Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жылларда аўыл хожалығын раўажландырыў, тараўға заманагөй базар механизмлерин енгизиў, бул бағдарда басқарыўдың заманагөй системаларын раўажландырыў, оның экспорт потенциалын арттырыў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясының қабыл етилиўи үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўдың кластер модели енгизилди, нәтийжеде соңғы жыллары пахта егислик жерлериниң 125 мың гектары ямаса 12 процентинде кооперациялар, 908 мың гектары ямаса 88 процентинде кластерлер жумыс ислемекте.
Аўыл хожалығында қолайлы агробизнес орталығын ҳәм жоқары қосымша қун шынжырын жаратыў, илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан реформалаў, олардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў, тараўға жер жүзилик тәжирийбе тийкарында аўыл хожалығында билим, инновациялар ҳәм агрохызметлер системасын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, тараўда хызмет түрлерин жетилистириў, кооперация қатнасықларын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм Жәҳән банки менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў мақсетинде:
- 1. Төмендегилер:
а) 2020-жыл 20-мартта Жәҳән банкиниң Директорлар кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасына «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбарын (кейинги орынларда – Жойбар) қаржыландырыў ушын 30 жыл мүддетке:
10 жыллық жеңиллетилген дәўир менен Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки тәрепинен 181 миллион АҚШ доллары муғдарында қарыз ажыратылатуғыны;
10 жыллық жеңиллетилген дәўир менен Халықаралық раўажланыў ассоцациясының 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредити ажыратылатуғыны;
5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен Халықаралық раўажланыў ассоцациясының 219 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жеңиллетилген кредити ажыратылатуғыны мақулланғанлығы;
б) Жойбардың улыўма баҳасы 659,3 миллион АҚШ долларына тең екенлиги, олардан Өзбекстан Республикасының үлеси – 159,3 миллион АҚШ долларын, соның ишинде:
cалық ҳәм бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер бериў, инвестициялық дәўирде финанслық қәрежетлерди төлеў түриндеги үлес –124,3 миллион АҚШ долларын;
Жойбар қатнасыўшыларының (бенефициарлар) үлеси болса 35 миллион АҚШ долларының эквивалентин қурайтуғыны;
в) Жойбарды әмелге асырыў дәўири 6 жылды (2020-2026-жыллар) қурайтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2. Жойбар шеңберинде қаржыландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
аўыл хожалығында илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм мәсләҳәт хызметлериниң өндирис пенен интеграцияласқан нәтийжели системасын жаратыў;
аўыл хожалығын санластырыў, статистикалық мағлыўматларды жыйнаў, таллаў ҳәм тарқатыўдың исенимли ҳәм анық усылларын енгизиў;
азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде «Атыздан тутыныўшыға» принципи тийкарында сапа қадағалаўын күшейтиў, агрологистика, жол ҳәм басқа да зәрүр инфраструктураны жаратыў;
экспортты хошаметлеў, халықаралық базарларда бәсекиге шыдамлы, экспортқа қолайлы жоқары қосымша қунға ийе аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў бойынша қолайлы агробизнес орталығын ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыў;
аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тармағын диверсификациялаў, тараўда мәмлекеттиң қатнасын азайтыў, кооперация системасын раўажландырыў және тараўдың инвестициялық тартымлылығын арттырыў;
жер ҳәм суў ресурсларынан, тоғай қорынан ақылға уғрас пайдаланыў;
тараўға басқарыўдың заманагөй системаларын енгизиў, хызмет көрсетиў сервисин жетилистириў.
- 3. Төмендегилер:
«Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбарының техникалық-экономикалық тийкары және оның тийкарғы көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
«Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары бойынша Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Халықаралық раўажланыў ассоцациясының қаржыларынан пайдаланыў схемасы 2-қосымшаға муўапық;
«Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбарын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2а-қосымшаға муўапық;
«Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары шеңберинде Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банкиның қарызынан пайдаланыў ҳәм оны қайтарыў, комиссия ҳәм процент төлемлерин әмелге асырыў кестеси 3-қосымшаға муўапық;
«Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары шеңберинде Халықаралық раўажланыў ассоцациясының кредитинен пайдаланыў ҳәм оны қайтарыў, комиссия ҳәм процент төлемлерин әмелге асырыў кестеси 3а-қосымшаға муўапық;
«Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары шеңберинде Халықаралық раўажланыў ассоцациясының жеңиллетилген кредитинен пайдаланыў ҳәм оны қайтарыў, комиссия ҳәм процент төлемлерин әмелге асырыў кестеси 3б-қосымшаға муўапық;
«Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары шеңберинде 2021–2025-жыллары мийўе-овощ өнимлери экспорт көлемлериниң болжаў көрсеткишлери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. Жойбар Өзбекстан Республикасының барлық аймақларында әмелге асырылатуғыны;
Аўыл хожалығы министрлиги Жойбардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын және нәтийжелилигин тәмийинлейтуғыны;
Жәҳән банкинен алынған қаржылар Қаржы министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм коммерциялық банклерге берилген ресурслардың қайтыўы есабынан қайтарылатуғыны;
Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги Жойбарды өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырыў, оны басқарыў, Жойбарды әмелге асырыў дәўиринде мониторинг ҳәм есапты жүргизиў ушын жуўапкер атқарыўшы уйым болып есапланатуғыны;
кредит линиясын басқарыў, Жәҳән банкиниң қаржылары өз ўақтында өзлестирилиўин ҳәм мақсетли пайдаланылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, субжойбарларды әмелге асырыў бойынша мониторинг ҳәм есапты жүргизиў функциялары Жойбарда қатнасатуғын Өзбекстан Республикасының коммерциялық банклерине жүкленетуғыны белгиленсин.
