2020-жыл 11-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти. Оны парламент жоқары палатасының Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тоғызыншы жалпы мәжилисин 2020-жыл 20-ноябрь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелердиң көрип шығылыўы режелестирилген.

«Геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў ҳаққында»ғы, «Мүлк ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң кепилликлери және де күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша илажлар қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен геолог» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасының нызамлары усылардың қатарына киреди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жылдың тоғыз айы даўамында Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы барысы ҳаққындағы есабаты, қалаберди, «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының министрликлер, уйымлар және жергиликли ҳәкимият уйымлары тәрепинен орынланыўы туўралы мәселелердиң көрип шығылыўы нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, елимиздиң арнаўлы экономикалық зоналарының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша қабыл етилип атырған илажлар, некеден өтиўши жасларды медициналық тексериўден өткериў нәтийжелилигин арттырыў, елимизде тасқынлар, сел ағыслары, көшки қәўпи бар таў ҳәм таў алды аймақларында жайласқан елатлы пунктлер ҳәм экономикалық объектлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораўлар жибериў ҳаққындағы мәселелердиң додаланыўы режелестирилген.

Сондай-ақ, Россия Федерациясында мийнет етиўди ўақытша әмелге асырып атырған Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында, бағшылық-жүзимгершилик ширкетлери жумысының әмелдеги жағдайы ҳәм олардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў мәселелери бойынша, елимизде халық, әсиресе, жасларды денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыўда пайда болып атырған машқалалар ҳаққында, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар бойынша, шығындылар менен байланыслы мәселелерде жүзеге келген машқалалар ҳәм олардың халықтың саламатлығына тәсири бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўлардың нәтийжелери де додаланыўы нәзерде тутылған.

 

ӨзА