Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде соңғы жылларда көрилген илажлардың нәтийжесинде аўыл хожалығы өнилериниң экспорты 2017-жылға салыстырғанда 2019-жылы 2 есеге көбейиўине, жылына 10 миллион тоннадан аслам овощ, 17 миллион тоннадан аслам басқа дийқаншылық өнимлери ҳәм 2,5 миллион тонна гөш жетистириўге ерисилди.
Соның менен бирге, жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң халықаралық стандартлар ҳәм қәўипсизлик талапларына толық жуўап бермеўи, азық-аўқат илеп шығарыўшылар ҳәм экспортшылар арасында өз-ара мүнәсибетлер дурыс жолға қойылмағанлығы мәмлекеттиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм жаңа базарларын ашыўда тосқынлық етпекте.
Мийўе-овощ, гөш, сүт ҳәм басқа да аўыл хожалығы азық-аўқат өнимлерин халықаралық сапа стандартлары тийкарында қайта ислеў көлемлерин арттырыў, ишки және сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы болған жергиликли азық-аўқат өнимлериниң түрлерин ислеп шығарыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў және халықты сапалы ҳәм қәўипсиз азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўди және де жақсылаў мақсетинде:
- 1. Аўыл хожалығы министрлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
мийўе-овощ, гөш, сүт ҳәм басқа да аўыл хожалығы азық-аўқат өнимлерин жетистиретуғын (ислеп шығаратуғын) кәрханалар менен бул өнимлерди қайта ислеўши, таярлаўшы ҳәм реализациялаўшы кәрханалар арасында өз-ара пайдалы қатнасықлар ушын шараятлар жаратыў;
жергиликли азық-аўқат өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм оларды диверсификациялаў, аймақлардың тәбийғый ҳәм экономикалық ресурсларынан өнимли пайдаланыў негизинде азық-аўқат санаатын раўажландырыўдың стратегиясы ҳәм моделлерин ислеп шығыў;
мийўе-овощ, гөш, сүт ҳәм басқа аўыл хожалығы азық-аўқат өнимлерин қайта ислеўши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўдың қаржылай ҳәм қаржылай емес илажлары – жаңа қураллар ҳәм мәлимлеме системаларын жаратыў, жоқары нәтийже беретуғын бағдарларда жойбарларды әмелге асырыў;
азық-аўқат санаатының раўажланыўына жеке меншик ҳәм тиккелей сыртқы инвестициялар ағымының тәсирин таллаў, прогнозлаў ҳәм бул бағдарда тийисли усынысларды ислеп шығыў;
заманагөй саўда ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў, жергиликли азық-аўқат өнимлерин жәҳән базарларына шығарыў, олардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, экспорттың потенциалын кеңейтиў және импорт көлемин азайтыў илажларын көриў.
- 2. Усы қарарға тийкарланып жүклетилген қосымша ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын Аўыл хожалығы министрлиги орайлық аппараты структурасында:
Аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў басқармасы негизинде басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 12 штат бирлигинен ибарат Азық-аўқат саннатын раўажландырыў бас басқармасы шөлкемлестирилсин;
министрдың орынбасары – Азық-аўқат саннатын раўажландырыў бас басқармасы баслығы лаўазымы енгизилсин.
Онда, Азық-аўқат санаатын раўажландырыў бас басқармасының 8 штат бирлиги қосымша штат бирликлерин киргизиў есабынан қәлиплестириледи.
- 3. Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў және виношылықты раўажландырыў агентлигиниң Виношылықты раўажландырыў қоры есабынан 20 миллион сум муғдарындағы қаржыларды Аўыл хожалығы министрлигиниң Аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм азық-аўқат тәмийнаты қоры (кейинги орынларда – Қор)ға өткерип бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 4. Төмендегилер Қордың қаржыларын жумсаўдың қосымша бағдарлары етип белгиленсин:
азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жаңа шөлкемлестирилип атырған перспективалы жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарланыўын таярлаў менен байланыслы қәрежетлердиң 50 процентин, бирақ ҳәр бир жойбар ушын 100 миллион сумнан көп болмаған муғдарда қаплаў;
азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жаңа шөлкемлестирилип атырған перспективалы жойбарлардың инфраструктурасын тәмийинлеў менен байланыслы қәрежетлердиң 50 процентин, бирақ ҳәр бир жойбар ушын 100 миллион сумнан көп болмаған муғдарда қаплаў;
азық-аўқат өнимлерин жетистириў ҳәм оларды терең қайта ислеў тараўына сырт ел экспертлерин тартыў менен байланыслы қәрежетлердиң 50 процентин, бирақ ҳәр бир жойбар ушын 50 миллион сумнан көп болмаған муғдарда қаплаў.
Аўыл хожалығы министрлиги Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажларын усыныў тәртиби бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 5. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХКтың:
«Өзбеказықаўқатхолдинг» ХКти сапластырыў;
«Өзбеказықаўқатхолдинг» ХК Азық-аўқат санааты кәрханаларын раўажландырыў, реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў қорының тамамлаў жуўмақларына бола қалдық қаржыларын Қорға өткериў ҳаққындағы усынысларына разылық берилсин.
- 6. «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХКти сапластырыў комиссиясы 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
- 7. Қаржы министрлиги сүт өнимлерин қайта ислеў қуўатлықларын шөлкемлестириў ушын Ҳүкимет кепиллиги астында тартылған халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел банклери алдындағы сапластырылып атырған «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХКтың қарыз қаржыларын график бойынша төлеп барылыўын тәмийинлесин.
- 8. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги коммерциялық банклер менен биргеликте:
азық-аўқат өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў системасын қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық финанс институтлар қаржыларының кеңнен тартылыўын;
халықаралық финанс институтларының тартылған қаржылары Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар кесиминде өним жетистириўшилер, қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўши шөлкемлерге мәнзилли жетип барыўын тәмийинлесин.
- 9. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Аўыл хожалығы және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың кадрларға болған мүтәжликлери тийкарында 2021/2021-оқыў жылынан баслап республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң «5321000-Азық-аўқат технологиясы (өнимлердиң түрлери бойынша)» және «5410500-Аўыл хожалық өнимлерин сақлаў ҳәм дәслепки ислеў технологиясы (өнимлердиң түрлери бойынша)» билимлендириў бағдарлары бойынша бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў түрлерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин басқышпа-басқыш артырып барыў илажларын көрсин.
Аўыл хожалығы министрлиги:
бир ай мүддетте тийисли билимлендириў бағдарларында (қәнигеликлер) тараў бойынша билим алып атырған студентлердиң әмелиятларын өтеў объектлери – жумыс бериўши шөлкемлер ҳаққындағы мағлыўматлар базасын қәлиплестирсин;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-декабрьге шекем азық-аўқат технологиялары тараўында заманагөй техника ҳәм технологияларды енгизген жетекши кәрхана, шөлкемлер ҳәм мәкемелер менен студенлердиң әмелиятларын өтеў бойынша өз-ара бирге ислесиў орнатыў ҳаққында тийисли илажларды әмелге асырсын.
- 10. Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
а) Бас министрдың орынбасары Ў.Барноев:
бир ҳәпте мүддетте аўыл хожалығы министриниң орынбасары – Азық-аўқат санаатын раўажландырыў бас басқармасы баслығының лаўазымына жүкленген ўазыйпаларды профессионал дәрежеде орынлаўға таяр болған, зәрүр теориялық билим ҳәм әмелий көникпелерге ийе жоқары маманлықтағы талабан бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизсин;
бир ай мүддетте аймақлардың тәбийғый ҳәм экономикалық ресурсларды есапқа алған ҳалда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм оларды қайта ислеў бойынша районлардың диверсификацияланыўын тәмийинлесин;
б) Аўыл хожалығы министрлиги (Ходжаев):
бир ай мүддетте Азық-аўқат санаатын раўажландырыў бас басқармасының жумысын жолға қойыў бойынша Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
бир ай мүддетте Азық-аўқат санаатын раўажландырыў бас басқармасын таңлаў тийкарында зәрүр теориялық билим ҳәм әмелий көникпелерге ийе заманагөй менеджмент ҳәм маркетинг усылларын ийелеген жоқары маманлықтағы кадрлар менен толықтырылсын;
еки ай мүддетте реже ҳүжжетлерине бул қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Норқулов) және Мәмлекетлик бажыхана комитети (Азимов) пенен биргеликте үш ай мүддетте азық-аўқат санаатында импорт етилип атырған товарлардың түри, классификациясы, муғдары, баҳасы және бул өнимлерди ислеп шығарып атырған жергиликли кәрханалар бойынша турақлы жаңаланып баратуғын мағлыўматлар базасын жаратсын ҳәм оны өзиниң рәсмий веб-сайтында жайластырсын;
в) Аўыл хожалығы министрлиги (Ходжаев) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Норқулов) және Қаржы министрлиги (Ишметов) менен биргеликте:
үш ай мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда аўыл хожалығы азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, қайта ислеў ҳәм реализациялаў, саўда-логистика және сақлаў орайларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў механизмлерин және де жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;
2021-жыл 1-январьға шекем республикада аўыл хожалығы азық-аўқат өнимлерине бар болған ишки талапты есапқа алған ҳалда 2021-2023-жылларға бағдарланған санаатлық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди кеңейтиў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
2021-жыл 1-мартқа шекем мийўе-овощ, гөш, сүт ҳәм басқа да аўыл хожалығы азық-аўқат өнимлерин қайта ислеўди жедел раўажландырыў бағдарламасының ислеп шығылыўы ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин;
г) Бас министрдың орынбасары С.Умурзоқов аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм олардың экспорт көлемлерин арттырыў мақсетинде халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыў илажларын көрсин;
д) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм район (қала) ҳәкимликлери бир ай мүддетте аймақлардың тәбийғый ҳәм экономикалық ресурсларын есапқа алған ҳалда азық-аўқат өнимлерин жетистириў ҳәм оларды қайта ислеў бойынша инвестициялық жойбарлардың интакерлерин анықласын ҳәм жойбарларды иске қосыў ушын турақлы әмелий жәрдем көрсетип барсын;
е) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (Ходжаев) Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм «Дунё» мәлимлеме агентлиги менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда қарарда белгиленген илажларды халық арасында кеңнен сәўлелендириў илажларын көрсин.
- 11. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы ПҚ-4292-санлы қарарына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- 12. Өзбекстан Республикасы Прездентиниң 2016-жыл 18-февральдағы «Республика азық-аўқат санаатын басқарыўды шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4292-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- 13. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев
Ташкент қаласы,
2020-жыл 9-сентябрь