- 5. «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбарын әмелге асырыў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда – Жумысшы топар)дың қурамы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жумысшы топар (Барноев, Ходжаев)ға төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
Жойбардың өз ўақтында, толық ҳәм нәтийжели орынланыўын шөлкемлестириў және муўапықластырыў;
Жойбар шеңберинде жумсалатуғын қәрежетлердиң қолайлы шешимлерин ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен қаржыландырылатуғын жойбарларды тийкарлыанғанлығы, нәтийжелилиги және мақсетке муўапықлығы тийкарында таңлап алыў;
Жойбар шеңберинде ажыратылып, үнемленген қаржыларды қаржыландырыўдың тийкарғы бағдарларынан келип шығып, Жәҳән банки менен келисилген ҳалда орнатылған тәртипте қайта бөлистириў;
зәрүр жағдайларда, қарар қосымшаларына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў. Онда Аўыл хожалығы министрлигиниң Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын әмелге асырыў басқармасы Жумысшы топардың жумысшы уйымы болып есапланады.
- 6. Нызамшылыққа муўапық халықаралық финанс институтларының қарызлары ҳәм ҳүкиметлик шөлкемлердиң халықаралық қарызлары есабынан әмелге асырылатуғын жойбарлар шеңберинде:
егер бул жойбарлар халықаралық ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлери тәрепинен 2020-жыл 1-июльге шекем мақулланған болса, юридикалық шахслар тәрепинен сатып алынатуғын товарларды (хызметлерди) реализациялаўға байланыслы айланысқа қосымша қун салығы ҳәм акциз салығы салынбайтуғыны;
Усы қарыз қаржылары есабынан юридикалық шахслар тәрепинен бажыхана аймағына алып кирилетуғын товарлар бажыхана бажысын төлеўден азат етилетуғыны;
Өзбекстан Республикасының резидентлери болмаған юридикалық тәреплер пайда салығын төлеўден 2021-жыл 1-июльге шекем азат етилгени;
усы жеңилликлер нәтийжесинде үнемленген қаржылар Өзбекстан Республикасының Жойбарын әмелге асырыўдағы үлеси деп есапланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 7. Аўыл хожалығы министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте бир ай мүддетте Жойбар шеңберинде берилетуғын қарызды қаржыландырыўдың мүддетлери ҳәм шәртлерин (валюта қәўипин есапқа алған ҳалда), субжойбарларды таңлаў ҳәм оларды баҳалаў өлшемлерин белгилеген ҳалда, Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң қарызынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режени (кейинги орынларда – Реже) ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- 8. Өзбекстан Республикасы атынан Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (С.Умурзоқов) және Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен Халықаралық раўажланыў ассоцациясы арасында «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбарын қаржыландырыў ҳаққындағы қарыз келисимине қол қойылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Қаржы министрлигине Өзбекстан Республикасы атынан Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Жойбарда қатнасатуғын Өзбекстан Республикасының коммерциялық банклер, басқа да министрликлер ҳәм уйымлар менен Жәҳән банки тәрепинен ажыратылатуғын қаржыларды қайта кредитлеў келисимлерине қол қойыў, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда, усы келисимлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ўәкиллиги берилсин. Онда, қайта кредитлеў келсимлериниң шәртлери Режеге тийкарланып белгиленсин.
- 9. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги Жойбар тийкарында Инвестициялық бағдарламаларға белгиленген тәртипте өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўин тәмийинлесин.
