Түркменстан Халық Мәсләҳәти жума күни «Түркменстан Конституциясына дүзетиў ҳәм толықтырыў киргизилиўи ҳаққында» нызам жойбарын бир аўыздан мақуллады. Бул нызам жойбары елде еки палаталы парламент шөлкемлестирилиўин нәзерде тутады, деп хабар береди Түркменстан мәмлекетлик хабарлар агентлиги.

Елдиң жоқары ўәкиллик уйымы болған Халық Мәсләҳәти мәжилиси, регионда және жер жүзинде қыйын эпидемиологиялық жағдай жүзеге келгени ушын биринши мәрте аралықтан өткерилди.

Мәжилиске Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедов басшылық еткен.

«Биз бул нызамның қабыл етилиўин елимиздиң демократияластырыўға тасланған және бир қәдеми болады, деп есаплаймыз. Түркменстан Миллий Кеңеси улыўмамиллий ўәкиллик уйымына айланады ҳәм халқымызды бирлестирип жоқары шеклерге илҳамландыратуғынына исенемен»,-деп атап өтти президент.

Мақулланған Конституция нызамы жойбарына бола, Түркменстанның жаңа еки палаталы парламенти Миллий Генгеш (Миллий Кеңес), деп аталады.

Хабарда айтылыўынша, ҳүжжет 2021-жыл 1-январьдан күшке киреди.

 

ӨзА