Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-сентябрь күни ишимлик суўы менен тәмийнлеўди ҳәм канализация системасын жетилистириў, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларын жеделлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилис алдында мәмлекетимиз басшысы коронавирусқа байланыслы жағдайға тоқтап өтти. Кеселлик елеге шекем пүткил жер жүзи бойлап кеңнен тарқалып атырғаны, соңғы күнлерде елимизде де наўқаслар санының көбейгени өкиниш пенен атап өтилди. Темир тәртипти тәмийинлеп, барлық орынларда санитариялық талапларға қатаң әмел етиў керек екенлиги және бир мәрте атап өтилди.

Гүз мәўсиминде аязлаўдың көбейиўи, коронавирусқа қосымша басқа да кеселликлердиң артыўын есапқа алып, наўқаслар ушын жаратылған резерв орынларын көбейтиў, зәрүр медициналық әсбап-үскенелер ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди. Биринши гезекте медицина хызметкерлери ҳәм мектеп оқытыўшыларын, 65 жастан асқан кекселерди гриппке қарсы шаншыў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Коммуналлық тармақлардың турақлы жумысы халықтың турмыс сапасын тәмийинлейтуғын ең әҳмийетли фактор. Сонлықтан мәмлекетимиз тәрепинен бул мәселеге турақлы итибар қаратылып келинбекте. Усы жылы 17-июль күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде тараўдағы машқалалар додаланып, жумысты жаңа тәртипте шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилген еди.

Соған муўапық, ишимлик суўы  менен тәмийнлеў ҳәм канализация системасындағы жойбарларды таярлаў, әмелге асырыў ҳәм мониторинг етиў, сондай-ақ, тарифлерди белгилеўди жергиликли кеңеслер менен келисиў тәртиби енгизилмекте.

Мысал ушын, Алмалықтағы ишимлик суўы менен тәмийнлеў кәрханасына қараслы 52  насостың жаңаланыўы нәтийжесинде кәрхананың улыўма қәрежети 22 процентке, электр энергиясының жумсалыўы 2 есеге қысқарған. Қала халқы сапалы ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинленбекте. Сондай-ақ, соңғы 3 жылда әмелге асырылған жойбарлар нәтийжесинде Гулистан қаласын ишимлик суўы менен тәмийнлеў мәселеси де толық шешилди.

Мәжилисте Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигине усы тәжирийбе тийкарында келиси жыл ушын мөлшерленген 28 жаңа жойбарды жергиликли кеңеслер менен келисиў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, усы жылы жуўмақланатуғын 360 жойбарды қабыл етип алыў бойынша тапсырма берилди.

Есап-санақларға бола, дерлик 2 мың елатлы пунктке орайласқан суў жеткерип бериў техникалық жақтан да, экономикалық жақтан да мақсетке муўапық емес. Соның ушын бундай аймақларды жеке меншик сектор арқалы суў менен тәмийинлеў мақул болмақта.

Мысал ушын, Өзбекстан районында социаллық шериклик тийкарында қудық иске қосылып, 6 алыс аўылдағы 11 мың халық ишимлик суўы менен тәмийинленген еди. Оған кеткен қәрежетлер 2 жылда өзин қаплады. Сондай-ақ, Әмиўдәрья районында 8 суў тазалаў шақапшасы қурылып 5 мыңнан аслам халық жасайтуғын 7 мәҳәлле таза ишимлик суўы менен тәмийинленген. Жойбар 3 жылда өзин ақлайды.

Бул системаның қолайлы тәрепи сонда ишимлик суўы объектлерин қурыў ҳәм үскенелер сатып алыў ушын жеке меншик секторға кредит берилип, оның 14 процентинен жоқары бөлегине мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады. Бүгинги күнде көплеген исбилерменлер усындай жойбарларда қатнасыў тилегин билдирмекте.

Мәжилисте мәмлекет бойлап 27 райондағы ишимлик суўы менен тәмийинлеў жумыслары сынға алынды. Ҳәрекеттеги 70 мың километр суў қубырларының 32 проценти ескирген. Ақыбетте олардағы шығынлар дәрежеси 40-50 процентти қурамақта. Бул жылына дерлик 500 миллион куб метр суў яки орташа 300 миллиард сум дегени. Буннан тысқары, орынлардағы насос үскенелери ҳәм арнаўлы техникалар да оңлаўға мүтәж болып қалған.

Сонлықтан келеси жылдан инвестициялық бағдарламаларда тараўға ажыратылып атырған қаржының 10 процентин суў объектлерине энергияны үнемлейтуғын үскенелерди орнатыў және арнаўлы техникаларды сатып алыў ушын бағдарлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў мәселеси де додаланды.

Быйыл қыс суўық келип, ҳаўаның температурасы алдынғы жылларға салыстырғанда 2-5 дәреже төмен болыўы күтилмекте. Сол мүнәсибет пенен Министрлер Ккабинетине район ҳәм қалалардағы ҳақыйқый жағдайдан келип шығып, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бойынша Ташкент қаласының 12 районы, Қарақалпақстан ҳәм ҳәр бир ўәлаят бойынша бөлек-бөлек қарар қабыл етиў тапсырылды.

Өзбекстан Республикасының Бас министри Ташкент қаласы районларына, Бас министрдиң биринши орынбасары ўәлаятларға усы мәселелер бойынша жуўапкер етип бириктирилди. Таярлық жумысларын, бәринен бурын, бул бойынша жағдай аўыр болған 56 район ҳәм қаладан баслаў керек екенлиги атап өтилди.

1-ноябрьге шекем 3 мыңнан аслам оңлаўға мүтәж көп қабатлы турақ жайды гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў, 131 социаллық тараў объектин толық ҳәм 3 мыңын ағымдағы оңлаў ўазыйпасы қойылды. Медицина ҳәм билимлендириў мәкемелериниң таярлық жағдайы көрип шығылды.

Быйыл гүзги-қысқы мәўсим ушын 6 миллион тонна көмир өнимлериниң зәрүр екенлиги атап өтилип, оларды жыйнаў ҳәм жеткерип бериў бойынша илажлар белгиленди. Көмир арзан болыўы ушын оны импорт етиўши исбилерменлерге темир жолда тасыў бойынша шегирме бериў зәрүрлиги атап өтилди.

Бас прокуратураға көмирдиң баҳасын тийкарсыз арттырып жибериў, дәмегөйлик ҳәм талан-тараж етиў жағдайларының алдын алыў бойынша көрсетпе берилди.

«Хухудгазтаъминот» акционерлик жәмийетине тәбийғый газ жетиспейтуғын аймақларға 385 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў ўазыйпасы қойылды. Быйылғы мәўсимде электр-энегиясына талап өткен жылға салыстырғанда 7,5 процентке көп болыўы күтилмекте. Бул тараў турақлы ислеўи ушын ыссылық электр станцияларын тәбийғый газ ҳәм мазут пенен тәмийинлеў, электр тармақлары, подстанция ҳәм трансформаторларды оңлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Видеослектор мәжилисинде ҳүкимет ағзалары, тийисли тармақ ҳәм аймақлардың басшылары мәлимлеме берди.

 

ӨзА