Өзбекистан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Өзбекистан Республикасына рәсмий сапар етиўим даўамында маған ҳәм Қырғызстан делегациясына көрсетилген ҳүрмет ҳәм миймандослық ушын терең миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.

Мениң сапар етиўим быйылғы жылы еллеримиз арасында және де беккемленген жоқары дәрежедеги исенимли сөйлесиўдиң логикалық даўамы болды.

Өз-ара түсинисиў ҳәм исеним орталығында өткен сөйлесиўлерден оғада миннетдарман.

Қырғызстан менен Өзбекистанның халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық байланысларына, жақсы қоңсышылық ҳәм туўысқанлық қатнасықларына тийкарланған стратегиялық шериклигин буннан былай да беккемлеў бойынша ерисилген келисимлерден жүдә қуўанышлыман.

Жолаўшы транспорты қатнаўын қайта тиклеў, транзит тасыўларды тәмийинлеў ҳәм транспорт жолларын ашыў, сондай-ақ, экспорт-импорт байланысларын жетилистириўге қаратылған биргеликтеги режелердиң турмысқа енгизилиўи әпиўайы пуқаралардың турмыс абаданлығын арттырыў ҳәм өз-ара саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жарататуғынына исенимим кәмил.

Қырғызстан-Өзбекистан мәмлекетлик шегараларының қалған бөлегин делимитациялаў жумыслары өз-ара ҳүрмет ҳәм мәплерди есапқа алыў принциплери тийкарында жедел пәт пенен даўам етеди, деп ойлайман.

Сизиң дипломатияда жаңа дәстүрлерге тийкар салып атырғаныңыз, мәмлекетлераралық әҳмийетке ийе мәселелерди шешиўде стандарт емес ҳәм нәтийжели көз-қарасларды көрсетип атырғаныңыз мақтаўға ылайық. Сиз тек ғана Қырғызстан ҳәм Өзбекистанның емес, ал пүткил регион еллери арасындағы бирге ислесиўге унамлы пәт бағышладыңыз.

Қырғызстан Сизиң Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының турақлы ушырасыўларын шөлкемлестириў ҳаққындағы басламаңызды толық қоллап-қуўатлайды. Биз бул басламаны әмелге асырыў жолында барлық ис-ҳәрекетлеримизди жумсаймыз.

Қәдирли Шавкат Миромонович!

Арамызда дослық ҳәм тилеклеслик қатнасықлары қәлиплескенинен оғада миннетдарман.

Сизиң сапар етиў даўамында бир неше рет айтылған «дәртиңизди өз дәртимиз, жеңисиңизди өз жеңисимиз сыпатында қабыл етемиз», деген сөзлериңиз қырғыз халқына жақсы көз-қарасыңыздың көриниси, кеўлимнен терең орын ийеледи.

Сизге беккем денсаўлық, ығбал-бахыт, мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысыңызда үлкен табыслар, Өзбекистан халқына тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Сооранбай ЖЭЭНБЕКОВ

Қырғызстан Республикасы Президенти