Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-16-декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында болды.

Мәмлекетимиз басшысы 16-декабрь күни Нөкис қаласында қурылған Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатқа барды.

«Бул жер еле зор болады», «Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Қарақалпақты көп мақтама көзимше», «Бир адамды бир адам»… Ибрайым Юсуповтың қәлемине тийисли бул қатарлар халқымыздың кеўлинен терең орын ийелеген, дүньяның онлаған тиллерине аўдарылған.

Ғәрезсизлик жылларында шайырдың дөретиўшилиги мүнәсип баҳаланды. Оның поэзиялық ҳәм публицистикалық шығармалары көп мың нусқада басып шығарылды. И.Юсупов «Ел-журт ҳүрмети», «Дослық» орденлери менен сыйлықланды. 2004-жылы оған Өзбекистан Қаҳарманы атағы берилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жыл 21-январь күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан ҳәм Өзбекистан халық шайыры Ибрайым Юсупов атындағы мектепти қурыў, мектептиң алдында шайырдың естелигин орнатыў, баспахана шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берген еди.

Соған муўапық, Нөкисте үш қабатлы заманагөй мектеп қурылды. Ибрайым Юсуповтың естелиги орнатылған орын дөретиўшилер, жаслар ушын және бир қыябанға айланды. Мектептиң жанында китап аўдаратуғын ҳәм басып шығаратуғын орай шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы мектепте оқытыўшы ҳәм оқыўшылар, қарақалпақстанлы жазыўшылар менен ушырасты. Мектеп оқыўшылары Ибрайым Юсуповтың қосықларынан оқып берди.

Шавкат Мирзиёев бул жерди руўхыйлық орнына айландырыў, атақлы шайыр ҳәм жазыўшыларымыздың дөретиўшилигин халқымызға ҳәм пүткил дүньяға кеңнен үгит-нәсиятлаў зәрүрлигин атап өтти. Бул ушын елимизде шөлкемлестирилген Ибрат, Хамид Олимжон ҳәм Зульфия, Эркин Воҳидов, Абдулла Орипов, Муҳаммад Юсуф атындағы мектеплер менен беккем байланыс орнатыў, олардың арасында дөретиўшилик таңлаўлар өткериў керек. Жәмийетте китапты сүйиў орталығын қәлиплестириў, әсиресе, жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылығы ҳәр тәреплеме хошаметлениўи тийис.

Президентимиз мектеп-интернатта жаратылған шараятларды көзден өткерди. Мектеп жәмәәтине автобус саўға етиў бойынша көрсетпе берди.

Нөкис қаласында  жумыс баслаған «Samsung» заводына кире берген жердеги тасқа сондай сөзлер жазылған: «Бул турмыслық техника қуралларын ислеп шығарыў заводы Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2017-жыл 21-январьдағы Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамындағы басламасы тийкарында қурылды. 2017-жыл 14-октябрьде завод дәслепки өнимин ислеп шығарды».

Бурынғы «Нөкис Реммаш» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы имарат ҳәм объектлерди реконструкциялаў ҳәм қосымша имаратлар қурыў есабынан қурылған заводта телевизордың төрт ҳәм шаң жутқыштың он үш түри ислеп шығарылмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы заводты барып көрди. Өндирис процесин көзден өткерди, өнимлердиң сапасы ҳәм көлеми менен қызықсынды.

Бүгин «Samsung» бренди астында ислеп шығарылып атырған турмыслық техника қураллары кирип бармаған шаңарақ болмаса керек. 200 ден аслам адамның бәнтлиги тәмийинленген жаңа кәрхана ең соңғы маркадағы үскенелер менен тәмийинленген.

Бүгин елимизде турмыслық техника қуралларын ислеп шығарыў көлеми артты. Халықтың бул бағдардағы талабы қанаатландырылмақта. Енди бул салада экспорт көлемин арттыратуғын ўақыт келди, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасында бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылды. Бир ғана «Өзэлтехсанаат» АК тәрепинен улыўма нырқы 27,5 миллиард сумлық 12 жойбар турмысқа енгизилди.

Президентимизге «Өзэлтехсанаат» АК тәрепинен келешекте Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылыўы режелестирилген жаңа жойбарлар усынылды. Жойбарлар ярым автомат кир жуўыў машиналары, электр шкафлар ҳәм суў ысытыў қурылмалары, ысытыў үскенелери ҳәм радиаторлар, энергияны үнемлейтуғын лампалар ислеп шығарыў, турмыслық техника қуралларын сатыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў сыяқлы бағдарларды қамтып алған.

Елимиздиң басқа қалалары қатарында Нөкис қаласының келбети де жылдан-жылға гөззаланып, заманагөй турақ жайлар, дем алыў бағлары, спорт компекслери қурылмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Нукусда бунёд этилган ихтисослаштирилган олий спорт маҳорати мактаби фаолияти билан танишди

Мәмлекетимиз басшысы Нөкисте жаңадан қурылған Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген жоқары спорт шебери мектебиниң жумысы менен танысты.

Спорттың еркин ҳәм грек-рим гүреси, аўыр атлетика, дзюдо, таэквондо, бокс, қылышласыў, көркем гимнастика сыяқлы 11 түри менен шуғылланыў имканияты жаратылған жаңа спорт комплексин қурыў ушын 15 миллиард сумға шамалас қурылыс-монтажлаў жумыслары әмелге асырылған. Заманагөй спорт үскенелери менен тәмийинленген 7 спорт залы, жатақхана, асхана, шынығыўлар ушын жасалма қапламалы майданшаларда 700 ден аслам жигит-қыз спорт пенен турақлы шуғылланыўы мүмкин.

Бул спорт комплекси жоқарыда атап өтилген спорт түрлери бойынша Қарақалпақстан сайланды командаларының оқыў-жыйын шынығыўын өткеретуғын базаға айландырылатуғынын атап өтиў зәрүр. Комплекс оқыў-жыйын шынығыўлары ушын жаратылған имканиятлары бойынша елимизде бирден-бир болып есапланады.

Президентимиз жас спортшылар менен пикирлести.

Бәринен бурын, усындай заманагөй спорт имараты менен сизлерди қутлықлайман, деди Шавкат Мирзиёев. Бул жерде спорт пенен шуғылланыў ушын барлық шараят жаратылған.

Енди усы имканиятлардан нәтийжели пайдаланып жоқары нәтийжелерге ерисиў керек.

Мәмлекетимиз басшысы комплексте Қарақалпақстан спорт тренерлериниң маманлығын арттырыў орайын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берди.

Бул жерде Президентимиздиң атынан аўыр атлетика бойынша абыройлы турнирлер жеңимпазы Рустам Жангабаевқа жай, дзюдошы Элёр Машариповқа «Malibu» автомобили, қылышласыў бойынша халықаралық турнирлердиң жеңимпазы Зайнаб Дайыбековаға «Nexia» машинасы берилди. Жас спортшыларға естелик саўғалар тапсырылды.

Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласының бас режеси тийкарында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар менен танысты. Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған Нөкистиң бас режеси қаланы 2035-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў, инфраструктураны ҳәм халықтың турақ жай шараятын жақсылаўға қаратылған кең көлемли дөретиўшилик жойбарларын қамтып алған.

Мәмлекетимиз басшысы усы жылдың январь айында Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында Нөкистиң Ерназар Алакөз көшесин реконструкциялаў жойбары менен танысып, оны буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар берген еди. Режеге бола, бул орайлық көше кеңейтилип, транспорт ҳәрекети ушын және де кең қолайлылық жаратыў, жолдың бойында көп қабатлы жайлар, саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў шақапшаларын қурыў белгиленген еди.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде заманагөй жойбарлар тийкарында 5 қабатлы 30 турақ жай имараты қурып питкерилмекте. Жеңилликли ипотека кредитлери тийкарында берилетуғын бул жайларда заманагөй қолайлықлар жаратылады. Жайлар 2018-жылы пайдаланыўға тапсырылады. Келеси жылы бул көшеде және 20 жай қурылады.

Қаланың Абдамбетов көшесинде де арзанлатылған жайлардан ибарат турақ жай массиви қурылмақта. Быйыл қурылған көп қабатлы 7 жай усы күнлерде өз ийелерине тапсырылмақта.

Массивте заманагөй мәҳәлле орайы, хызмет көрсетиў шақапшалары, «Гөззаллық салоны», мини-банк, балалар ойын майданшалары қурылады, аймақ абаданластырылады.

Мәмлекетимиз басшысы халықтың арзанлатылған турақ жайларға қызығыўшылығы артып атырғанын есапқа алып, келеси жыл бул жерде және 15 көп қабатлы жай қурыў бойынша тапсырма берди.

Усы жерде Президентимиздиң Сергели районына сапары ўақтында берген көрсетпелери тийкарында көп қабатлы жайлардың 1-қабатында балалар бақшасын ҳәм шаңарақлық поликлиниканы орналастырыў бойынша ислеп шығылған жойбар менен таныстырыў да өткерилди.

Шавкат Мирзиёев заманагөй қала қурылысының алдынғы шешимлерин өзинде жәмлейтуғын, халыққа ҳәр тәреплеме қолайлық жарататуғын бул жайлардың абзаллығына итибар қаратты, жойбарды жетилистириў, көп перзентли шаңарақлар менен кекселерге қосымша шараятлар жаратыў кереклигин атап өтти.

Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы емлеўханасында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм реконструкция жумыслары, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жаңа бас оқыў имаратын қурыў, «D8an-pla!5» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жумсақ жүк контейнерлерин, полиэтилен қалталар ҳәм сумкалар ислеп шығарыў жойбарлары да додаланып, бул бойынша тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.

Президентимиз Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммад» жомъе мешитинде жаратылған шараятлар менен танысты. Шавкат Мирзиёев усы жылдың 20-21-январь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммад» жомъе мешитинде болып, бул жерде имам-хатиблердиң маманлығын арттырыў оқыў орайын, жатақхана, китапхана қурыў, мешиттиң аймағын абаданластырыў ҳәм әтирапына дийўал қурыў, нанбайхана шөлкемлестириў, ҳәўиз, фонтан ҳәм басқа да қолайлықлар жаратыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Бул жерде өткен 11 ай даўамында кең көлемли қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары исленди. Мешиттиң ҳәкимшилик имаратының биринши қабатында Өзбекистан мусылманлары мәкемесиниң Қарақалпақстандағы ўәкиллиги мәкемеси жайласқан болып, оның барлық бөлмелери қайта оңлаўдан шығарылды. Екинши қабатында мәлимлеме-ресурс орайы, китапханалар шөлкемлестирилди. Ыссы пол қурылды, есиклери жаңаланды. Намаз оқыйтуғын орын реконструкцияланып, гүмбез қайта исленди. Мешиттиң қасында минара, ҳәўиз, нанбайхана, автомобильлер тоқтаў орны ҳәм басқа да қолайлықлар жаратылды. Саяманлы тереклер менен гүллер егилди.

Сондай-ақ, мешит жанында имам-хатиблердиң маманлығын арттырыў оқыў орайы шөлкемлестирилип, заманагөй үскенелер менен тәмийинленди.

Президентимиз нуранийлар ҳәм имам-хатиблер менен сәўбетлести.

Уллы бабаларымыздың өмирин ҳәм руўхый мийрасын терең үйрениў ушын барлық шараятты жаратамыз. Халық зыярат етип, ҳақыйқый руўхый азық алатуғын бундай руўхый-ағартыўшылық орынларды буннан былай да абат етип, келешек әўладлар ушын сақлаўымыз керек, деди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.

Бүгин Қарақалпақстанда турмыс пүткиллей өзгермекте. Барлық қала ҳәм районлар, аўыллар жаңаша шырай ашпақта, заманагөй кәрханалар, билимлендириў, медицина, мәденият, спорт ҳәм социаллық тараўдың басқа да орынлары, коммуникация тармақлары қурылмақта. Бул болса, Қарақалпақстан Республикасының елимиздиң социаллық-экономикалық турмысында тутқан орны барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.

 

ӨзА