Бүгинги күнде республикамызда 416 пуқаралар жыйыны болып, олардағы 352 мың хожалықта 413 мыңнан аслам шаңарақ жасап атыр.

Ҳәзирги ўақытта шаңарақ институтын беккемлеў, «Саламат шаңарақ – саламат жәмийет» идеясын турмысқа енгизиўге қаратылған мәнзилли илажлар өткерилип, тынышсыз шаңарақлар менен ислесиў бойынша системалы түрде жумыслар алып барылмақта. Ажырасыўға келип қалған ҳәм тынышсыз шаңарақларға мәҳәллелердеги белсендилер, көпти көрген, тәжирийбели нураныйлар, үлгили шаңарақ ўәкиллери бириктирилип, бундай шаңарақлар менен системалы түрде ислесиў жолға қойылды.

Мәҳәллелерде ерте некениң алдын алыў, нызамсыз ҳәм туўысқанлар арасындағы некелердиң унамсыз ақыбетлери туўралы пуқаралар, әсиресе, жаслар арасында үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта.

– Республикамыз бойынша быйылғы жылы усы күнге шекем 842 ажырасыўға келип қалған шаңарақлар менен мәнзилли жумыслар алып барылыўы нәтийжесинде 527 шаңарақ жарастырылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Шаңарақлық қәдриятларды беккемлеў бойынша бас қәнигеси Г.Үббиева. – Сондай-ақ, 9 ай даўамында республика бойынша 754 ажырасыў жағдайлары дизимге алынған.

Усы жылдың 9 айы даўамында Мойнақ районында ең аз ажырасыўлар (7) дизимге алынған.

Ажырасыўларға тийкарынан шаңарақтағы келиспеўшиликлер, перзентсизлик, узақ ўақыт бирге жасамаўы, миграция, жетиспеўшиликлер,  некени бийкар етпей турып басқа шаңарақ қурыўлар себепши болмақта. Ажырасып кеткен шаңарақлардың көпшилиги жас шаңарақлар арасында болып атырғанлығы ҳәр биримизди тәшўишке салыўы керек, деп ойлайман.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги