Усы жыл 28-август күни Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти. Оған сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, ҳәкимлик бөлимлери, ҳуқық қорғаў уйымлары, кәрхана, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм билимлендириў мәкемелери, пуқаралар жыйынлары басшылары ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Cессия мәжилисинде, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм шет елде жумыс ислеп қайтқан жумыссыз пуқараларды жумысқа орналастырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм «2020-2023-жылларға мөлшерленген ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм канализация системасын комплексли раўажландырыў бағдарламасы»на Қанлыкөл районы бойынша киргизилип атырған жойбарларды үйрениў ҳәм тийисли усыныслар киргизиў, пандемия дәўиринде улыўма орта билим бериў мектеплеринде 2020-2021-жаңа оқыў жылын баслаў ушын мектеп оқыўшыларының ата-аналарынан алынған социаллық сораўнамалардың нәтийжелери ҳаққындағы мәселелер додаланды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша район ҳәкиминиң орынбасарлары С.Жуманова, М.Мамбетрзаев, Халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Т.Крыкбаевлардың есабаты тыңланды.

Сессияда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында усы жылдың 20-август күни жаңа система, тәртип ҳәм өзгеше мүнәсибет тийкарында экономикалық белсендиликти асырыў ҳәм де ҳәр бир район ҳәм қалаға қосымша резервлер жаратыў илажларына бағышланған видеоселектор мәжилисинде бир қатар тапсырмалар белгилеп берилди.

Карантин талапларының жумсартылыўы нәтийжесинде саўда, ислеп шығарыў, хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы ҳәм басқа тараўдағы кәрханалар, исбилерменлик субъектлери жумыслары тикленип, дәраматларын көбейтиўге мүмкиншилик пайда болды.

Сессияда көрилген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сессияда районлық Кеңес депутатларының белсендилигин арттырыў бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Жоқарғы Кеңес депутатлары өз пикир-усынысларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги