Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Экономика тармақларында ҳәм елатлы пунктлерде пайда болатуғын турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў, шығындыларды қайта ислеўде жоқары технологиялар қолланылатуғын өндирислерди енгизиў, сондай-ақ, қолайлы инвестициялық орталық жаратыў арқалы усы тараўға исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў және мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. 1. Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда-Мәмлекетлик экология комитети), Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң аймақларда турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң жаңа моделин басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Онда, мәмлекет шериги-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери және Мәмлекетлик экология комитетиниң аймақлық уйымлары менен жеке меншик шерик арасында дүзилетуғын мәмлекелик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимге муўапық:

а) мәмлекет шериги тәрепинен:

турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызмет көрсетиў ушын тийисли аймақлар жеке меншик шерикке бириктирип бериледи;

мәмлекетлик кәрханалар есабындағы шығынды полигонлары шығындыларды сайлап алыў ҳәм қайта ислеў бойынша технологияларды қолланған ҳалда қосымша түрде капитал қойылмалар ҳәм инвестицияларды тартыў шәрти менен жеке меншик шерикке узақ мүддетке пайдаланыўға  бериледи;

турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында хызмет көрсетиўге қәнигелескен мәмлекетлик кәрханалар есабындағы арнаўлы автотранспорт қураллары ҳәм техникалары жеке меншик шерикке жети жылға шекемги мүддетке бөлип-бөлип төлеў шәрти менен баҳалаўшы шөлкемлер тәрепинен белгиленген баҳаларда сатылады және жойбар жуўмағы бойынша төлемлер толық төлеп болынғанынан соң оларды басқарыў ҳуқықы жеке меншик шерикке өткериледи;

б)жеке меншик шерик тәрепинен төмендеги миннетлемелер алынады:

өзине бириктирип берилген аймақта жасайтуғын халықтың қатты турмыслы шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызметлер менен толық қамтып алыныўын тәмийинлеў:

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисимине муўапық инвестициялар киргизиў  ҳәм санитариялық жақтан тазалаў инфраструктурасын раўажландырыў;

арнаўлы автотранспорт қураллары ҳәм техникаларының ҳәрекетин және шығынды полигонларын реал ўақыт режиминде мәмлекет шериги тәрепинен  қадағалаў имканиятын жаратыў;

қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызметлер ушын физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден тастыйықланған баҳаларда мәжбүрий төлемлер жыйналыўын ҳәм олардың есабын жүргизиў бойынша мәмлекет шериги тәрепинен жаратылған бирден-бир электрон системаға жалғаныўын тәмийинлеў;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисиминде  белгиленген мүддетлерде шығындыларды  сайлаў (қайта ислеў) технологияларын орнатып, иске қосыў.

  1. 2. 2020-2021-жыллары турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлерин көрсетиў тараўында әмелге асырылатуғын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары бойынша «жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 3. Мәмлекетлик экология комитети Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте:

а) төмендегилерге ерисилиўин тәмийинлесин:

халықты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызметлер менен қамтып алыў дәрежесин  усы жылдың ақырына шекем  90 процентке, 2021-жылдың ақырына шекем 100  процентке жеткериў;

қатты турмыслық шығындыларды қайта ислеў көлемин  усы жылдың ақырына шекем 21,8  процентке, 2021-жыл ақырына шекем 36,5  процентке жеткериў;

турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлерин шөлкемлестириў тараўында жеке меншик сектордың үлесин 2022-жылдың ақырына шекем  50  процентке жеткериў;

б) мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары шеңберинде арнаўлы автотранспорт қуралларын ҳәм техникаларды сатыўдан келип түсетуғын қаржылардың арнаўлы банк есап бетинде жыйналыўын тәмийинлесин және оларды арнаўлы автотранспорт қураллары ҳәм техникалар паркин жаңалаўға, сондай-ақ, халықаралық финанс институтларынан мәмлекет кепиллиги астында алынатуғын кредит қаржылары бойынша миннетлемелерди сөндириўге бағдарлансын.

  1. 4. 2021-жыл 1-январьдан баслап:

 аймақларда турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызмет көрсетиў ушын мәжбүрий төлем тарифлери (хызмет көрсетиўши шөлкемлер тәрепинен келисилген баҳаларда әмелге асырылатуғын өз алдына хызметлер ушын төлемлер буған кирмейди) дәслеп баҳаларды (тарифлерди) тәртипке салыў уйымларының жуўмақлары алынып, соң  тийисли дәрежеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң  қарарлары менен мақулланғаннан соң тастыйықланатуғыны;

турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды  комплексли әмелге асырыў кластерлерине хызмет көрсетиў ушын белгиленген тәртипте бириктирип берилген аймақларда екилемши шийки затты (металл бөлекшелери ҳәм шығындыларын сатып алыўдан тысқары) қабыл етиў шақапшалары арқалы таярлаў (сатып алыў, қабыл етиў) усы кластерлер тәрепинен әмелге асырылатуғыны (бул аймақта қайта ислеўши шөлкемлердиң екилемши шийки затты өзлерине тийисли шақапшалар арқалы сатып алыўы ямаса қабыл етиўи буған кирмейди);

турмыслық шығындыларды алып кетиў хызметин көрсетиў процесинде, сондай-ақ, турмыслық шығындыларды жыйнаў шақапшалары ҳәм қайта ислеў пунктлеринен  турмыслық шығындылар қурамындағы  екилемши шийки затты турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўаныда хызмет көрсетиўге қәнигелескен шөлкемлердиң келисимисиз ажыратып алыў ҳәм өзлестириў қадаған етилетуғыны;

турмыслық шығындыларды тасыў, сайлап алыў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў ушын тийисли технология ҳәм қуўатлылықларға ийе кластерлердиң жаңаланып барыўшы дизими, сондай-ақ, оларға хызмет көрсетиў ушын бириктирип берилген аймақлар ҳаққындағы мағлыўматлар Мәмлекетлик экология тәрепинен қәлиплестирилетуғыны және оның рәсмий веб-сайтында жайластырылатуғыны белгиленсин.

  1. 5. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-январьдан баслап:

а) имаратлар ҳәм объектлер, соның ишинде, жоллар ҳәм инженерлик коммуникацияларын қурыў, реконструкциялаў, оңлаў яки бузыў жумысларында (кейинги орынларда – қурылыс жумыслары) пайда болатуғын қурылыс шығындылары биринши гезекте қайтадан пайдаланыў, қайта ислеўге ямаса утилизациялаўға жумсалады;

б) қурылыс жумыслары әмелге асырылып атырған объект жайласқан аймақта (район ямаса қала) қурылыс шығындыларын утилизациялаў ҳәм қайта ислеў ушын тийисли технология ҳәм қуўатлылықларға ийе кәрханалар жоқ болған жағдайда ғана оларды белгиленген тәртипте шығынды  полигонларына жайластырыўға жол қойылады;

в) қурылыс жумыслары бойынша жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыўда қурылыс процесинде пайда болатуғын қурылыс шығындыларының көлемлерин ҳәм оларды жыйнаў орынларын белгилеў, сондай-ақ, олар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў бойынша жойбарлық шешимлер нәзерде тутылады;

г) жаңадан қурылатуғын  көп квартиралы турақ жайлардың  жайластырылыўы режелестирилген турақ жай зоналарында;

турмыслық шығындыларды жыйнаў шақапшаларын шөлкемлестириўге болған талап турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында усы аймаққа хызмет көрсетиўши қәнигелескен шөлкем менен биргеликте үйрениледи ҳәм қурылыс ушын жер участкаларын ажыратыў (сайлап алыў) материаллары, жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлериниң қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў материалларында нәзерде тутылады;

квартиралардың саны 300 ден аслам болған көп қабатлы турақ жайлар турмыслық шығындыларды жыйнаў шақапшалары менен тәмийинленбеген болса, пайдаланыўға қабыл етиўге руқсат берилмейди;

д) қурылыс материалларын әмелге асырыў нәтийжесинде пайда болған қурылыс шығындыларының  мүлк ийеси болған юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге  төмендеги миннетлемелер жүкленеди:

қурылыс жумыслары алып барылып атырған объектлерде пайда болатуғын шығындыларды сайланған ҳалда жыйнаў ҳәм ўақтынша сақлаў;

қурылыс шығындыларын оларды жыйнаў, тасыў, утилизациялаў ҳәм (яки) қайта ислеў менен шуғылланыўшы юридикалық тәреплерге тапсырыў, реализациялаў ямаса бул жумысларды өз күши менен әмелге асырыў;

қурылыс шығындылары полигонларға жайластырылатуғын жағдайда шығындыларды алып шығып кетиў бойынша хызмет көрсетиўге қәнигелескен шөлкемлер ямаса шығынды полигонына ийе болған шөлкемлер менен  тийисли шәртнама дүзиў;

е) қурылыс шығындыларын тасыў менен шуғылланатуғын юридикалық ямаса физикалық тәреплер усы хызметлерди куөрсетиўде олардың қурылыс шығындыларын утилизациялаў ҳәм (яки) қайта ислеў менен шуғылланатуғын шөлкемлерге тапсырыў (реализациялаў) ямаса шығынды полигонына жайластырыўды нәзерде тутыўшы ҳүжжетлерге ийе болыўы керек.

  1. 6. Төмендегилер:

2020-2021-жыллары  жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан  қурылыс ҳәм турмыслық шығынды полигонларын қурыў және үскенелеў бойынша мәнзилли бағдарламалар 2- ҳәм 3-қосымшаларға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен 2020-2021-жыллары шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында  ерисилиўи тәмийинленетуғын мақсетли индикаторлар 4.1-4.13-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги ПҚ-2916-санлы  қарары менен шөлкемлестирилген Шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын муўапықластырыў ҳәм жетилистириў бойынша Республикалық комиссияға (Раматов) усы бәнтте нәзерде тутылған  мәнзилли бағдарламаларға ҳәм мақсетли индикаторларға  өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. 7. 2021-жыл 1-январьдан баслап:

халық тәрепинен мәмлекетлик экология комитетиниң Интернет тармағындағы арнаўлы мәлимлеме системасына жиберилген экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы фотосүўретлер ҳәм видео жазыўлар Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте белгиленген тәртипте көрип шығылатуғыны;

ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққындағы фотосүўретлер ҳәм видеожазыўлар жиберген шахслар ҳуқықбузардан өндирилген жәрийма  муғдарының он бес проценти муғдарындағы ақшалай сыйлық пенен хошаметленетуғыны;

ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққында жиберилген фотосүўретлер ҳәм видеожазыўлардағы ҳуқықбузарлардың шахсын анықлаў Мәмлекетлик экология комтетиниң аймақлық уйымларының сораўына тийкарланып  ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

ҳуқықбузарлық жағдайлары ҳаққында жиберилген фотосүўретлер, видеожазыўлар ҳәм хабарларды берген пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматлардың сыр сақланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 8. Мәмлекетлик экология комитети:

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-январьға шекем барлық аймақлардағы халыққа қоршаған орталық, соның ишинде, турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумыслардың жағдайы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў мүмкиншилигин беретуғын, бул бағдардағы ҳуқықбузарлық ҳаққындағы фото ҳәм видео материалларды жайластырыў имканиятына ийе болған  Интернеттеги арнаўлы мәлимлеме системасын жаратыў және ҳәр бир хабар берилген жағдай бойынша оператив илажлар көриў системасының енгизилиўин тәмийинлесин;

шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыўда экологиялық тәрбия ҳәм үгит-нәсиятлаўды нәтийжели шөлкемлестириў және жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыўда пуқаралар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер және ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесилсин;

экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў жағдайы ҳаққында жәмийетшиликтиң хабардарлығын арттырыўға қаратылған мәлимлеме-таллаў ҳәм медиа материалларын таярлаў, экологиялық мәдениятты арттырыў, ҳуқықбузарлықлардың өз ўақтында алдын алыў илажларын күшейтсин;

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторлар системасын қәлиплестириў жумысларын муўапықластырсын.

9.  Мәмлекетлик экология комитети Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте:

«Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги системасындағы кәсип-өнерге оқытыў орайларында заманагөй көнликпелер тийкарында шығындыларды қайта ислеў менен шуғылланатуғын хызметкерлерди таярлаўды, қайта таярлаўды ҳәм қәнигелигин арттырыўды және бул бағдарда жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин;

шығындыларды қайта ислеў процесине сырт елден жаңа технологиялар тартылған жағдайда, олардан пайдаланыўға үйретиў бойынша «Жумысқа мәрхамат» моноорайлары ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайларындағы билимлендириў процесслерине усы технологияларды ислеп шығарыўшы шөлкемлердиң ўәкиллери ямаса олардан пайдаланыў көнликпелери бар болған жетик сырт ел қәнигелери, соның ишинде, видеоконференцбайланыс қураллары арқалы тартылыўын тәмийинлеп барсын.

  1. 10. Мәмлекетлик экология комитети Қоршаған орталықты қорғаў тараўында жумыс ислеп атырған хызметкерлерди қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайында (кейинги орынларда – Орай) турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында хызмет көрсетиўге қәнигелескен шөлкемлердиң қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша оқыў курсларын жолға қойсын.

2022-жыл 1-январьға шекем турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында хызмет көрсетиўге қәнигелескен жеке меншик шөлкемлердиң қәнигелерин Орайда қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў қәрежетлериниң 50 проценти мәмлекетлик экология комитетиниң Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қорының қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны белгиленсин.

  1. 11. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги «Өзавтосанаат» АК менен биргеликте үш ай мүддетте республикада ислеп шығарылып атырған турмыслық шығындыларды тасыўға мөлшерленген арнаўлы техникалардың өзине түсер баҳасын қайта көрип шығып, оларды азайтыў илажларын көрсин.
  2. 12. Мәмлекетлик экология комитети Министрлер Кабинетине 2021-жыл 1-январьға шекем:

турмыслық ҳәм қурылыс шығындыларын белгиленбеген орынларға таслағаны ушын жәрийма санкциялары муғдарын арттырыў, турмыслық ҳәм қурылыс  шығындылары менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында ҳүқықбузарлықты ислегени ушын пуқаралар ҳәм мәпдар шахслардың жуўапкершилигин күшейтиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын;

Қурылыс министрлиги менен биргеликте Қурылыс шығындыларына байланыслы жумысларды әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын;

жаңа редакциядағы «Шығындылар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызам жойбарын киргизсин.

  1. 13. Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

бир ай мүддетте шығындыларды алып шығып кетиў бойынша хызмет көрсететуғын шөлкемлер менен өз системасындағы шөлкемлер арасындағы дебитор ҳәм кредитор қарыздарлық жағдайын талласын және оларды азайтыў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын;

2021-жылдан баслап бюджет шөлкемлериниң қәрежетлер сметаларын қаржы уйымларында дизимнен өткериўде турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша  коммуналлық хызметлердиң ҳақысын төлеў ҳәм шығынды контейнерлерин сатып алыўға байланыслы қәрежетлерге жетерли бюджет қаржылары нәзерде тутылыўын қадағаласын.

  1. 14. Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик экология комитети, Транспорт министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:

усы қарар ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўындағы басқа да нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўи бойынша қадағалаў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтсин;

турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды комплексли әмелге асырыў кластерлерине бириктирилген аймақларда шығындыларды таярлаў (сатып алыў, қабыл етиў), тасыў ҳәм реализациялаўға байланыслы жумысқа тийисли нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўи үстинен қадағалаў орнатсын.

  1. 15. Турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды басқарыў системасын және де жетилистириў мақсетинде усы қарар төмендеги тәртипте орынлансын:

а) Бас министрдиң биринши орынбасары – Шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын муўапықласытырыў ҳәм жетилистириў бойынша республикалық комиссияның баслығы А.Раматов:

усы қарардың орынланыўын өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлесин, аймақларға шықан ҳалда белгиленген илажлардың орынланыўын үйренсин, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың нәтийжели жумысын шөлкемлестирсин және муўапықластырсын, анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырып барсын;

усы қарардың 2 ҳәм 3-қосымшаларына муўапық шығындыларды утилизациялаў, қайта ислеў ҳәм көмиў менен байланыслы жумысларды комплексли әмелге асырыў бойынша заманагөй шығынды полигонларының шөлкемлестирилиўин, сондай-ақ, соңынан белгиленген тәртипте өзлерине бериў шәрти менен полигонларды  қурыў жумысларына  жеке меншик шериклердиң тартылыўын тәмийинлесин;

2021-жыл 1-июньге шекем төмендегилерди өз ишине алған қурылыс шығындылары полигонларын жергиликли бюджет қаржылары есабынан қурыў ҳәм үскенелеў бойынша 2022-2023-жылларға мөлшерленген мәнзилли бағдарламаны тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары қабыл етиўлиўин тәмийинлесин:

Ташкент қаласында өним болатуғын қурылыс шығындыларын жайластырыў ушын Ташкент ўәлаятының кеминде үш аймағынан қурылыс шығынды полигонларын қурыўға ҳәр бири 5 гектардан кем болмаған жер майданын белгиленген тәртипте ажыратыў, қурыў ҳәм үскенелеў;

ўәлаятлар орайлары, ири қалалар ҳәм Нөкис қаласы ушын қурылыс шығынды полигонларын қурыўға 5 гектардан кем болмаған жер атызларын белгиленген тәртипте ажыратыў, қурыў ҳәм үскенелеў;

б) Мәмлекетлик экология комитети баслығының биринши орынбасары Н.Обломуродов:

усы қарардың 1-қосымшасына муўапық аймақларда турмыслық шығындыларды топлаў, алып шығып кетиў ҳәм қайта ислеў бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары әмелге асырылыўын тәмийинлесин;

турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды басқарыў системасын жетилистириў бойынша белгиленген илажлардың толық әмелге асырылыўын тәмийинлесин және бул тараўда мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды күшейтсин;

в) Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги директоры Ғ.Холжигитов:

жойбар интакерлерине мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын  әмелге асырыўда, соның ишинде, анық жойбарлардың концепциялары, шәртнамалары және тендер ҳүжжетлерин ислеп шығыўда жәрдем берсин;

усы тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының орынланыўы бойынша мониторингти әмелге асырсын;

г) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери:

тийисли аймақларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының әмелге асырылыўында исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме жәрдем берсин;

усы қарардың 2 ҳәм 3-қосымшаларындағы мәнзилли бағдарламаларды әмелге асырыў ушын жергиликли бюджеттен талап етилетуғын зәрүр қаржыларды өз ўақтында анықласын ҳәм ажыратсын;

усы қарардың 4.1-4.13-қосымшаларына муўапық  2020-2021-жылларда шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўындағы мақсетли индикаторларға сөзсиз ерисилиўин тәмийинлесин;

2021-жылда жергиликли бюджетлердың есабынан қурылған ҳәм жеке меншик шериклер тартылмаған полигонларды басқарыўды Мәмлекетлик экология комитетиниң «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханаларына тапсырыўды тәмийинлесин.

  1. 16. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. 17. Мәмлекетлик экология комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. 18. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 29-сентябрь