Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Мәмлекетимиздиң бай аяқ ойын көркем өнери тарийхында айрықша орын ийелеген «Хорезм ләзги аяқ ойыны» өзине тән атқарыўшылық усылы ҳәм гөззалығы менен тек Өзбекстанда емес, ал сырт мәмлекетлерде де белгили болып есапланады. ЮНЕСКО тәрепинен «Хорезм ләзги аяқ ойыны» адамзаттың материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилгенлиги де оның бийтәкирар көркем өнер екенлигинен дерек береди.

«Хорезм ләзги аяқ ойыны» көркем өнериниң әсирлик дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыў, аяқ ойын көркем өнери арқалы халықлар арасындағы дослық, тилеклеслик қатнасықларын беккемлеў, халықаралық көлемде дөретиўшилик бирге ислесиў көлемин ҳәм мәдений байланысларды буннан былай да кеңейтиў мақсетинде:

  1. 1. Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлигиниң 2022-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте 25-30-апрель күнлери Хийўа қаласында «Ләзги» халықаралық аяқ ойыны фестивалын (кейинги орынларда – Фестиваль) және оның шеңберинде халықаралық илимий-әмелий конференцияны өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. 2. Төмендегилер:

«Ләзги» халықаралық аяқ ойыны фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетин (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қурамы 1-қосымшаға муўапық;

«Ләзги» халықаралық аяқ ойын фестивалын өткериў тәртиби ҳақындағы реже 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 3. Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Мәденият министрлиги Фестивальды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жуўапкер уйымлар етип белгиленсин.
  2. 4. Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги:

2021-жыл 1-декабрьге шекем тәжирийбели режиссёр, белгили көркем өнер шеберлери, продюсер, композитор, шайыр ҳәм тараўдың тәжирийбели қәнигелерин тартқан ҳалда Фестивальдың ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлериниң сценарийин ҳәм көркем бағдарларламаларын таярласын;

Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-февральға шекем Фестиваль ҳәм оның шеңберинде өткерилетуғын «Өзбек миллий аяқ ойынының дүнья аяқ ойыны көркем өнериндеги орны» темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференцияда (кейинги орынларда – илимий-әмелий конференция) сырт мәмлекетлерден қатнасатуғын аяқ ойыны көркем өнериниң шеберлери, музыкатаныўшы ҳәм көркем өнертаныўшы илимпазлар, белгилиги көркем өнер ғайраткерлери, жетик қәнигелер ҳәм ҳүрметли мийманлардың дизимин қәлиплестирсин.

  1. 5. Сыртқы ислер министрлиги, Мәденият министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий комиссиясы, Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги Фестивальды ЮНЕСКО басшылығы астында өткериў илажларын көрсин.
  2. 6. Мәденият министрлиги Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Көркем академиясы, «Өзбеккино» миллий агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы ҳәм «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте:

Фестиваль шеңберинде Хийўа қаласындағы «Ишан-қала» комплекси аймағында аяқ ойын көркем өнерине байланыслы көргизбелер, миллий  саз әсбаплары  менен кийимлер, өнерментшилик буйымлары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер дөретпелери, мүсиншилик үлгилери, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, аудио ҳәм видео дисклер, китаплар, альбомлар, фотосүўретлердиң көргизбеси және олардың саўдасы шөлкемлестирилиўин;

Фестиваль бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм оның Фестивальдан үш ай бурын туристлик шөлкемлерге усыныс етилиўин, Интернет тармағы ҳәм социаллық тармақларда жайластырылыўын тәмийинлесин.

  1. 7. Фестивальды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы қәрежетлер Мәденият министрлиги тәрепинен ислеп шығылған ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланған смета тийкарында төмендеги тәртипте қапланады:

70 процентиӨзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен Мәденият министрлигине мәдений илажлар ушын ҳәр жылғы ажыратылатуғын қаржылардың есабынан;

30 проценти – Хорезм ўәлаятының жергиликли бюджети, қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм  нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қапланатуғынлығы  белгиленсин.

8. Усы қарардың орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:

Бас министрдиң орынбасары, Шөлкемлестириў комитетиниң баслығы Б.Мусаев – Фестиваль ҳәм оның шеңберинде өткерилетуғын халықаралық  илимий-әмелий конференцияны жоқары көркем ҳәм илимий дәрежеде шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;

Бас министрдиң орынбасары – Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Абдуҳакимов – Фестивальды туризм календарь режесине киргизиў, оған сырт ел туристлерин тартыў және Фестиваль қатнасыўшылары ҳәм мийманлар ушын мийманханалардан орынларды алдыннан бәнт етиў илажларын көрсин.

мәденият министри О.Назарбеков – музыкатаныўшы ҳәм көркем өнертаныўшы илимпазлар, белгили көркем өнер ғайраткерлерин тартқан ҳалда Фестивальдың ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлериниң сценарийин және көркем бағдарламаларын жоқары дәрежеде  ислеп шықсын;

Хорезм ўәлаяты ҳәкими Ф.Эрманов – Хийўа қаласында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылыўын, Фестиваль өткерилетуғын сахна орынлары ҳәм заллардың талап дәрежесинде таярланыўын және «Ишан-қала» комплекси аймағында аяқ ойын көркем өнерине байланыслы көргизбелердиң шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дунё» мәлимлеме агентлиги – Фестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барсын.

  1. 9. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 28-сентябрь