелерге балаларды қамтып алыўды кескин көбейтиў, тәлим-тәрбия процесслерине заманагөй билимлендириў бағдарламалары менен технологияларын енгизиў арқалы балаларды мектепке таярлаўдың сапасын түп-тийкарынан жақсылаў ўазыйпалары жүкленди.
Бүгинги күнде бул бойынша мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилип, кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Министрликтиң аймақлық басқармалары ҳәм районлық (қалалық) бөлимлери шөлкемлестирилип, орынлардағы жағдайды жақсылаў, жаңа бақшалар қурыў, соның ишинде, мәмлекетлик емес бақшалардың тармағын кеңейтиўге үлкен әҳмийет қаратылмақта.
Мәжилисте системада әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.
Президентимиз мектепке шекемги билимлендириў системасындағы жағдайды аймақлар кесиминде талқылап, өз шешимин күтип турған машқалалар менен кемшиликлерге тоқтап өтти. Атап айтқанда, орынлардағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде кадрлар тәмийинаты ҳәм потенциалы жеткиликли емеслиги, тараўда 57 мыңнан аслам қәниге мийнет етип атырған болса да, олардың 85 процентин орта мағлыўматлы кадрлар қурап атырғаны перзентлеримизди мектеп билимлендириўине талап дәрежесинде таярлаў имканиятын бермей атырғаны атап өтилди.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалар көркем әдебиятлары жыллар даўамында жеткерип берилмегени, ата-аналарда бақшаға болған исеним жоғалғаны, мектепке шекемги билимлендириў системасында жыллар даўамында көплеген машқалалар жыйналып қалғаны сынға алынды.
Сондай-ақ, көп ғана жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысы ушын зәрүр шараят жаратылмағаны, бақшаның имаратлары бос турғаны, олардан нәтийжели пайдаланыў жолға қойылмағанына айрықша итибар қаратылып, жуўапкер басшылардың бул бойынша есаплары тыңланды.
Мәжилисте атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде 2018-жылдың биринши ярымында әмелге асырылыўы лазым болған бир қатар стратегиялық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Бириншиден, 2017-2021-жылларға мөлшерленген Бағдарлама тийкарында бақшалар қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары жедел даўам еттирилетуғыны атап өтилди.
2018-жыл мәмлекетлик бюджеттен 427 бақшада қурылыс-оңлаў жумысларын орынлаў ушын 771 миллиард сум қаржы ажыратыў (соның ишинде, 14 ин жаңадан қурыў, 256 сын реконструкциялаў ҳәм 157 син ири оңлаў) бойынша тапсырма берилди.
Бул процессте заманагөй көриниске ийе болған 50, 100 ҳәм 150 орынлы бақша имаратларының жойбарлары қысқа мүддетте қайта ислеп шығылыўы ҳәм бунда аймақлар шараятының есапқа алыныўы, имаратлар қыста ыссы, жазда салқын болыўы, балалардың жуўыныўы, аўқатланыўы, шынығыў өткериўи, ойнаўы, уйқылаўы ушын барлық шараятлар жаратылыўы, асхана бөлек жайласыўы, ең тийкарғысы, жаңа имараталар қурылысында балаларға тәлим-тәрбия бериў процесин шөлкемлестириў бойынша қойылып атырған талаплар қатаң есапқа алыныўы зәрүрлиги атап өтилди.
Екиншиден, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаңа түрдеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин жедел шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди. Бул мәселеде ең әҳмийетли машқала – инвестиция екенин есапқа алып, шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерине ҳәр тәреплеме көмеклесиў, зәрүр кредит қаржыларын ажыратыў ушын ҳәр бир ўәлаятқа коммерциялық банклер бириктирилди.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Минстрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў дәрежесин кескин көбейтиў бойынша аймақлық бағдарламалар ислеп шығыў, бунда ҳәр бир район ҳәм қалада 10-15 жаңа, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизми тийкарында мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.
Жеке меншик бақшаларға үлкен жеңилликлер берилгени, соның ишинде, 2018-жыл 1-январьдан баслап, 5 жыл даўамында бақшалар тәрепинен тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы ушын жумсалатуғын қаржының ярымы мәмлекетлик бюджет есабынан қапланатуғыны атап өтилди. Бул оларға төленетуғын төлемлердиң көбейип кетпеўин тәмийинлейди.
Үшиншиден, басқаларда балаларды саламат аўқатландырыў ҳәм оларға берилип атырған азық-аўқат өнимлериниң сапасын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди. Соннан келип шығып, буның ушын ажыратылып атырған қаржы муғдарын көбейтиў илажын көриў жүкленди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлерине 2018-жылдан баслап ҳәр бир мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине 10-15 фермерди сапалы азық-аўқат өнимлерин арзан баҳаларда жеткерип бериў ушын бириктириў тапсырылды.
Балалар бақшаларына таяр сапалы аўқат жеткерип беретуғын мәмлекетлик кәрхана шөлкемлестириў ҳәм «Кетринг» хызметин жолға қойыў механизмин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Төртиншиден, бақшаларда тәлим-тәрбия ҳәм медициналық хызметтиң сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, 2018-жыл мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин Қубла Корея тәжирийбеси тийкарында методикалық ҳәм дидактикалық ойынлар, ойыншықлар, мебель ҳәм басқа да техникалық қураллар менен тәмийинлеў нормалары ислеп шығылады.
Мектепке шекемги билимлендириўге қойылатуғын мәмлекетлик талаплар, тәлим-тәрбия бағдарламаларын алдынғы шет ел тәжирийбелери тийкарында жетилистириў, оларда балаларға оқыўды ҳәм жазыўды түрли ойынлар арқалы үйретиўди нәзерде тутыў лазымлығы атап өтилди.
Жоқары маманлықтағы тәрбияшы ҳәм тренер кадрларды таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги системасында Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң басшылары менен қәнигелерин қайта таярлаў және олардың маманлығын арттырыў институтының жумысы жетилистирилетуғыны атап өтилди.
Бул инстиуттта заманагөй қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў курсларын жолға қойыў арқалы системадағы басшы ҳәм педагог кадрлардың потенциалын үзликсиз арттырып барыў, сондай-ақ, алдынғы педагогикалық усыллар ҳәм методлар ислеп шығыў, оқыў ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлардың жаңа әўладын жаратыў ҳәм басып шығарыўды шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў ушын кадрлар таярлайтуғын институтлардың қабыллаў квоталарын реал мүтәжликтен келип шығып белгилеў және мектепке шекемги билимлендириў педагогларына қойылатуғын талапларды қайта көрип шығыў тапсырылды.
Бесиншиден, мектепке шекемги билимлендириў тараўын жетилистириў бойынша шет ел инвестицияларын кеңнен тартыў ўазыйпасы қойылды. Соның ишинде, Жәҳән банкиниң Билимлендириўде глобаллық бирге ислесиў шөлкеми менен биргеликте «Балаларды дәслепки жастан раўажландырыўды жетилистириў» жойбары шеңберинде 2019-2022-жылларда 10 миллион доллар муғдарындағы грант ҳәм 50 миллион доллар муғдарындағы жеңилликли кредитти мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратыў бойынша жойбардың концепциясын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
Алтыншыдан, мектепке шекемги билимлендириў тараўына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер базасын түп-тийкарынн жетилистириў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Усы мақсетте Министрлер Кабинети ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў министрлигине алдынғы шет ел тәжирийбеси тийкарында «Мектепке шекемги билимлендириў ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.
Жетиншиден, Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетине тийисли министрликлер және ведомстволар менен биргеликте бақшаларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларын жойбарлаўды түп-тийкарынан қайта көрип шығыў жүкленди.
Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы – ертеңги күнимизди шешетуғын мәселе. Мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў тек ғана жаңадан шөлкемлестирилген министрликтиң ўазыйпасы емес. Бул Президент, Бас министр ҳәм оның орынбасарларынан баслап, район ҳәкими, ең төменги уйым басшысына шекем – бәршемиздиң ең әҳмийетли ўазыйпамыз болыўы керек, деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА