Кеңпейиллик

Ҳаял менен дүнья гөззал, деген сөзди тәкирарлаўды жақсы көремиз. Себеби ҳаял заты аналық меҳри менен шаңарақты, дүньяны жақты етеди.

Бирақ, тилекке қарсы, өмирде алжасып түрли жолларға кирип қалған ҳаял-қызлар да ушырасып турады. Бирақ, қәтелессе де, жынаятқа қол урса да аналарды кешириў мүмкин ҳәм керек. Себеби оның бир аўыз жыллы сөзине, жыллы мийримине мүтәж жүреклер бар.

Сонлықтан жәмийетимизде ҳаялларға турақлы мийрим-шәпәәт пенен кеңпейиллик көрсетилмекте. Социаллық қәўпи үлкен болмаған жынаятқа қол урған ҳаяллар тийисли шөлкемлердиң кепиллиги тийкарында қамалмастан, жазадан азат етилип атырғаны оның айқын дәлийли болып есапланады.

Мине усындай сиясат нәтийжесинде алжасқан, бирақ қәтесин түсинип, қылмысына шын кеўилден пушайман болған жазасын өтеп атырған ҳаялларға да жеңиллик  берилмекте. Олар жазадан мүддетинен алдын азат етилип, шаңарағы, перзентлериниң қушағына қайтарылмақта.

Өзбекстан Республикасының Жоқарғы судында жазаны орынлаў мәкемелеринде аўыр, оғада аўыр жынаятларға қол урып, түрли мүддетлерге еркинен айрылған жазасын өтеп атырған 18 ҳаялдың қадағалаў тәртибинде берген шағымлары көрип шығылды.

Жоқарғы суд баслығының орынбасары Икром Муслимовтың басшылығында  болып өткен ашық суд мәжилислеринде ҳәр бир ҳаялдың қадағалаў тәртибинде берген арзасы нызам шеңберинде толық үйренилди. Жазасын өтеп атырған ҳаяллар жазаның тийкарғы бөлегин өтегени, қылмысынан шын кеўилден пушайманлығы, жазаны өтеў процессинде өзиның унамлы  тәреплерин көрсетип, мәкеме басшылығының миннетдаршылық хатын алғаны айрықша итибарға алынды.

– Билместен нәшебентлик саўдасына араласып қалғаным ушын 2012-жылы 12 жыл мүддетке еркимнен айырылған едим, – дейди көзинде жас пенен 62 жаслы самарқандлы Лола апа. – Үш перзентим бар, олардың жақсы күнлеринде қатнаса алмадым. Ислеген исимнен мың мәрте пушайманман. Қайтып бул жолға улыўма кирмеймен. Қылмысым маған сабақ болды. Мени кеширгени ушын Президентимизге, халқымызға миннетдаршылығымды билдиремен. Ҳаялдың орны шаңарақта екен, басқа ҳаялларға да усы сыяқлы жынаятларға араласып қалмаўын тилеген болар едим.

Судтың шешими менен қол урған жынаяты ушын тайынланған жазаның тийкарғы бөлегин өтегени, қылмысын тән алғаны ҳәм пушайман болғаны, жасы ҳәм кепиллик хаты инабатқа алынып, 16 ҳаял жазадан мүддетинен алдынрақ азат етилип, шаңарағы, туўысқанларының қушағына қайтарылды. Екеўиниң жаза мүддетти қысқартылды.

Елимизде Ғәрезсизлик  байрамы алдынан бул қайырлы илаж ҳаялларға болған итибардың, халқымызға тән жоқары адамгершилик ҳәм кеңпейилликтиң және бир айқын дәлийли болды.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы