Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги он биринши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе халықтың кем тәмийинленген қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Нөкис қаласы ҳәкиминиң Финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Қ.Хожанов баянат жасады. Буннан кейин шет елде жумыс ислеп келген жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў системасын және де жетилистириў илажлары мәселеcи бойынша Нөкис қалалық Бәнтликке көмеклесиў орайы баслығы С.Оразалиев, сондай-ақ, 2021-2023-жылларға мөлшерленген ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм канализация системаларын жақсылаў, ишимлик суўы тармақлары бойынша мониторинг жумысларының бүгинги күндеги барысы туўралы Нөкис қалалық суў тармақлары кәрханасы баслығы М.Утениязов шығып сөйледи.

– Бүгинги сессия мәжилисинде оғада әҳмийетли мәселелер қаралды, -дейди Нөкис қалалық халық депутатлары кеңесиниң депутаты Зульфия Сейтниязова. – Күн тәртибинде көрилген мәселелер халықты бүгинги карантин шараятынан тезирек алып шығыўға хызмет етеди.

Сессия жуўмағында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов қатнасып, күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги