Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жыллары елимизде жедел инвестициялық ҳәм сыртқы саўда жумысын әмелге асырыўда экономика тармақларын қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
2017-2019-жыллары экономикада өзлестирилген инвестициялар көлеми 2,1 есеге, соның ишинде, орайластырылған инвестициялар есабынан 2,8 есеге артқан. Жалпы ишки өним қурамындағы инвестициялар үлеси 2016-жылдағы 21 проценттен 2019-жыл жуўмағына бола 38 проценттен көбирекке өсти. Бул дәўирде сыртқы саўда айланысының көлеми 1,7 есеге артты.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўдадағы жоқары пәт санаат өнимлери өндириси көлемлериниң 1,24 есеге, қурылыстың 1,44 есеге өсиўине хошаметлеўши тәсир көрсетти, олардың жалпы ишки өним қурамындағы үлеси болса 24,1 проценттен 33,2 процентке шекем өсти.
Соның менен бирге, коронавирус глобал пандемиясы кооперация байланысларының бузылыўы, өнимге талаптың ҳәм сатыў базарларының қысқарыўы ақыбетинде экономиканың бир қатар тармақлары ҳәм тараўларындағы кәрханалардың өндирис пәтин шеклейтуғын тәсир өткериўде даўам етпекте.
Жергиликли ислеп шығарыўшыларды жергиликли санаат өнимлериниң ислеп шығарыў көлемлерин ҳәм номенклатурасын кеңейтиў, тармақлараралық кооперацияны тереңлестириў ҳәм қосымша қун шынжырын раўажландырыўда қосымша қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бәсеки орталығын раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар системасында жергиликли ислеп шығарыўшылардың қатнасын кеңейтиў мақсетинде:
- 1. Министрлер Кабинетиниң төмендеги усынысына келисим берилсин:
а) 2020-жыл 1-ноябрьден:
устав қорында (капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық тәреплер, сондай-ақ, устав қорының (капиталының) 50 проценти ҳәм оннан артығы 50 процент ҳәм оннан артық муғдарда мәмлекетлик үлесине ийе юридикалық тәрепке тийисли болған юридикалық тәреплер (кейинги орынларда – корпоратив буйыртпашылар) ушын сондай тәртип орнатылады, оған бола улыўма баҳасы базалық есаплаў муғдарының 50 мың есесинен жоқары болған импорт товарлары (жумыслар, хызметлер) сатып алыўларының мақсетке муўапықлығы ҳәр шеректе дизими тастыйықланған ҳалда бақлаў кеңеслери (шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилиси) тәрепинен мәжбүрий тәртипте көрип шығылады;
сырт елде ислеп шығарылған айрықша товарлар, сырт ел шахслары тәрепинен орынланатуғын жумыслардың (хызметлердиң) мәмлекетлик сатып алыўлардағы қатнасын ўақытша қадаған етиў ҳәм шегаралаў механизми киргизиледи;
Мәмлекетлик сатып алыўлардағы қатнасы ўақытша қадаған етилген ҳәм шагараланған, сырт елде ислеп шығарылған товарлар, сондай-ақ, сырт ел пуқаралары тәрепинен орынланатуғын жумыслардың (хызметлердиң) дизимине киргизилмеген өнимлер бойынша тендер (таңлаў) қатнасыўшыларының усынысларын баҳалаўда халықаралық тәжирийбеге муўапық жергиилкли ислеп шығарылған товарларға қарата импорт товарларының CIP (Өзбекстан) баҳасынан 15 проценттен аз болмаған муғдарда преференция бериледи;
аймақлық бюджет буйыртпашылары тәрепинен әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша сатып алыў комиссияларының қурамына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң өндиристи локализациялаў ҳәм санаатта кооперация байланысларын кеңейтиў мәселелери бойынша жәрдемшилери мәжбүрий тәртипте киргизиледи;
б) 2021-жыл 1-январьдан стратегиялық әҳмийетке ийе хожалық жәмийетлери ҳәм кәрханалар ушын товарлар (жумыслар, хызметлер) сатып алыўдың айрықша тәртиплери бийкар етиледи.
Министрлер Кабинети 2021-жыл 1-январьға шекем стратегиялық әҳмийетке ийе хожалық жәмийетлери менен кәрханаларда мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызамшылық талапларына ҳәм корпоратив басқарыўдың заманагөй приницплерине муўапық товарлар (жумыслар, хызметлер) сатып алыўларын өткериўдиң ишки тәртиплериниң енгизилиўин тәмийинлесин.
- 2. а) Мәмлекетлик сатып алыўлардағы қатнасы ўақытша қадаған етилген ҳәм шегараланған, сырт елде ислеп шығарылған товарлар, сондай-ақ, сырт ел пуқаралары тәрепинен орынланатуғын жумыслардың (хызметлердиң) дизими Министрлер Кабинети тәрепинен қәлиплестирилетуғыны ҳәм тастыйықланатуғыны белгиленсин:
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен келисилген қоспа усыныслары;
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң электрон кооперация порталында (кейинги орынларда – cooperation.uz порталы) жайластырылатуғын және тийисли сертификатларға ийе болған товарлар (жумыслар, хызметлер) ҳәм олардың ислеп шығарыўшылары ҳаққындағы мағлыўматлар;
б) усы қарар 1-бәнтиниң «а» киши бәнти:
халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанслық шөлкемлериниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын;
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң товарлар (жумыслар, хызметлер) сатып алыўдың басқа тәртиби орнатылған өз алдына қарарлары бойынша дүзилетуғын;
қорғаныў қәбилетин, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ишки тәртипти сақлаў мақсетинде әмелге асырылатуғын, сондай-ақ, мәмлекетлик сырлар менен байланыслы болған сатып алыў процесслери ҳәм шәртнамаларға қоланылмайды.
- 3. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы 2020-жыл 1-октябрьге шекем республикамызда ислеп шығарылатуғын өнимлерди толық үйрениў тийкарында Мәмлекетлик сатып алыўлардағы қатнасы ўақытша қадаған етилген ҳәм шегараланған, сырт елде ислеп шығарылған товарлар, сондай-ақ, сырт ел пуқаралары тәрепинен орынланатуғын жумыслардың (хызметлердиң) дизимин Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
- 4. 2020-жыл 1-октябрьден сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылардың басшылары сатып алыныўы нәзерде тутылған товарлар (жумыслар, хызметлер) дизимин қәлиплестириўди оларды cooperation.uz порталында дизимнен өткен жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алыў имканиятын мәжбүрий тәртипте үйренеди;
корпоратив буйыртпашы – кәрханалар басшылары жергиликли ислеп шығарыўшылардан (техникалық көрсеткишлер, өндирис көлемлери ҳәм мүддетлери бойынша) сатып алыў имканияты болмаған жағдайда товарлар (жумыслар, хызметлер) дың корпоратив сатып алыўларын импорт арқалы әмелге асырыўдың мақсетке муўапықлығын бақлаў кеңеслерине (шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилислерине) тийкарлап береди;
кәрханалардың бақлаў кеңеслеринде (шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилислериндеги) мәмлекет ўәкиллери басқарыў уйымларының мәжилислеринде улыўма баҳасы базалық есаплаў муғдарының 50 мың есесинен жоқары болған импорт товарлар (жумыслар, хызметлер) сатып алыўларының тийкарланғанына байланыслы мәселелердиң көрилиўин тәмийинлейди, бунда өндирис резервлериндеги импорт товарларының қоймаханаларындағы қалған бөлегин олардың кәрхана жумысына тартылыўы бойынша илажларды қолланған ҳалда таллайды;
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәр шеректе мәмлекетлик ўәкиллер тәрепинен бақлаў кеңеслеринде (шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилислеринде) усы қарардың талапларына әмел етилиўин таллап, нәтийжелери бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизеди;
бюджет қаржыларын бөлистириўши министрликлер ҳәм уйымлар мәкемеге тийисли шөлкемлерде импорт сатып алыўларын оптималластырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде ажыратылған қаржылардың нәтийжели ҳәм мақсетли ислетилиўи үстинен системалы қадағалаўды жолға қойыў илажларының көрилиўин тәмийинлейди;
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәр айда импорт бойынша алып келинип атырған товарлар (жумыслар, хызметлер) көлемин ҳәм номенклатурасын таллайды, сондай-ақ, тармақлар, кәрханалар ҳәм аймақлар басшылары тәрепинен импортты оптималластырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин баҳалап, оларды Министрлер Кабинетине киргизеди;
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәр шеректе санаат тармақлары ҳәм аймақлар кесиминде ишки базарда талап жоқары болған өнимлер бойынша қосымша қун шынжырын раўажландырыўға байланыслы усынысларды ислеп шығады ҳәм Министрлер Кабинетине киргизеди;
Орайлық банк корпоратив буйыртпашылардың офшор юрисдикция аймақларында дизимнен өткен компаниялар есабынан әмелге асырған валюта операциялары ҳаққындағы мағлыўматлар коммерциялық банклер тәрепинен ҳәр айда Есап палатасы ҳәм Министрлер Кабинетине берилиўин тәмийинлейди;
Қаржы министрлиги бюджет шөлкемлериниң келеси дәўир ушын қәрежетлер сметасын келисиўде қәрежетлердиң қәлиплесиўин, соның ишинде, cooperation.uz порталының мағлыўматларынан келип шыққан ҳалда товарлардың баҳасын анықлаў арқалы қадағалайды;
Есап палатасы ҳәр шеректе импорт сатып алыўларын әмелге асырыўда мәмлекетлик бюджет, бюджеттен тысқары қорлар және корпоратив буйыртпашыларды тартылған ҳәм өз қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўын таллайды;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң өндирис локализациялаў ҳәм санаатта кооперация байланысларын кеңейтиў мәселелери бойынша жәрдемшилери республикамызға импорт етилип атырған товарлардың көлеми ҳәм номенклатурасы ҳаққындағы статистикалық мағлыўматлар тийкарында аймақларда талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша илажларды әмелге асырады, сондай-ақ тийисли аймақларда ислеп шығарылып атырған өнимлер ҳаққындағы мағлыўматларды cooperation.uz порталында толық жайластырылыўын тәмийинлейди;
Министрлер Кабинети ҳәр айда өз комплекслери кесиминде сатып алыўларды оптималластырыў қосымша қун шынжырын раўажландырыў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўлар арасында кооперацияны кеңейтиў бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары – мәмлекетлик буйыртпашылардың басшылары ҳәм кәрханалардың басқарыў уйымларындағы мәмлекет ўәкиллери тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин көрип шығады.
- 5. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:
Олий Мажлиске «мәмлекетлик сатып алыўлардың стратегиялық субъекти» түсинигин бийкар етиў, сырт елде ислеп шығарылатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыўлардағы қатнасын қадағалаў ҳәм шегаралаў, мәмлекетлик сатып алыўлардың усылларын кеңейтиў ҳәм олардың ашық-айдынлығын, соның ишинде, тендер (таңлаў) сатып алыўларының нәтийжелерин ашық дәреклерде жәриялаў жолы менен әмелге асырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўларда нызамшылық талапларының бузылыўына жол қайған мәмлекетлик буйыртпашылар ҳәм бақлаў кеңеслериниң жуўапкершилигин арттырыў бойынша өлшемлерди нәзерде тутатуғын «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызам жойбарын (жаңа редакцияда) киргизсин;
Мәмлекетлик сатып алыўлардағы қатнасы ўақытша қадаған етилгени ҳәм шегараланған, сырт елде ислеп шығарылған товарлар, сондай-ақ, сырт ел пуқаралары тәрепинен орынланатуғын жумыслардың (хызметлердиң) дизимин қәлиплестириў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын;
Мәмлекетлик сатып алыўларда жергиликли ислеп шығарылған товарларға (жумысларға, хызметлерге) преференциялар бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- 6. Халықаралық аудиторлық компанияларын тартқан ҳалда Мәмлекетлик сатып алыўлар субъектлериниң сатып алыў системасын аудиттен өткериў кестеси қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Есап палатасы Қаржы министрлиги менен биргеликте тастыйықланған кестеге муўапық импорт сатып алыўларының аудитин өткериўде халықаралық аудиторлық компаниялары менен бирге ислесиўди тәмийинлесин ҳәм аудит нәтийжелери бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 7. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте 2020-жыл 1-ноябрьге шекем:
cooperation.uz порталында республикада ислеп шығарылып атырған барлық товарлар (жумыслар, хызметлер) дың техникалық көрсеткишлери 10 санлы ТИФ ТН коды ҳәм ислеп шығарыўшыларға байланыс мағлыўматлары менен биргеликте жайластырылыўын және турақлы түрде жаңалап барылыўын;
cooperation.uz порталының Сыртқы саўда операциялары бирден-бир электрон мәлимлеме системасы (ССОБЭМС) ҳәм Мәмлекетлик сатып алыўлардың арнаўлы электрон порталы (xarid.uz) интеграциясын тәмийинлесин.
- 8. Мәмлекетлик бажыхана комитети:
мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде жеткерип берилип атырған импорт товарларының баҳалары мониторингин «риск-таллаў» усыллары, сондай-ақ, «айналы статистика» мағлыўматларынан пайдаланған ҳалда күшейтсин және сезилерли айрықша жағдайлары ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр ай Министрлер Кабинети, Есап палатасы ҳәм Қаржы министрлигине усынсын;
бажыхана қоймаханаларында сақланып атырған, мүддети үш айдан асқан товарлардың номенклатурасы ҳәм көлеми ҳаққындағы мағлыўматларды мәмлекетлик буйыртпашылар кесиминде ҳәр айда Министрлер Кабинети ҳәм мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине инам етсин және оның рәсмий сайтында жәрияласын;
товалардың баҳасын азайтып алып кирилиўине жол қоймаў бойынша ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлесин.
- 9. «Өзстандарт» агентлиги:
еки ай мүддетте сапасыз, сертификатланбаған ҳәм қәлбеки, атап айтқанда, Европа Аўқамы (ЕА) ҳәм Евразия Экономикалық Аўқамында (ЕАЭА) қәўипли өнимлер ҳаққында оператив хабар бериў мәлимлеме системаларына киргизилген ЕА ҳәм ЕАЭА еллерине алып кириў қадаған етилген өнимлердиң ислеп шығарылып атырғаны ҳәм алып кирилип атырғаны ҳаққындағы мәлимлеме системасын енгизсин;
Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте 2021-жыл 1-январьдан сырт еллерде қәўипли өнимлер ҳаққында оператив хабар бериў мәлимлеме системасына киргизилген өнимлерди «еркин айланысқа шығарыў ушын» бажыхана режимине рәсмийлестириў қадаған етилсин;
2021-жыл 1-январьға шекем халықаралық, регионлараралық ҳәм сырт ел стандартларын оларды тийкарғы тилиндеги өнимге талапларды өзгертпей тап сондай көринисте қабыл етиў арқалы, 1995-жылға шекем тастыйықланған 5 236 стандартлар «тәртипке салыўшы гильотина» усылында бийкар етилиўин тәмийинлесин;
ислеп шығарған мәмлекеттиң техникалық регламент талапларының стандартлары ҳәм нормаларына муўапық болмаған өнимлер ҳаққында сертификация уйымларына мағлыўмат жиберсин және олардың ишки базарға айланысқа шығарылмаўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды орнатсын;
еки ай мүддетте «риск-таллаў» усылларынан пайдаланған ҳалда импорт етиўшилер ҳәм ислеп шығарыўшылар тәрепинен әмелдеги стандартлар, техникалық регламентлер ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлер сапасына қойылатуғын талапларға әмел етилиўи бойынша қаадағалаўды күшейтиў, сондай-ақ, тийисли талапларға жуўап бермейтуғын өнимлерди ислеп шығарыў, импорт ҳәм реализация еткени ушын олардың жуўапкершилигин арттырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 10. Экспорт ҳәм инвестицияларды раўажландырыў мәселелери бойынша ҳүкимет комиссиясы:
устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған акционерлик жәмийетлер ҳәм кәрханалардың бақлаў кеңеслери менен биргеликте бир ай мүддетте инвестициялық жойбарларды тастыйықланған қаржыландырыў дәреклери болмаған жағдайда тоқтатыў ямаса бийкар етиў ҳәм социал-экономикалық мақсетке муўапықлылығы бойынша қатлаўдан өткерсин;
еки ай мүддетте корпоратив буйыртпашылар тәрепинен дүзилген әмелдеги узақ мүддетли импорт шәртнамаларын коронавирус пандемиясы ямаса шәртнама шәртлериниң өзгериси шараятында баҳаларды пәсейтиў имканиятлары бойынша үйренсин;
бир ай мүддетте министрликлер, басқармалар, аймақлар ҳәм кәрханалар басшылары тәрепинен инвестиция жойбарлары нәтийжели әмелге асырыў ҳәм импортты оптималластырыў мәселелери бойынша көрилип атырған илажлар нәтийжелилигин баҳалаўшы анық индикаторларды (КРI)тастыйықланған ҳалда, ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине ҳәр бир басшы ерискен индикаторлар бойынша мағлыўматларды киригизип барсын.
- 11. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте:
2021-жыл ушын Инвестиция бағдарының мәнзилли бөлегин ислеп шығарыўда орайласқан дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын жаңадан басланатуғын инвестициялық жойбарларды олардың әмелге асырыўдың социал-экономикалық мақсетке муўапықлығы бойынша пуқта экспертиза өткерсин;
2021-жылдың 1-январына шекем мәмлекетлик инвестицияларды басқарыўды баҳалаўдың улыўма қабыл етилген принциплери (PIMA) тийкарында орайласқан дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын инвестициялық жойбарларды толық ҳәм үзликсиз мониторинг етиў системасын, соның ишинде, инвестициядан кейинги дәўирде (объект иске түсирилгеннен кейин 3-5 жыл даўамында) ерисилген мақсетли көрсеткишлерди таллаў ҳәм жойбарлардың мәмлекет, тармақ, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға тәсирин баҳалаўды ҳәр жылы өткериў тийкарында мониторинг етиўди нәзерде тутыўшы системаны ислеп шықсын ҳәм енгизсин.
- 12. Тариф ҳәм тарийфлик емес тәртипке салыў кеңеси еки ай мүддетте халықаралық тәжирийбени ҳәм Жәҳән саўда шөлкемлери келисиўлериниң қағыйдаларын үйрениў тийкарында Министлер Кабинетине:
сыртқа саўданы тәртипке салыўдың жаңа тәртибин, соның ишинде, тариф, тәрифлик емес ҳәм тарифли квоталаў илажлары арқалы импортын оптималластырыў бойынша оператив қарарларды қабыл етиў бойынша еле де масласыўшы механизмлерди енгизиўди нәзерде тутыўшы комплексли усынысларды;
Импорт етилетуғын товарларға қарағанда ўақытша тариф квоталарын қоллаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў бойынша ҳүкимет қарары жойбарын киргизсин.
- 13. Төмендегилерге:
бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылар басшыларына жүкленеди – мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда қаржылардың нәтийжели ҳәм мақсетли ислетилиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, ашық-айдынлықты тәмийинлеўге әмел етиў бойынша;
Мәмлекетлик бажыхана комитети баслығы М.Б.Азимовке жүклетилсин – мәмлекетлик сатып алыўлардағы қатнасыўшы ўақытша қадаған етилген, сырт елде ислеп шығарылған товарлар, сондай-ақ, сырт елли шахслар тәрепинен орынланатуғын жумыслардың (хызметлердиң) дизимине киргизилген товарлардың мәмлекетлик сатып алыўы шеңберинде импорт етилиўине жол қоймаўы бойынша;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине жүклетилсин – локализация етилетуғын өнимлерди ислеп шығарыў бойынша тастыйықланған көрсеткишлердиң толық орынланыўы, инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы, сондай-ақ, киши аймақлық ҳәм ири тармақ кәрханалары арасында коорперация байланысларын кеңейтиў бойынша;
Бас министр орынбасары Ж.А.Қучқоровқа жүклетилсин – мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде импорты оптималластырыў, мәмлекетлик тармақ ҳәм аймақларды қосылған қосымша қун шынжырын раўажландырыў илажларының нәтийжелилиги бойынша;
Бас министр орынбасары С.У.Умурзоқовқа жүклетилсин – ишки ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған жоқары қосылған қунлы өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге қамтып алынатуғын инвестициялардың нәтийжелилиги бойынша;
Бас министр орынбасарлары ҳәм мәсләҳатшилери Ў.И.Барноев, Б.А.Мусаев, А.А.Абдуҳакимов, О.М.Умаровларға жүклетилсин –жуўапкер министрликлер, басқармалар, хожалық жәмийетлери ҳәм кәрханалар басшылары тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызамшылық талапларының сапалы орынланыўын шөлкемлестириў, сондай-ақ, тийисли тармақларда бюджет қаржаларының нәтийжели жумсалыўы бойынша;
Бас министр А.Н.Ариповқа жүклетилсин – Бас министр орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, министрликлер, тармақ басшылары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары, сондай-ақ, бақлаў кеңеслериндеги (шөлкемлестириўшилердиң улыўма жыйналысларындағы) мәмлекет ўәкиллери тәрепинен усы қарар менен жүкленген жоқарыдағы ўазыйпалардың орынланыўының жуўмақлары нәтийжелери ушын, зәрүр жағдайларда мәжбүрий жуўапкершилик илажларын қоллаў, соның ишинде ийелеп турған лаўазымынан азат етиў бойынша усыныслар киргизиў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- 14. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 15. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүклетилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 21-август