«ЕҢ УЛЛЫ, ЕҢ ӘЗИЗ»

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбексткан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы, «Өзбеккино» миллий агентлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, «Тасвирий ойина» дөретиўшилик аўқамы, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы елимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығына бағышланған «ЕҢ УЛЛЫ, ЕҢ ӘЗИЗ» дәстүрий таңлаўын жәриялады.

Таңлаўға «Сен – қүдирет дәреги, бахыт мәкәны, жанажан Өзбекстаным!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген ҳәм 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша ҳәрекетлер стратегиясы және «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде елимизди ҳәр тәреплеме абат етиў, оның экономикалық қүдиретин әмелге асырылып атырған реформаларды, Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги статусы ҳәм абырайының артып атырғаны, пандемия шараятында да мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысындағы өзгерислер избе-из даўам етип атырғанын турмыслық мысаллар ҳәм илимий тийкарланған таллаўлар тийкарында әдил жарытыўшы дөретиўшилик шығармалар қабыл етиледи.

«Ең уллы, ең әзиз» дәстүрий таңлаўы төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:

– жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары;

– баспа ҒХҚ хызметкерлериниң журналистлик жумыслары;

– ғалаба хабар қуралы сыпатында дизимге алынған веб-сайтлардағы интернет-журналистика материаллары;

– телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары;

– сүўретлеў өнери, фото шығармалары ҳәм дизайн жумыслары;

– кино көркем өнериниң шығармалары.

Сондай таңлаў шеңберинде Ғәрезсизлик декларациясы қабыл етилгеиниң отыз жыллығы мүнәсибети менен баспа ҒХҚ, веб-сайт, телеканал ҳәм радиоканаллардың дөретиўшилери ушын ҳәр бир бағдар бойынша биреўден «Ең жақсы журналистлик материал ушын» хошаметлеўши номинация енгизилмекте.

Таңлаўға 2019-жылдың 15-августынан 2020-жылдың 15-августына шекем болған дәўирде рәсмий басып шығарылған әдебий-көркем шығармалар, газета-журналлар ҳәм интернет басылымларында жәрияланған мақалалар, радио ҳәм телеканалларда эфирге қойылған материаллар,  көрсетилген сүўретлеў өнери ҳәм кино көркем өнериниң шығармалары усы жылдың 10-сентябрьге шекем қабыл етиледи.

Таңлаў жеңимпазлары 2020-жылдың сентябрь айында сыйлықланады ҳәм олардың дизими баспасөзде жәрияланады.

Коронавирус пандемиясы себепли карантин қағыйдаларынан келип шығып, таңлаўға жиберилетуғын дөретиўшилик жумыслар онлайн түрде қабыл етиледи.

Қатнасыўшылар (автор ҳәм оның профессионаллық жумысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат; паспорт нусқасы; манзил ҳәм байланысыў телефонларын қосымша еткен ҳалда) өз дөретиўшилик жумысларын «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўына және «Ең жақсы журналистлик материал ушын» номинациясына деп (номинация бағдарын) көрсеткен ҳалда төмендеги түрде ҳәм форматларда tanlov2020@aimc.uz электрон почтасына ямаса @tanlov2020 телеграмм мәнзилине жибериўи тийис:

– жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары, баспа, ҒХҚ хызметкерлериниң журналистлик жумыслары  pdf форматта;

– ғалаба хабар қуралы сыпатында дизимге алынған веб-сайтлардағы интернет-журналистика материалларының силтемелери  (ссылка) көрсетилген ҳалда;

– сүўретлеў өнери, фото шығармалары дизайн жумыслары JPG фотматта;

– кинокөркем шығармаларының AVI форматтағы google disk, yandex disk ямаса басқа вертуал ресурсларға жүкленип, силтемеси жибериледи (бул дәрек 30 күн даўамында ислеп турыўы зәрүр);

– телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары mp3 және AVI форматта google disk, yandex disk ямаса басқа виртуал ресурсларға жүкленип силтемеси жибериледи (бул силтеме 30 күн даўамында ислеп турыўы зәрүр).

Еслетпе:  жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары бир китаптан, кино көркем өнериниң шығармалары бир толық метражлы киношығармадан баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң материаллары, сүўретлеў өнери, фото шығармалары ҳәм дизайн жумыслары үшеўден аз болмаўы зәрүр.

Қосымша мағлыўмат алыў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ғлаба коммуникациялар агентлигиниң (71) 244-32-33 телефон номерине мүрәжат етиў мүмкин.

 

ӨзА