Әзербайжан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасында 7-октябрь күни Әзербайжан ҳәм Армения арасындағы жүзеге келген келиспеўшиликлер мүнәсибети менен брифинг шөлкемлестирилди.
Ҳәммемизге белгили, тән алынбаған Таўлы Қарабақ Республикасы аймағы бойынша еки мәмлекет арасындағы тартыслы даўлар көп жыллардан берли даўам етип киятыр. Дүнья жәмийетшилигиниң машқаланы тыныш жол менен сапластырыў жолындағы ис-ҳәрекетлерине қарамастан, еле шешилмеген машқалалы жағдай усы жылдың июль айында қайтадан ҳәўиж алды.
Усы дәўир ишинде Әзербайжан-Армения жәнжели процесинде бир неше мәрте қураллы соқлығысыўлар бақланды, тек ғана әскерий хызметкерлер емес, ал ҳәр еки тәрептиң тыныш халық ўәкиллеринен де қурбанлар берилди.
Усы қураллы келиспеўшиликке дүньяның тынышлықты сүйиўши жәмийетшилиги турақлы түрде өз мүнәсибетин билдирип келмекте.
Атап айтқанда, БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш жақында Әзербайжан Президенти Илхам Алиев ҳәм Армения Бас министри Никол Пашинянға мүрәжат етип, оқ атыўды жедел түрде тоқтатыў ҳәм Минск келисиминиң басшылығында сөйлесиў баслаўға шақырды. Сондай-ақ, ол регионға тез ЕҚБШ бақлаўшыларын жибериў зәрүрлигин атап өтти.
Түркий кеңес Бас хаткери Бағдад Амреев та усы ўақыяларға өз пикирин билдирди. Билдириўде бул структура халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм принциплерине ҳәмийше садық екени атап өтилип, келиспеўшилик тез арада шешилетуғынына үмит билдирилди.
Өзбекстан да туўысқан Әзербайжан ҳәм ҒМДА бойынша шеригимиз Армения халықларының тәғдирине бийпәрўа болмаған. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң усы мүнәсибет пенен берген билдириўинде, атап айтқанда, былай делинеди: «Әзербайжан Республикасы ҳәм Армения Республикасының қатнасықларындағы кескинликтиң артыўы Өзбекстан Республикасында айрықша тәшўиш оятпақта. Өзбекстан Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамында баслышық етип атырған мәмлекет сыпатында ҒМДА аймағында дослық, жақсы қоңсышылық қатнасықлары ҳәм өз-ара исеним беккемлениўи, тартыслы мәселелер халықаралық ҳуқық нормаларына қатаң сай түрде тыныш жол менен шешилиўи зәрүрлигин және бир мәрте тастыйықлайды.
Әзербайжан Республикасы ҳәм Армения Республикасын әскерий ҳәрекетлерди тез тоқтатыўға және келиспеўшиликти суверенитет ҳәм аймақлық пүтинлик принциплерине әмел еткен ҳалда тыныш жол менен сапластырыў мақсетинде дипломатиялық сөйлесиўлерди баслаўға шақырамыз.»
Брифинг даўамында ҒХҚ ўәкиллериниң темаға байланыслы сораўларына жуўап берилди.
Ушырасыў соңында туўысқан Өзбекстанның усы мәселедеги тилеклеслик позициясы белгили екенлиги ҳәм бул қатнас ҳәзирде өзгермей қалып атырғаны тән алынды. Сол мүнәсибет пенен Әзербайжан Президенти Илхам Алиев Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтан ҳәм пүткил өзбек халқынан терең миннетдар екенин билдирген.
Ғ.ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы