2017-жыл 15-декабрьде Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев басқарды.
Кенгаш Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он үшинши жалпы мәжилисин усы жыл 20-декабрь күни Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етти.
Сенаттың жалпы мәжилисинде додалаўға 2018-жылғы Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети, мәмлекет мақсетли қорларының бюджетлери ҳәм салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы мәселе киргизилмекте.
Сенаттың жалпы мәжилиси күн тәртибине елимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелелигин түп-тийкарынан арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясынан келип шығатуғын ўазыйпалардың избе-из орынланыўына қаратылған Өзбекистан Республикасының бир қатар нызамлары менен мәселелер киргизилмекте.
«Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы, «Келешек дөретиўшиси» медалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы, «Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы, «Өзбекистан Республикасы қурылыс саласы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы, Өзбекистан Республикасының жаңа редакциядағы Әскерий доктринасын тастыйықлаў ҳаққындағы, жаңа редакциядағы Өзбекистан Республикасының Пуқаралық процессуал кодекси, Өзбекистан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси, Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик суд жумысларын алып барыў ҳаққындағы кодекси, «Айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысын жетилистириў, сондай-ақ, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлардың қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм басқалар усылардың қатарына киреди.
Соның менен бир қатарда жалпы мәжилисте сенаторлар 2018-жылы фермер хожалықларын басқышпа-басқыш көп тармақлы фермер хожалықларына айландырыў бойынша бағдарлама ҳаққындағы мәселени көрип шығады, Өзбекистан Республикасы ишки ислер министриниң жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў саласындағы жумысы ҳаққындағы, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы сыртқы ислер министриниң 2017-жылдағы өз жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлайды.
Жалпы мәжилисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылады.
Олий Мажлис Сенаты комитетлери менен аппаратының он үшинши жалпы мәжилиске таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жумысларын муўапықластырыў ушын Кенгаш тәрепинен тийисли жумысшы топар дүзилди.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
Сенатының Мәлимлеме хызмети