- 1 Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери:
Жойбар шеңбериндеги илажларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў, нәтийжелилигин тәмийинлеў, тартылып атырған қаржыларды өзлестириў процесинде жәриялылықты тәмийинлеў және коррупцияның алдын алыў бойынша тийисли илажлар көрилиўин;
Жойбар шеңберинде мийўе-овощ кооперацияларына жер майданларын белгиленген тәртипте, атап айтқанда, аймақларда қурылып атырған ири агрологистика комплекслери ушын белгиленген жер майданларын аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиниң бүлгиншиликлери ушын компенсация өндирмей бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратылыўын;
ажыратылған жер участкаларындағы жерден пайдаланыўшылардың компенсациялары (фермер хожалықлары тәрепинен көрилген зыянлар, кесилген тереклер, пуқараларды көшириў ҳәм пуқараларға көрсетилген барлық зыянлар) ҳәм агрологистика комплекслерин инженерлик, жол және транспорт инфраструктураларына жалғаныўын тәмийинлеў ҳәм басқа да қәрежетлер жергиликли бюджеттиң қаржылары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қапланыўын тәмийинлесин.
- 11. Сыртқы ислер министрлиги Аўыл хожалығы министрлигиниң буйыртпалары бойынша Жойбарды әмелге асырыўда қатнасатуғын сырт ел қәнигелерине кириў визалары консуллық ҳәм ҳақыйқый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйымларды өндирмеген ҳалда рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- 12. Ишки ислер министрлиги Аўыл хожалығы министрлигиниң буйыртпалары бойынша Жойбар шеңберинде тартылатуғын сырт ел қәнигелерине көп мәртелик визаларды рәсмийлестириў, бериў ҳәм мүддетин созыўды, сондай-ақ, ўақтыншалық жасаў орнына дизимге алыў ҳәм мүддетин созыўды мәмлекетлик бажыны өндирмей тәмийинлесин.
- 13. Аўыл хожалығы министри, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлерине Жойбар шеңбериндеги илажларды нәтийжели әмелге асырыў ушын зәрүр шараятларды тәмийинлеў, сондай-ақ. Жәҳән банки және миллий нызамшылық талапларына муўапық зәрүр есаплар ҳәм ҳүжжетлердиң өз ўақтында таярланыўын және усынылыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- 14. Есап палатасы Жойбар шеңбериндеги қаржылардың мақсетли ажыратылыўы ҳәм жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын және ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.
- 15. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги:
Жойбар шеңберинде ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы процесинде ашық-айдынлықты, анықлықты тәмийинлеў бойынша анық механизмлерди ислеп шықсын ҳәм енгизсин;
Жойбарды әмелге асырыўда ашық-айдынлықты, анықлықты тәмийинлеў үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
- 16. Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
а) Жумысшы топар (Барноев, Ходжаев):
бир ҳәпте мүддетте өзиниң биринши мәжилисин өткерип, Жойбар шеңбериндеги жуўапкер орынлаўшылардың анық ўазыйпаларын белгилеп берсин;
еки ҳәпте мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң усыныслары тийкарында ислеп шығылған Жойбар шеңберинде Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Халықаралық раўажланыў ассоцациясының қаржыларынан пайдаланыў бойынша аймақлар кесиминде «Жол карта»ларын тастыйықласын;
б) Аўыл хожалығы министрлиги (Ходжаев):
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Вафаев), Қаржы министрлиги (Эргашев), Орайлық Банк (Холхўжаев) пенен биргеликте бир ай мүддетте Жойбарды әмелге асырыў ушын жуўапкер болған министрликлер ҳәм уйымлардың хызметкерлери ушын сырт ел консултантларын тартқан ҳалда еки ҳәптелик семинар шөлкемлестирсин;
Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында исбилерменлик субъектлерин тартыў илажларын көрсин;
Қаржы министрлиги (Эргашев) пенен биргеликте қаржыландырылатуғын субжойбарлар ҳаққында, сондай-ақ, олардың сапалы әмелге асырылыўы үстинен мониторинг нәтийжелери бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Министрлер Кабинетине мағлыўмат киргизип барсын;
в) Бас министрдиң орынбасары С.Умурзақов аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт көлемлерин арттырыў мақсетинде Жойбар шеңберинде экпортёр кәрханаларды тартыў илажларын көрсин;
г) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм район (қала) қәкимликлери тәрепинен бир ай мүддетте Жойбар шеңберинде әмелге асырылатуғын илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша интакерлердиң қатнасыўында презентациялар өткерилсин;
д) Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (Ходжаев) Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Миллий телерадиокомпания ҳәм «Дүнья» мәлимлеме агентлиги менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында, исбилерменлик субъектелрин тартқан ҳалда қарарда белгиленген илажларды халық арасында кеңнен жарытыў илажларын көрсин.
- 17. Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 18. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноевқа жүкленсин.
Усы қарардың нәтийжжелили ҳаққында 2020-жыл 1-декабрьде ҳәм 2021-жылдың ҳәр шерегиниң жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Шавкат МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 11-август