Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң  оныншы  сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына секторлардың, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибиндеги халықтың кем тәмийинленген қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўжландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт елде мийнет етип келген жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ф.Примов кең түрде баянат жасады. Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Бас министриниң  басшылығында усы жылдың 24-август күни «2020-2021-оқыў жылына таярлық көриў жумыслары»на бағышланып өткерилген селектор мәжилиси тапсырмаларының орынланыўын барысы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши 25-санлы «Нәўбәҳәр» округлик сайлаў комиссиясының қурамы ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

Сондай-ақ, усы жыл 17-июльде «Аймақларда ишимлик суўы ҳәм канализация системаларын жақсылаў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў жумысларын жеделлестириў  илажлары ҳаққында» болып өткен видеоселектор мәжилисинде белгиленген тапсырмалардың орынланыў барысы, сондай-ақ, районда ишимлик суў ҳәм 2020-2023-жылларда Азия раўажланыў банки тәрепинен ажыратылыўы белгиленген қаржылардың есабынан жаңа суў линияларын тартыў мәселеси бойынша район ҳәкиминиң орынбасары И.Юсупов шығып сөйледи.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги