Тадбиркорликни қўллаб-қувватлашнинг янги самарали тизими

Ташкент қаласында 2017-жыл 20-июнь күни Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының гезексиз қуралтайы болып өтти.

Қуралтайда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 19-июньдеги «Бизнестиң нызамлы мәплериниң мәмлекет тәрепинен қорғалыўына ҳәм исбилерменлик жумысын буннан былай да раўажландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар хаққында»ғы пәрманы ҳәм «Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының жумысын шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар хаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар көрип шығылды.

Елимизде жеке меншик ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын, исбилерменлик субъектлериниң жумысына тийкарсыз араласыўлардан исенимли ҳуқықый кепилликлерди тәмийинлеп беретуғын беккем нызамшылық базасы жаратылды.

Елимизде 525 мыңнан аслам исбилерменлик субъекти жумыс алып бармақта. Жалпы ишки өнимниң 56 проценттен асламын қурап, мийнетке жарамлы халықтың 78 проценттен зыятын жумыс пенен тәмийинлеп атырғаны киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық раўажланыўындағы орны менен роли барған сайын артып атырғанынан дәрек береди. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған 2017-2021-жылларда Өзбекистанды раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, соның менен бирге, бизнес саласы ўәкиллери ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында нәтийжели сөйлесиў және пайдалы бирге ислесиў механизмлерин жолға қойыў, жеке меншиктиң ҳәм исбилерменликтиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, ўәлаятларда және районларда бизнес-орталықты жетилистириў мәселелери бойынша, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерине, бәринен бурын, ўәлаятларда, қалалар менен районларда сапалы мәмлекетлик ҳызметлер усынылыўын тәмийинлеў мәмлекетлик уйымлар менен исбилерменлик структуралардың өз-ара бирге ислесиўин, әсиресе, исбилерменлик субъектлериниң жумысын енди баслаған дәўирлерде оларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа нәтийжели системасын жаратыўды талап етеди.

Усы жерде экономикада жеке сектордың позицияларын беккемлеў мақсетинде 2004-жылы исбилерменлик субъектлерин бирлестиретуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем сыпатында шөлкемлестирилген Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының ўазыйпаларын, жумыс бағдарлары менен ўәкилликлерин түп-тийкарынан қайта көрип шығыў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Соның менен бирге, палата шөлкемлестирилгеннен берли елимизде исбилерменлик субъектлери еки есеге, секторда жумыс пенен бәнт болғанлар бир ярым есеге көбейгени олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды, исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаўды талап етпекте. Онда Саўда-санаат палатасының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бул бағдардағы реформаларды жаңа басқышқа көтериўде үлкен әҳмийетке ийе.

Қуралтайда атап өтилгениндей, пәрманда усы мәселелерге айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, Саўда-санаат палатасы тәрепинен әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалар анық белгилеп берилген. Оған бола, палата исбилерменлик ҳуқықларын қорғаў, исбилерменликти және инвестициялық орталықты жақсылаў, исбилерменлик жумысына көмеклесиў, мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиў, исбилерменлик субъектлерин оқытыў ҳәм кадрлар таярлаў және сыртқы экономикалық хызметлер менен инвестицияларды тартыў салалары бойынша жумыс алып барады.

– Саўда-санаат палатасы тәрепинен Президентимиз ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында тиккелей пикирлесиўлерди тәмийинлеў мақсетинде ушырасыўлардың шөлкемлестирилиўи барлық исбилерменлерди қуўандырады, – дейди  «D3n5af8ll Pl67!» кәрханасының басшысы Саркор Эсонбоев. – Бул мәмлекетлик уйымлар менен жеке сектор арасындағы бирге ислесиўдиң жоқары көриниси сыпатында биз исбилерменлердиң алдында турған ҳәр қыйлы тосқынлықларды сапластырыўды тәмийинлеў, өзимиздиң идеяларымыз және усынысларымыз бенен елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў имканиятын жаратады.

Мәмлекетимиз басшысының «Бизнестиң нызамлы мәплериниң мәмлекет тәрепинен қорғалыўына ҳәм исбилерменлик жумысын буннан былай да раўажландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар хаққында»ғы пәрманына муўапық, Саўда-санаат палатасы нормативлик-ҳуқықый хужжетлер жойбарларының исбилерменлик жумысына тәсирин баҳалаў хаққында жуўмақ шығарыў бойынша ўәкилликли уйым  болып белгиленди. Яғный, исбилерменлик саласындағы барлық жойбарлар мәжбүрий түрде Саўда-санаат палатасы менен келисилиўи зәрүр.

Қадағалаўшы уйымлар тәрепинен режелестирилген тексериўлер  ҳаққында алдын ала Саўда-санаат палатасына хабар етилиўи, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, қадағалаўшы ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары жанында шөлкемлестирилетуғын жәмийетлик мәсләхәт кеңеслери қурамына Саўда-санаат палатасы ўәкиллериниң киргизилиўи тәртиби енгизилмекте.

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының алдына қойған ўазыйпаларды, берилген қосымша ҳуқықлар менен ўәкилликлерди толық ҳәм нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде пәрманның орынланыўы шеңберинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының жумысын шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Онда Саўда-санаат палатасының шөлкемлестириўшилик-басқарыў структурасын түп-тийкарынан жетилистириў нәзерде тутылған.

– Бир неше жыл бурын еки адам менен жумысымызды баслаған едик, -дейди «Бека Чарос» кәрханасының басшысы Гулбеке Қўчқорова. –Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери ушын жаратылған қолайлы шараятлардың нәтийжесинде бүгинги күнге келип кәрханамыздағы жумыс орынларының саны дерлик елиўге жетти. Президентимиздиң пәрманына муўапық, елимиздиң барлық аймақларында Исбилерменликке көмеклесиў орайларының шөлкемлестирилиўи жумысымызда ушырасатуғын ҳәр қандай мәселени бир орында шешиўге имканият жаратады.

Исбилерменликке көмеклесиў орайлары исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлер көрсетип киятырған «бир айна» орайлары менен бир қатарда банк, лизинг, қамсызландырыў, аудиторлық, баҳалаў, риэлторлық компаниялары сыяқлы базар инфраструктурасы субъектлерин де бирлестириўди нәзерде тутатуғынын атап өтиў керек.

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының жумысын жетилистириўге қаратылған илажлар исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўды буннан былай да күшейтиў, бизнести шөлкемлестириў, сондай-ақ, бизнес-орталықты жетилистириў мәселелери бойынша исбилерменлер менен мәлимлеме алмасыўдың нәтийжели усылын енгизиў имканиятын береди. Соның менен бирге, елимизде жеке меншиктиң ҳәм исбилерменликтиң буннан былай да раўажланыўы, шет ел инвестицияларының кеңнен тартылыўы ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардың сыртқы базарларға шығыўына хызмет етеди.

Қуралтайда шөлкемлестириў мәселеси қаралды. Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы А.Шайхов басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен лаўазымынан азат етилди. Өзбекистан Республикасы Президентиниң усынысына бола Өзбекистан Республикасы Президенти мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары, Президент жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының ректоры лаўазымларында жумыс ислеп киятырған А.Икрамов Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы етип сайланды.

Қуралтайда Өзбекистан Республикасы Бас минитсри А.Арипов шығып сөйледи.Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи У.Исмоилов қатнасты.

Бехзод БОЗОРОВ,

ӨзАның хабаршысы