Японияның «ЭКСПО-2025» пүткил жер жүзилик көргизбеси мәселелери бойынша министри Синдзи Иноуэ 27-сентябрьде Юмэсимуға – усы халықаралық илаж болып өтетуғын жасалма атаўға барды.
«Jiji Press» агентлиги хабарында айтылыўынша, Иноуэ өзиниң усы лаўазымдағы биринши сапары даўамында префектура ҳәм қала басшылары менен ушырасқан.
Сиясатшылар мәмлекеттеги жоқары технологиялық жетискенликлерди пүткил дүньяға көрсетиўге таярлықты жеделлестириўди додалады.
Еслетип өтемиз, пүткил жер жүзилик «ЭКСПО-2025» көргизбеси 2025-жылдың апрелинен октябрь айына шекем, Осака буғазындағы Юмэсима жасалма атаўында өткериледи.
ӨзА