Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде улыўма 37 310 педагог хызметкер мийнет етип атырған болса, соннан 27 468 педагог ҳаял-қызлар, 9 842 педагог ер адамлардан ибарат.

 

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, педагог кадрлардан 33 959 ы (91% и) жоқары, 3 351 и (9% и) орта арнаўлы мағлыўматқа ийе.

 

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында 726 улыўма билим бериў мектеби жумыс алып бармақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.