Россия Федерациясының «ВЭБ.РФ» Мәмлекетлик раўажланыў корпорациясының баслығы Игорь Шувалов басшылығындағы делегация елимизге сапары шеңберинде 17-сентябрь күни бир қатар илажларда қатнасты.

1aa5eebf-ab29-406f-8b72-5c896601e04b.jpg

«ВЭБ.РФ» корпорациясы социаллық-экономикалық сиясатты әмелге асырыў, модернизация ҳәм экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға жәрдемлесетуғын, 51 миллиард доллар активлерге ийе болған Россияның ең ири раўажланыў институты болып есапланады. «ВЭБ.РФ» жәрдеми менен бүгинги күнде Өзбекстанда энергетика, металлургия, машина қурылысы, аўыл хожалығы ҳәм транспорт тараўларында улыўма баҳасы 3,5 миллиард евроны қурайтуғын 24 жойбар әмелге асырылмақта.

1f052102-7504-481e-b5f8-42cf3f5c5a30.jpg

Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Россия делегациясы ағзалары менен Алмалық кән-металургия комбинатына барды.

Мийманлар дәслеп комбинаттың жумысы менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, «Жаслық-1» кәнин өзлестириў процеси ҳәм қәнигелер тәрепинен алып барылып атырған жумысларды көзден өткерди. Оларға жойбар ҳаққында, атап айтқанда, усы кән қуўатлылығы және жойбарды ислеп шығарыўға енгизиў бойынша ҳәзирги жағдай ҳаққында айтып берилди.

Оннан соң бирге ислесиўшилер үлкен қурылыс жумыслары жолға қойылған 3-мыс байытыў фабрикасының қурылысы, 1-мыс байытыў фабрикасында жедел даўам етип атырған тийкарғы қуўатлылықларды реконструкциялаў ҳәм турақластырыў бағдарламасы шеңбериндеги жумыслар, мыс еритиў заводындағы аффинажланған алтын ҳәм гүмис ислеп шығарыў процеси ҳаққында да толық мағлыўматқа ийе болды.

Ташкент қаласындағы Халықаралық бизнес орайында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзоқов И.Шувалов басшылығындағы Россия исбилерменлери ҳәм мәмлекетлик структуралардың ўәкиллеринен ибарат бизнес миссия менен ушырасты.

Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан менен Россия арасындағы стратегиялық шерикликтиң жедел раўажланып атырғанын атап өтти. Ҳәр қыйлы дәрежедеги еки тәреплеме байланысларды жеделлестириў арқалы экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятлары көрип шығылды.

«ВЭБ.РФ» басшылары еки елдиң экономикалық бирге ислесиўиниң көп қырлы өзгешелигин көрсетип, исбилерменлердиң шериклигин беккемлеў, алдынғы санаат технологияларын енгизиў ҳәм турақлы кооперациялық байланысларды орнатыў ушын кең имканият бар екенлигин атап өтти.

Сөйлесиў даўамында пандемия шараятында еки мәмлекет экономикасының биргеликте ислесиў орынларын анықлаў, сондай-ақ, жанылғы-энергетика, таў-кән, фармацевтика, машина қурылысы тармағында, қала инфраструктурасы, туризм, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм транспорт тараўларында жаңадан инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм келисиў бойынша өз-ара бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.

Буннан соң «Өзбекстан-Россия бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарлары ҳәм қоспа жойбарлары» атамасында дөгерек сәўбети болып өтти. Сөйлесиўде Россия тәрепинен Россия Федерациясы Санаат ҳәм саўда министрлиги, «ВЭБ.РФ» Мәмлекетлик раўажланыў корпорациясы, «Россия экспорт орайы» АЖ, «BMB NRC AGROLOGISTICS»,  «Силовые машины», «Ростех», «Камаз», «Трансмашхолдинг», «МедПром», «Уралмашзавод», «Газпромбанк» сыяқлы Россияның жетекши компания ҳәм банклери, Өзбекстан тәрепинен болса министрликлер ҳәм уйымлар, тармақ бирлеспелери, коммерциялық банклердиң басшылары ҳәм бизнес ўәкиллери қатнасты. Ислеп шығылып атырған қоспа инвестициялық жойбарларды, еки ел исбилерменлери арасында санаат кооперациясын кеңейтиў, бизнес бирге ислесиўди арттырыў перспективасы додаланды.

Россия ҳәм Өзбекстан компаниялары арасында инвестиция, технология ҳәм санаат кооперациясы тараўларындағы бирге ислесиўдиң жоқары раўажланыў тезлиги ҳәм көлеми атап өтилди. Мәселен, «Силовые машины» АЖ ҳәзирги ўақытта Сырдәрья ҳәм Фарҳад ГЭСлери электр блокларын модернизациялаў жумысларын әмелге асырмақта. «Ростех» мәмлекетлик корпорациясы менен биргеликте Өзбекстанда «Камаз» жүк автомобильлерин жыйнаў өзлестирилди.

Сөйлесиў даўамында Россия исбилерменлери өз компанияларының технологиялық ҳәм инвестициялық потенциалы ҳаққындағы мағлыўматларды усынып, Өзбекстанда жумысты раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Энергетика, аўыл хожалығы логистикасы, металлургия, транспорт ҳәм билимлендириў тараўларында анық жойбарлық усынысларды ислеп шығыў бойынша бирге ислесиўди және де күшейтиў, тийкарғы тармақлар ҳәм тараўларда анық келисимлерге ерисиўге қаратылған әмелий ҳәрекетлер келисип алынды.

Дөгерек сәўбети жуўмағында «ВЭБ.РФ» мәмлекетлик раўажланыў корпорациясы Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки менен электрон хабарлар менен алмасыў шәртлери ҳаққында келисимге және «Kamaz Asiya Leasing» қоспа кәрханасы менен «Камаз» маркалы автомобиль ҳәм арнаўлы техника сатып алыўды қаржыландырыў бойынша кредит шәртнамасына қол қойылды.

Ташкент қаласы ҳәкими Жаҳонгир Ортиқхўжаев пенен өткерилген ушырасыўда бирге ислесиўде әмелге асырылыўы мүмкин болған перспективалы жойбарлар көрип шығылды. Ҳәким россиялы мийманларды пайтахтымызда жүз берип атырған өзгерислер менен таныстырып, соңғы еки жылда қурылыс жумысларының көлеми 32 процентке өскенин мәлим етти. Инвесторлар менен бирге ислесиўде әмелге асырылып атырған жойбарларға айрықша итибар қаратылып, онда қаланы раўажландырыў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў тийкарғы мәселе екени атап өтилди.

Атап айтқанда, Россия тәрепине Янги ҳаёт районының инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған және «Дәрья бойы бизнес сити» комплекси, Логистика орайы сыяқлы бир қатар жойбарлар таныстырылды.

Сапар шеңберинде делегация ағзалары Ташкент металлургия заводында да болды, сондай-ақ, «Россия экспорт орайы» АЖ да Ташкент медицина академиясы симуляция орайы ушын мөлшерленген әсбап-үскенелерди таныстырыў илажында қатнасты.

 

Ғ.ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы