Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 12-август күни аймақларда санаатты раўажландырыў, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Санаат кәрханалары экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, жумыс орынларын сақлап қалыў ҳәм жаңаларын жаратыўда әҳмийетли орын ийелейди. Сонлықтан пандемияға қарамастан елимизде бундай кәрханалардың үзликсиз ислеўи ушын шараятлар жаратып берилди.

Соның нәтийжесинде жылдың биринши ярымында «Өзэлтехсанаат», «Өзавтосанаат», тоқымашылық, былғары аяқ кийим, металлургия, электр энергиясы тармақларында өсиўге ерисилген. Қорғантепа, Қумқорған, Ромитан, Музрабат, Избасқан, Нарын ҳәм Янгибазар районларында санаат өндирисиниң көлеми бир неше есеге көбейген.

Бирақ, улыўма есапта алғанда, биринши ярым жыллықта санаат өниминиң көлеми 167 триллион сумды қурап, өткен жылғыға салыстырғанда 1,9 процентке азайған.

Таллаўларға бола, қалған алты айда  229 триллион сумлық санаат өнимин ислеп шығарып, жыл ақырына шекем бул бағдардағы көрсеткишти 3,5 процентке арттырыў ушын барлық имканиятлар бар. Оның ушын ҳәзирги қыйын ҳәм айрықша жағдайдан келип шығып, санаат сиясаты, жумыс усылын ҳәм көзқарасларды өзгертиў, бәсекиге шыдамлы товарлар шынжырын шөлкемлестириў зәрүр.

Видеоселектор мәжилисинде бул бағдардағы әҳмийетли мәселелер додаланды. Бәринен бурын, аймақлар ҳәм тармақлар тығыз бирге ислесиўи кереклиги атап өтилди.

Мысалы ушын, Қарақалпақстанда екинши ярым жыллықта 7,8 триллион сумлық санаат өнимин ислеп шығарыў режелестирилген. 5 ири жойбарды пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген. Тоқымашылық, химия тармақларындағы бул жойбарлардың есабынан 500 жаңа жумыс орны шөлкемлестириледи.

Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда да тап усындай үлкен режелер белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы оларға бирме-бир тоқтап, санаат кәрханаларында өндирис көлемин кепилликли тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды жуўмақлаў бойынша көрсетпелер берди.

Тармақ ҳәм аймақлардың өз-ара бирге ислесиўине жуўапкер жумысшы топар дүзип, аймақларға шыққан ҳалда, кәрханалардың машқалаларын шешиў ҳәм қосымша резервлерди жумсаў арқалы санаат өндирисиниң көлемин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз санаат кластерлерин жолға қойыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратты.

Мысал ушын, Наманганда тоқымашылық ҳәм оның менен байланыслы тармақлар, Наўайы ўәлаятында қурылыс ҳәм безеў материаллары, Ташкент ўәлаятында фармацевтика, Ташкент қаласында электроника ҳәм мебель бойынша санаат кластерлерин шөлкемлестириў ушын исбилерменлик орталығы қәлиплескен. Бирақ, соның менен бирге,  бәсекиге шыдамлы өним шығарыў ушын кластерде илим, инновация, жойбарлаў, қаржы, инжиниринг ҳәм инвестиция шөлкемлери болыўы керек.

Бас министрдиң орнбасарына усы системаны жолға қойыў, ҳәр бир аймақта санаат кластерлерин шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.

Пандемия ақыбетинде 11 мың санаат кәрханасының дәраматы тикленгени жоқ. Олардың тийкарғы бөлеги тоқымашылық, азық-аўқат, мебель қурылысы, металл буйымлар, қурылыс материаллары кәрханалары болып есапланады.

Сонлықтан, толық қуўатлылықта ислемей атырған кәрханаларды жанландырыў, оларға барып, шийки зат, айланыс қаржысы, өним базары менен байланыслы мәселелерге жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берилди. Ҳәкимлер санаат пенен жеке шуғылланыўы керек екенлиги атап өтилди.

Экономика тармақларын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў, барлық жойбарларды өз ўақтында иске қосыў бойынша көрсетпелер берилди.

Санаат кооперациясы ҳәм локализациялаў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Режедеги 133 жойбардың иске қосылмағаны, және 261 и толық қуўатлылыққа жетпегени, ақыбетте 1,1 триллион сумлық өним ислеп шығарылмай қалғаны көрсетип өтилди. Бул бағдардағы кемшиликлер ўәлаятлар кесиминде талланып, оларды шешиў илажлары белгиленди.

Пандемия дәўиринде өнимди таныстырыў имканияты шекленгени ушын Электрон кооперация порталынан кеңнен пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Елимизде ислеп шығарылып атырған барлық товарларды усы кооперация порталына жайластырыў, оның статусын ҳәм саўда көлемлерин кескин көтериў бойынша тапсырма берилди.

-Адамлардың дәраматын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, инвестицияларды тартыў санааттың раўажланыўы менен тығыз байланыслы. Соның ушын санаат мәселелери буннан былай да турақлы итибарымыз орайында болады,-деди Президент.

Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, санаат тармақларының басшылары ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.

 

ӨзА