Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Айрықша жағдайлар структураларының жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы 2019-жыл 10-апрельдеги ПҚ-4276-санлы қарары және Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик басқарыў уйымлары коллегияларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2017-жыл 19-октябрьдеги 855-санлы қарарына муўапық Министрлер Кабинети қарар етеди:
- 1. Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги коллегия ағзаларының саны 9 (тоғыз)дан ибарат болатуғыны белгилеп қойылсын.
- 2. Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги коллегия ағзалары төмендеги қурамда тастыйықлансын:
- 3. Худайбергенов Турсынхан Айдарович – айрықша жағдайлар министри ўазыйпасын атқарыўшы
- 4. Кулдашев Абдулла Хамидуллаевич – айрықша жағдайлар министриниң биринши орынбасары
- 5. лаўазымға бола – айрықша жағдайлар министриниң айрықша жағдайлар профилактикасы бойынша орынбасары
- 6. Латифжонов Азизбек Рахимович –айрықша жағдайлар министриниң финанслық-экономикалық ҳәм материаллық-техникалық тәмийнат бойынша орынбасары
- 7. Абдижалилов Камил Халбаевич – айрықша жағдайлар министриниң кадрлар, тәрбиялық ҳәм идеологиялық жумыслар бойынша орынбасары
- 8. Джураев Шухрат Хужамбердиевич –айрықша жағдайлар министриниң қурылыс ҳәм инженерлик қорғаў жумыслары бойынша орынбасары
- 9. Бердиев Кабул Раимович – Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясының баслығы
- 10. Давлетов Азамат Сапарбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы
- 11. Мухитдинов Мухтар Яшнарович – Ташкент қаласы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы
- 12. Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги коллегия ағзаларының қурамын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2018-жыл 6-январьдағы 12-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- 13. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы айрықша жағдайлар министриниң ўазыйпасын атқарыўшы Т.А.Худайбергеновке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасының
Бас министри А.Арипов
Ташкент қаласы,
2020-жыл 28-октябрь
ӨзА