Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық қатнасықлары комитети және «Британия – Өзбекстан» жәмийети арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Усы мүнәсибет пенен онлайн тәризде шөлкемлестирилген илажда комитеттиң баслығы Рустамбек Қурбанов, Өзбекстан Республикасының Уллы Британия ҳәм Қубла Ирландия Бирлескен Патшалығындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Саид Рустамов және «Британия – Өзбекстан» жәмийетиниң баслығы Луи Скинер қатнасты.
Ушырасыўда қатнасыўшыларға комитеттиң структуралық дүзилиси, мақсет ҳәм ўазыйпалары және жумысы ҳаққында қысқа мағлыўмат берилди.
– Мәмлекетимизде ҳәзирги ўақытта 130 дан аслам миллет ўәкиллери бир шаңарақ ағзаларындай татыў өмир сүрмекте. Олар өзлериниң пәдәкерлик мийнети менен Өзбекстанның раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта, – деди комитеттиң баслығы Р.Қурбонов.
Атап өтиў керек, Өзбекстан дүньяның түрли мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы мүнәсибетлерин және де беккемлеўге қаратылған сиясат алып бармақта. Бул процессте, соның ишинде, халық дипломатиясынан да өнимли пайдаланылмақта. Мәмлекетимизде барлық миллет ўәкиллери ушын өз мәденияты, үрп-әдетин қәстерлеп-сақлаў, миллий қәдириятларын раўажландырыў ушын барлық шараят жаратылған. Атап айтқанда, бүгинги күнде Өзбекстанда 36 дослық жәмийети жумыс алып бармақта, 143 миллий-мәдений орай ислеп турыпты.
Бул илаждан гөзленген мақсет болса, усы комитет пенен «Британия-Өзбекстан» жәмийетиниң арасында бирге ислесиў меморанлдумына қол қойыў және келешекте еки мәмлекет арасындағы мәдений байланысларды және де беккемлеўге қаратылған.
Сондай-ақ, ушырасыўда Луи Скинер «Британия – Өзбекстан» жәийетиниң 20 жыллық тарийхында өз-ара халықтың дипломатиясын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, жәмийеттиң мақсет ҳәм ўазыйпалары, жумысы ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.
Атап өтиў зәрүр, Уллы Британия Өзбекстанды Орайлық Азияда ең турақлы раўажланып атырған, үлкен экономикалық-социаллық потенциалға ийе бирге ислесиўши мәмлекет сыпатында көреди. Соңғы жылларда мәмлекетлеримиз арасында түрли тараўлар, соның ишинде мәденият, көркем-өнер бағдарындағы бирге ислесиў байланысларының және де раўажланып атырғанлығы мақтаўға ылайық. Бунда еки мәмлекет ҳалықларының арасындағы халық дипломатиясына тийкарланған байланыслар үлкен әҳмийетке ийе болып келмекте. Сонлықтан, тәреплер бул бағдардағы бирге ислесиўди келешекте де кеңейтип барыў әҳмийетли ўазыйпа екенин айрықша атап өтти. Қалаберсе, усындай илажлар да халықларымыз арасындағы мәдений байланысларды және де беккемлеўге хызмет етиўи гүмансыз.
Ушырасыў жуўмағында ҳәм «Британия – Өзбекстан» жәмийетиниң арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылып, тәреплердиң өз-ара бирге ислесиўин және де беккемлеўге келисип алынды.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы