Буннан алдынғы хабарларымызда Бухара ўәлаятында 16 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында футбол бойынша «Академиялар кубоги» жарысы өткерилип атырғаны ҳаққында мәлимлеме берген едик.
Онда республикамыздың жас футболшылары да табыслы қатнаспақта.
Атап айтқанда, кеше республикамыздың жас футболшылары шерек финал ойынлары шеңберинде Ферғана ўәлаяты командасы менен ушырасты. Оғада кескин гүреслерге бай болған ойынның тийкарғы ўақты 1:1 есабы менен жуўмақланды ҳәм төрешилер тәрепинен пенальтилер сериясына нәўбет берилди.
Онда республикамыз футболшыларына әўмет күлип бағып, Ферғана ўәлаяты командасын 4:3 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм ярым финал жолламасын қолға киргизди.
Ушырасыў соңында командамыз дәрўазаманы Ҳасылбек Аташев ойынның ең жақсы ойыншысы деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы сыйлық пенен сыйлықланды.
Бүгин республикамыздың футбол командасы кубоктиң ярым финалында Ташкент қаласының командасы менен финал жолламасы ушын гүрес жүргизеди.
Футболшыларымызға әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы