Хабарыңыз бар, Халық билимлендириў министрлиги 3 сценарий бойынша ислеп атырған еди: 1) дәстүрий мектепти ашыў, 2) онлайн мектеп арқалы оқытыў ҳәм 3) аралас (гибрид) сценарий – ҳәм дәстүрий ҳәм онлайн. Телеграм арқалы дерлик 1 млн. пайдаланыўшы қатнасқан сораўнамада 70 процент ата-ана баланың денсаўлығынан қәўетерде болып, үйде өзи онлайн оқытыўы мүмкин екенлиги, 30 проценти болса пандемия шараятында да перзентин мектепке жиберетуғынын билдирген.

Бул ҳаққында Халық билимлендириў министри Шерзад Шерматов ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

«Халықтың көбирек қатламын разы етиўди есапқа алып, тек ғана 3 сценарий, яғный ата-аналардың өзлерине таңлаў ҳуқықын бериў ең оптимал вариант болып тур.

Бир тәрептен, интернетте айырым мәмлекетлерде мектеплер ашылып, кеселликтиң көбейиўи нәтийжесинде қайтадан жабылғаны, балалар өзи күшли кеселленбесе де, үлкенлерге қарағанда күшлирек вирус тасыўшысы болыўы мүмкин екенлиги ҳаққында хабарлар тарқалып атыр.

Екинши тәрептен, бул виурстан жақын арада қутылмайтуғынымызды, вакцина ислеп шығылған жағдайда да оны барлық қәўипсизлик сынақларынан өткериўге ҳәм ислеп шығарып бизге жетип келиўине шекем әдеўир ўақыт кететуғыны да анық. Соның ушын, усы ўақыт ишинде перзентлеримиз билим алыўдан артта қалып кетпеўи керек.

Карантин қағыйдаларының жумсартылыўы кеселлик жағдайларының артыўына алып келиўи мүмкин екенлиги, оларды емлеўге де қосымша ўақыт талап етилиўи керек екенлиги және оқыў басланыўынан алдын оларды емлеп, азайтыў зәрүрлиги сыяқлы факторларды есапқа алып экспертлердиң пикринен келип шығып, быйылғы оқыў жылын 14-сентябрь – дүйшемби күнинен баслаў усыныс сыпатында киргизилди.

Сондай-ақ, бир ҳәпте алдын сынаў түринде вирус тарқалмаған қәўипсиз аймақлардағы айырым киши мектеплерди ашыў, бул процессте барлық илажларды толық ҳәм дурыс әмелге асырылыўын үйренип шығыў да режелестирилген. Мектепке оқыўшылардың бир ўақытта келмеўи, кирип атырғанда температурасының өлшениўи, барлық сабақлар бир класс ханасында өтилиўи, тәнеписте класс ханасының самаллатылыўы. оқыўшыларға социаллық аралықты сақлаўды түсиндириў сыяқлы бир қатар талаплар ислеп шығылып, орынлардағы барлық мектеплерде орынланыўын тәмийинлеў илажлары көрилиўи керек болады.

Соның ушын, барлық мектеплерде ата-аналардан сораўнамалар өткерилмекте. Бизге ҳәр бир ата-ананың пикири зәрүр. Илтимас, усы сораўнамада белсене қатнасың! Пандемия шараятынан келип шығып, сизиң перзентиңиз мектеп ашылғанда мектепке барып оқый ма ямаса үйден онлайн оқый ма деген сораўға тек ғана сиз жуўап бере аласыз! Бизге болса бул сораўнамалар барлық мектеплер кесиминде анық, объектив жағдай бойынша мағлыўматты жыйнаўға имканият береди.

Мектеплердиң қайта ашылыўы, билимлендириўди аралас көринисте шөлкемлестириў, әлбетте, мектеп жәмәәтине қосымша жуўапкершилик ҳәм ўазыйпаларды жүклейди. Соның ушын, бул процесслерде, ҳүрметли ата-аналарымызда, педагоглардың мийнетин де қәдирлеўин сорап қаламыз!

Қосымшадағы халық билимлендириў министрлигиниң рәсмий мүрәжатын кеңирек халыққа жеткериўде жәрдемиңизди аямайсыз деп үмит етемиз», дейди Халық билимлендириўи министри.

 

ӨзА