Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша қәнигелердиң өз-ара тәжирийбе алмасыўын тәмийинлеў, үлкен спорттағы машқалалардың шешимин биргеликте табыў, өз-ара келисимлер дүзиў ҳәм тараўды раўажландырыў бойынша режелер ислеп шығыў мақсетинде, 11-ноябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Жас әўладтың тәрбиясында миллий спорт ойынларының әҳмийети: машқала ҳәм шешимлери» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияға республикамыздағы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, илимий излениўшилер, тараў қәнигелери, магистрантлар менен студент-жаслар қатнасты.

Конференцияны филиал директорының биринши орынбасары Рустам Хайдаров кирис сөз бенен ашты. Ол өз сөзинде соңғы жыллары мәмлекетимизде денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарарлары тийкарында, жүргизилип атырған реформалар, тараўда әмелге асырылған өзгерислердиң тийкарғы мақсети халық саламатлығын беккемлеў ҳәм ҳәр бир спорт түрин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Соның менен бирге тараўды және де раўажландырыў ушын илим менен тығыз бирге ислесиў зәрүрлигине де тоқтап өтти.

Әнжуманда елимиздеги жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, докторантлар, еркин излениўшилер, магистрантлар ҳәм филиалдың зийрек студентлери тәрепинен «Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында қәнигелердиң тәжирийбесин раўажландырыў жоллары», «Миллий ҳәрекетли ойынлардың мектеп оқыўшыларының физиологиялық раўажланыўындағы роли», «Спортты раўажландырыўдың актуал машқалалары ҳәм тийкарғы бағдарлары», «Киши волейбол спорт түрине таярлаў акмеологиясын волейболға интеграциялаў нәтийжелилиги» сыяқлы темада бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелери бойынша баянатлар жасалып, бул бойынша илимпаз ҳәм қәнигелер өз пикирлерин билдирди.

Соңынан әнжуман өз жумысын секцияларға бөлинип даўам етти.

Конференция соңында оған белсене қатнасқан профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерге арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы