Усы жылдың 2-18-август күнлери аралығында Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы, Қарақалпақстан Республикасындағы Президенти Халық қабыллаўханалары тәрепинен алыс ҳәм шетки, турмыс шараяты аўыр аймақларда үйрениў жумыслары алып барылды.

Тийкарынан, Нөкис қаласы, Елликқала, Бозатаў, Тахтакөпир, Қараөзек, Кегейли, Шымбай, Әмиўдәрья, Тақыятас, Хожели, Нөкис, Шоманай, Қоңырат, Беруний районларындағы шетки аўыллардың бүгинги социаллық-экономикалық жағдайлары, халық машқалалары үйренилди.

Үйрениў даўамында бул жерлерде бир қатар машқалалардың бар екенлиги анықланды.

– Яғный, Қараөзек районы Транспорт аўылындағы жаўын-шашын ўақтында жоллардан жолаўшылар ҳәм транспортлардың жүриў имканияты дерлик жоқ екен,-дейди Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы бас қәнигеси F.Тлеумуратов. – Сондай-ақ, усы районның Транспорт аўылындағы, Шымбай районы менен байланыстырыўшы КС 3  коллекторындағы  көпир аўыр жағдайда. Бул өз гезегинде аймақ турғынларына, жолаўшыларға ҳәм мектеп оқыўшыларына қыйыншылықлар туўдырып атырғанлығы мәлим болды.

Сондай-ақ, үйрениў даўамында алдын жазғы мәдений дем алыў орынлары болып хызмет еткен имаратлар, мал фермалары, гүриш сақлаў орынлары, жазғы кинотеатрлар имаратлары бүгинги күнде қараўсыз қалғаны ушын шығынды таслаў орынларына айланғаны анықланды.

Аймақларда балалар бақшаларына аўыл балаларын камтып алыў төмен дәрежеде.  Әмиўдәрья районы Жумыртаў аўылында бақша жасындағы 377, Тақыятас районындағы Сарайкөл аўылында 276, Кегейли районы Бозжап аўылында 67 бала бақшаға қамтып алынбаған. Сондай-ақ, Әмиўдәрья районындағы «Тасқала» МПЖда 270 бақша жасындағы бала бар болса да, аймақта 40 баланы қамтып алыўшы бақша хызмет көрсетпекте. Тахтакөпир районы «Қоңыраткөл» АПЖ Кендирли аўылындағы бақша имараты аўыр жағдайға келгенлиги себепли өз хызметин көрсетиўин тоқтатқанлығы, бирақ усы аймақта 85 бақша жасындағы балалар бақшаға қамтып алынбағанлығы анықланды.

Алыс аўыллардағы мектеплердиң имаратлары, оқыў үскенелери аўыр жарамсыз жағдайға келип қалған.

Бозатаў районы «Аспантай» АПЖ, Хийўа аўылындағы мектеп көмек жолы менен салынған. Бул жерде тек басланғыш класс оқытылатуғынлығы (ҳәзир оқыўшылар саны 5), 5-класстан баслап аўыл оқыўшылары дәрьяның арғы тәрепиндеги Мойнақ районына қараслы Әлий аўылындағы мектепке қайық арқалы өтип оқыўға катнайтуғынлығы үлкен машқала туўдырмақта.

Медициналық хызмет дәрежелери төмен ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлери оптималласыў нәтийжесинде бос қалғаны, орта ҳәм жоқары медицина хызметкерлери жетиспеўшилиги анықланды.

Бул жағдайлар усы жерлерде тийисли уйымлар тәрепинен  имаратларын қурыў, реконструкциялаў, ири ҳәм киши оңлаў жумысларын алып барыў, материаллық техникалық базасын беккемлеў, турақлы мониторинг жумысларын өткериў сыяқлы жумысларды алып бармағанлығын көрсетпекте.

Сол тийкарда жоқарыда атап өтилген объектлерди үйрениўде анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге усыныслар берилди.

Үйрениў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги