Индонезияда вулкан жарылыўы ақыбетинде он адам қайтыс болды

216

Индонезияныӊ Шығыс Нуса Тенггара провинциясында Левотоби вулканы оянды. Ҳәдийсе тәсиринде он адам қайтыс болды. Бул ҳаққында жергиликли «Detik» порталы жазған.

Шығыс Флорес регионында жүз берген апат ўақты – екшемби таӊынан дүйшемби таӊына шекем ыссы лава, қум ҳәм шағыл тас атылып шыққан. Улангитон районындағы Клатанло аўылы халқының жайлары айрықша зыян көрген.

 

Қарақлпақстан хабар агентлиги