Усы жыл 16-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде республикамызда шахматты раўажландырыў раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған мәжилис өткерди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Президентимиз тәрепинен шахматты раўажландырыў ҳәм ғалабаластырыў, спортшы ҳәм тренерлерге қолайлы шараятлар жаратыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, усыншама имканият жаратып берилгенине қарамастан, жуўапкерлердиң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм айырым орынларда шахмат бойынша келешегинен үмит күттиретуғын спортшыларға жетерли дәрежеде итибар қаратылмаўы сыяқлы себеплерге бола  республикамызда бул спорт түрин раўажландырыў жумыслары талап дәрежесинде емеслиги айрықша сынға алынды.

Соның менен бир қатарда айырым орынларда шахмат тренерлериниң өз жөнелиси бойынша жетерли дәрежеде билимге ийе емеслиги, бир қатар оқыў орынларында дөгереклер жумысы дурыс жолға қойылмағаны ҳәм басқа да мәселелер қарап шығылды. Мәжилис даўамында жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыў, республикалық ҳәм халықаралық жарысларда сыйлы орынлар ийелери жетилисип шығыўын тәмийинлеў бағдарында ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги