USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖЛИСИ СЕНАТЫНЫҢ АЛТЫНШЫ ЖАЛПЫ МӘЖИЛИСИ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

2020-жыл 7-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Парламент жоқары палатасының ағзалары тәрепинен 16 мәселе, соның ишинде, 8 нызам көрип шығылды. Жалпы мәжилистиң жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы және «Узрепорт» телеканалында тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Жалпы мәжилистиң рәсмий бөлимине өтиўден алдын өзбек ҳәм қарақалпақ елиниң мәрт перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Сенат ағзасы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың естелигине бир минутлық тынышлық сақланды.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен «Билимлендириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы додаланды.

Атап өтилгениндей, «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам 1997-жылы қабыл етилген болып, билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеўге қойылып атырған бүгинги талапларға жуўап бермейди. Бул жаңа нызамның қабыл етилиўи болса билимлендириў мәселесиниң тәрбия менен тығыз байланыслылығын тәмийинлейди.

Буннан тысқары, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия мәселесине айрықша итибар қаратылып, мектепке шекемги жастағы балаларды оқытыў ҳәм тәрбиялаўға, балаларды улыўма орта билимлендириўге таярлаўға қаратылған избе-из билимлендириў түрин жетилистириўге хызмет етеди.

Соның менен бирге, мектепке шекемги билимлендириў системасынан баслап улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, кәсип-өнер билимлендириўи, жоқары билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, меткептен тысқары билимлендириўдиң үзликсизлигин, мазмун жағынан избе-излигин тәмийинлеўге айрықша итибар берилмекте.

Қалаберди, баслаўыш, кәсип-өнер  мектеплеринде IX класс питкериўшилери негизинде бийпул тийкарда күндизги билимлендириў түринде улыўма билимлендириў ҳәм қәнигелик пәнлериниң еки жыллық интеграцияласқан бағдарламалары тийкарында билимлендириўдиң әмелге асырылыўы белгиленбекте.

Нызамда билимлендириў мәкемесиниң хызметкерлери, тәлим алыўшылар ҳәм ата-аналардың ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершилиги, билимлендириў процеси қатнасыўшыларының социаллық қорғалыўы, билимлендириў тараўаында мийнет етип атырған мыңлаған қәнигелердиң, миллионлаған ата-аналардың ҳуқықый статусына, олардың социаллық қорғалыўына байланыслы тәреплерине, соның менен бирге миннетлемелерине айдынлық киргизилмекте.

Сондай-ақ, нызам келешекте билимлендириўдиң мәмлекетлик емес түрин раўажландырыўға, жәмийетимизде интеллектуаллық мүлк потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, илим-ағартыўшылыққа байланыслы жумыс орынларының кеңейиўине имканият береди.

Мәжилисте сенаторлар жаңа редакциядағы нызам көплеген ўатанласларымыз жоқары билимлендириў, сырт елде алынған билим бойынша дипломларды тән алыў, билим алыўшылар ушын ўақтынша жасаў орынларын кепиллеў, аралықтан билимлендириў, шаңарақлық билимлендириў, инклюзив билимлендириў сыяқлы өз сораўларына шешим табыўға қыйналып атырған мәселелерге ҳуқықый айдынлық киргизилгени менен әҳмийетли болатуғынын атап өтти.

Сенат ағзалары бул  нызамды мақуллады.

Соң күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, әмелдеги нызамның тиккелей әмел етиў талаплары төмен болып, бүгинги базар шараятында нәтийжесиз болған, ескирген норма ҳәм қағыйдаларды өзинде жәмлеп келмекте. Атап айтқанда, мийнет уйымлары тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер бир неше нызамнан келип шығатуғын нормативлик ҳүжжетлер менен тәртипке салынады.

Буннан тысқары, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша мәмлекетлик буйыртпа механизмлери көрсетилмеген. Сол жағынан бәнтликти тәмийинлеў, жумыссызлықтан қорғаў, мийнет базары ҳәм мийнет миграциясы менен байланыслы жаңа мүнәсибетлерди нызамлы тәртипке салыў зәрүрлиги де жүзеге келмекте.

Жаңа редакциядағы «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы Нызам болса усы бағдардағы жумысты тәртипке салыў мақсетлерине хызмет етеди.

Соның менен бирге, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде заманагөй кәсиплик ҳәм мийнет стандартларын енгизиў, мийнетке ҳақы төлеўдиң механизмлерин тәртипке салыўда ҳәм жетилистириўде қолланба болады.

Нызамда биринши мәрте жумыс пенен тәмийинлеўдиң нәтийжели ҳәм перспективалы бағдарлары-кәсиплик маманлықты ҳәм компетенцияны раўажландырыў миллий системасы, мийнет дәптершелери менен шәртнамалардың электрон есабын жүргизиўди нәзерде тутатуғын бирден-бир миллий система енгизилмекте.

Олардың киргизилиўи бәнтликти тәмийинлеўдиң зәрүр шәрти болып есапланып, мийнет базары ҳаққында толық мағлыўмат жыйнаўға ҳәм алыўға имканият береди. Әсиресе, санлы экономикаға өтиў шараятында жүдә әҳмийетли илажларды әмелге асырыў имканиятын береди.

Нызамның қабыл етилиўи мийнет базарын ҳәм бәнтликти сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, миллий жумысшы күшиниң сапасын арттырыў ушын хошаметлеўди шөлкемлестириў, социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды жумысқа жайластырыўды күшейтиў, жумыссызларды материаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық белсендилигин хошаметлеўди беккемлейди.

Сондай-ақ, мийнет базарында заманагөй инфраструктура ҳәм институтционаллық орталықты жаратыў, мийнет уйымлары тәрепинен көрсетилип атырған хызметлер көлемин кеңейтиў, пуқаралардың исбилерменлик басламалары ҳәм өзин-өзи бәнт етиўге тартыў имканиятлары көбейеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жаңа редакциядағы «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы да додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, нызамның жаңа редакцияда ислеп шығылыў зәрүрлиги бүгинги күнде адам саўдасынан жәбирленгенлерди қорғаў ҳәм оларға жәрдем бериў мәселелерине байланыслы анық қағыйдалар тәртипке салынбағанлығы және жас өсипиримлердиң саўдасына қарсы гүресиўдиң өзине тән өзгешеликлери, соның ишинде, идентификациялаў, жәрдем бериў ҳәм қорғаўдың ҳуқықый статусының белгиленбегенлиги менен билдирилмекте.

Жаңа редакциядағы нызамда мине усы мәселелер итибарға алынған. Атап айтқанда, тараўға байланыслы тийкарғы түсиниклер ҳәм принциплер, оны мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўға байланыслы нормалар, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар, Миллий комиссия, аймақлық комиссиялар ҳәм Миллий баянатшыға байланыслы нормалар белгиленген.

Ҳәммемизге белгили, ҳәзирги күнде республикамызда 9 мыңнан аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумыс ислесе, олардың 100 ге шамаласы адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша жумыс алып бармақта. Нызамда усы бағдарға байланыслы жумысты әмелге асырып атырған мәмлекетлик уйымларға жәрдемлесетуғын шөлкемлер қатарында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер де белгиленип, олардың ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары анық ашып берилмекте.

Соның менен бирге, әмелдегиден өзгеше нызамның жаңа текстинде адам саўдасынан жәбирленгенлерди социаллық реабилитациялаў ҳәм бейимлесиўин тәмийинлеў тәртиби ҳәм жәбирленгенлер ҳаққындағы мағлаўматлардың жасырынлығын тәмийинлеў ҳәм оларға берилетуғын қәўипсизлик илажлары ҳәм басқа да кепилликлери жарытылмақта.

Буннан тысқары, миллий нызамшылығымызда алдын болмаған адам саўдасынан жәбирленгенлерди идентификациялаў ҳәм оларды қайта бағдарлаў түсиниклери айрықша бапта белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи адам саўдасынан жәбирленген пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин кепилликли қорғаўға хызмет етеди.

Сенат ағзалары бул нызамды мақуллады.

Буннан кейин парламенттиң жоқары палатасының ағзалары «Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын додалады.

Нызам Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.

Бул нызамның қабыл етилиўи бир неше объектив себеплерге байланыслы. Атап айтқанда, әмелдеги  1996-жылы қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелерин шешиў тәртиби ҳаққында»ғы Нызам елимизде ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелерин системалы шешиўди тәмийинлей алмайды. Қалаберди, ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелериниң басқышпа-басқыш қарар қабыл етиў тәртиби жоқ.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелери бойынша усынысларды мәмлекетлик экспертизадан өткериў тәртип-қағыйдалары ислеп шығылмаған ҳәм тәртипке салынбаған. Бул болса өз гезегинде усы мәселелерде терең талланбаған қарарлардың қабыл етилиўине тийкар жаратып бермекте. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары анық белгилеп берилмеген, сондай-ақ, тиккелей әмел ететуғын нормалар белгиленбеген.

Және бир тәрепи. Әмелдеги нызам қабыл етилгенде 31 статьядан ибарат болған ҳәм бүгинги күнде олардың 15и ҳәр қыйлы себеплерге бола өз күшин жоғалтқан.

Мәжилисте сенаторлар бул жаңа нызам әмелдеги «Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелерин шешиў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамнан бир қатар тийкарғы қағыйдалардың бар екенлиги менен ажыралып туратуғынын атап өтти.

Атап айтқанда, аймақлық дүзилис мәселелери бойынша қарар қабыл етиўде мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары анық белгилеп қойылмақта.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелери бойынша усынысларды мәмлекетлик экспертизадан өткериў механизмлери орнатылған ҳәм усы мәселелерде арнаўлы комиссиялар дүзиў ҳәм олардың жумысын шөлкемлестириў ҳуқықый нормалар тийкарында белгиленбекте. Сондай-ақ, ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелеринде қабыл етилген қарарларға орынларда әмел етилиўиниң механизмлери енгизилмекте. Бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, жаңа редакциядағы «Аўыл хожалығы өсимликлерин зыянкеслерден, кеселликлерден ҳәм жабайы шөплерден қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы көрип шығылды.

Нызам тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың қәнигелери ҳәм экспертлердиң қатнасыўында ҳәр тәреплеме үйренип шығылғаннан соң, оны толық қайта көрип шығыў зәрүр деген шешимге келинди.

Бәринен бурын, ҳүжжетте өсимликлерди зыянлы организмлерден қорғаўда қолланылатуғын химиялық бирикпелер ҳәм усыныс етилген химиялық және биологиялық қураллар, төгинлер ҳәм басқа да препаратлардың дизими келтирилмеген. Сондай-ақ, олардан нәтийжели ҳәм зыянсыз пайдаланыўдың нормалары менен өлшемлери ашып берилмеген.

Буннан тысқары, нызамда өсимликлерди қорғаў объектлери және субъектлерин анықлаў, олардың ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерине байланыслы мәселелер сәўлеленбеген. Қалаберди, аўыл хожалығында халықаралық талапларға жуўап беретуғын өнимлерди жетистириўде пестицидлердиң стандарт нормаларын тәмийинлеў мақсетинде радиологиялық, токсикологиялық бақлаўға ҳәм диагнозларға байланыслы тәреплери жарытылмаған.

Соның менен бир қатарда, нызамда жаңа пестицидлер ҳәм агрохимиялық қуралларды дизимге алыў қуралын Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығында ислетиў ушын руқсат бериў талаплары билдирилмеген. Аграр тармақта өсимликлердиң жаңа түрлерин, сортларын енгизиў нәтийжесинде зыянкес, кеселлик ҳәм жабайы шөплердиң бурын ушыраспаған түрлериниң тарқалыўын үйрениў мәселелерине байланыслы нормалар белгиленбеген.

Экспертлердиң пикиринше, нызам нормаларын өсимликлер карантини ҳәм олардың қорғалыўы ҳаққындағы басқа нызам ҳүжжетлери ҳәм халықаралық ҳүжжетлерге муўапықлығы бойынша көрип шығыў зәрүр. Буннан тысқары, нызам статьяларының баян етилиўи нызамшылық техникасының талапларына жуўап бермейди.

Нызамда тәртипке салынатуғын жәмийетлик қатнасықлардың әҳмийетин итибарға алып, сенаторлар усы нызам концепциясын қайта көрип шығыўды, оған комплексли қатнаста болып, халықаралық нормаларды имплементациялап, талап етилген дәрежеге жеткериўди, сондай-ақ, әмелдеги нызамларды хатлаўдан өткериў ҳәм оларға усы нызам қағыйдаларын киргизиўди мақсетке муўапық деп есаплады.

Сенат ағзалары алтыншы жалпы мәжилисте «Нызам дөретиўшилиги және парламентлик қадағалаў процесслери буннан былай да  жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамды да көрип шықты.

Мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысы үстинен нәтийжели парламентлик қадағалаўды шөлкемлестириўге қаратылған усы нызам менен парламент ҳәм жергиликли Кеңеслердиң жумысына байланыслы бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, әмелдеги «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы Нызамға муўапық Олий Мажлис палаталары тек ғана ҳүкимет ағзаларының мәлимлемесин тыңлаўға ҳақылы екенлиги белгиленген болса, киргизилип атырған өзгериске тийкарланып Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат ҳүкимет ағзалары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың басшыларынан тысқары хожалық басқарыў уйымлары басшыларының да өз жумысына байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлаў мүмкинлиги беккемленбекте.

Нызамларға киргизилип атырған жаңалықлардан бири парламентлик қадағалаўдың түри болып есапланатуғын парламентлик тексериў институтын жанландырыў ҳәм кеңирек қолланыў әмелиятын енгизиўге қаратылған.

Себеби, парламентлик тексериўди өткериў бойынша әмелдеги тәртипте бир қатар кемшиликлер бар еди. Атап айтқанда, Олий Мажлис палаталарында парламентлик тексериўди өткериў бойынша өз алдына қарар қабыл етиў имканияты жоқ еди.

Өз орнында парламентлик тексериўди өткериў зәрүрлиги пайда болғанда оны өткериў басламасын келисиў процеси, яғный қарар қабыл етиў зәрүрлигин додалаў ҳәм оны мақуллаў процеси парламенттиң ҳәр еки палаталарында басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы қыйын болып, бул тийкарсыз түрде артықша ўақытты талап ететуғын еди.

Соған бола бул нызам менен парламентлик тексериў Нызамшылық палатасының ямаса Сенаттың өз алдына қарары менен ямаса Олий Мажлис палаталарының биргеликтеги қарары менен өткерилиўи мүмкинлиги белгиленбекте.

Сондай-ақ, өзгерислерге тийкарланып халықты қыйнап киятырған машқалалар бойынша парламентлик, депутат ҳәм сенатор сораўлары кимниң атына жиберилген болса, сол лаўазымлы шахс ямаса оның ўазыйпасын орынлаўы жүкленген шахс тәрепинен жуўап берилетуғыны белгиленбекте. Бул болса сораўлардың тәсиршеңлигин және де арттырыўға хызмет етеди.

Және бир өзгерис-нызам жойбарларын көрип шығыў нәтийжелилигиниң артыўына және нызам жойбарлары сапасының жақсыланыўына қаратылған. Оған бола, Нызамшылық палатасында әмелге асырылатуғын биринши оқыўдағы нызам жойбары бойынша баянат пенен, қағыйда түринде, нызамшылық басламасы ҳуқықы субъекти ямаса оның ўәкили, кейинги оқыўларда болса жуўапкер комитет ўәкилиниң сөзге шығыўы белгиленбекте.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасы пуқараларының әскерий хызметти өтеў тәртиби жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы додаланды.

Бул нызам Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы пуқараларының әскерий хызметти өтеў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы және «Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелериниң әскерий таярлық оқыў бөлимлеринде резерв офицерлерди таярлаў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылғаны атап өтилди.

Нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасы пуқаралары тәрепинен әскерий хызметти өтеў менен байланыслы бағдардағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў ҳәм бир пүтин көриниске келтириўге, тараўда қолланылатуғын түсиник, атама ҳәм аталыўларды бирдей қолланылыў имканиятын береди.

Нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўден гөзленген тийкарғы мақсет:

-әскерий хызметке қабыл етиў ҳәм әскерий хызметтен босатыў өлшемлерин анық белгилеп бериў;

-сержант атағының орнына жаңадан киргизилген I, II, III дәрежели сержант атақлары және кеме қурамындағы атақларда болған өзгерислерди нызам ҳүжжетлеринде сәўлелендириў;

-бурын Қорғаныў министрлигиниң ўәкиллигинде болған әскерий кийим-кеншекте жүриў тәртип-қағыйдаларын белгилеў ўәкиллигин күш структуралары бар министрликлер, мәмлекетлик комитетлердиң ҳәм уйымлардың басшыларына бериў;

-жоқары билимлендириў мәкемелеринде резервтеги офицерлерди таярлаў әскерий таярлық оқыў орайлары ҳәм курсларында алып барылыўы мүмкин екенлигин белгилеў.

Бул өзгерислер ҳәм қосымшалар әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерин муўапықластырыў және нызамшылықтағы ҳуқықый бослықларды сапластырыўға тийкар жаратады.

Қызғын додалаўлардан соң сенаторлар тәрепинен бул нызам мақулланды.

Соң «Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳааққында»ғы  Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы көрип шығылды.

Жеке меншик агентликлериниң жумысын тәртипке салыў ҳаққындағы 2018-жылы қабыл етилген нызамның қолланылыўы процесинде, агентликлер сырт елде ислеў тилегин билдирген пуқаралардан қаржылар жыйнап алып, ийелерин жумысқа жайластырмай қаржыларды талан-тараж етиў жағдайларына жол қойылғаны атап өтилди.

Бундай жынаятлар, яғный 7 123 пуқараға 72 миллиард сумнан аслам материаллық зыян жеткергени ушын 10 жеке меншик бәнтлик агентлигиниң басшыларына жынат ислери қозғалған.

Атап айтқанда, “Human” жеке меншик бәнтлик агентлигиниң басшысы тәрепинен 1086 пуқарадан 21,2 миллиард сум муғдарында, “Korean аnd Migrations” агентлиги басшысы тәрепинен 2317 пуқарадан 22,2 миллиард сум муғдарындағы пул қаржылары өзлестирилген.

Усы нызам менен бундай унамсыз жағдайларды сапластырыў мақсетинде сырт еллерден жумыс излеп атырған пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша көрсетилген хызметлер ушын төлемлерди жумыс излеп атырған шахслардан емес ал жумыс бериўшиден өндириў белгиленбекте.

Сондай-ақ, жеке меншик бәнтлик агентлиги лаўазымлы шахсларына нызам талапларын бузғаны ушын жуўапкершилик те нәзерде тутылған.

Жумыс пенен тәмийинлеўде бәнтлик агентликлери тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде көрсететуғын хызметлер бойынша шәртнамалар Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәлимлеме системасында реал ўақыт режиминде дизимнен өткерилип барылады.

Буннан тысқары, республикадан сыртта жумыс излеп атырған пуқараларымызды жумысқа жайластырыў кепилликлерин арттырыў мақсетинде жеке меншик бәнтлик агентликлериниң сырт елли жумыс бериўши, шериклер менен жазба түрде бирге ислесиў ҳаққында шәртнама дүзиўи де зәрүр шәрт етип белгиленген.

Нызамға киргизилип атыран өзгерислер бүгинги күндеги әҳмийетли мәселелердиң шешилиўи, пуқаралардың турмыс абаданлығы артыўына имканият жаратады. Сенаторлар тәрепинен бул нызам мақулланды.

Соң күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасының 2020-жылдың биринши ярым жылындағы орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң есабаты тыңланды.

Атап өтилгендиндей, ҳүкимет тәрепинен 163 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет ҳәм 121 илажлар бағдарламалары ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў нәзерде тутылған Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў ҳәм турақлы мониторинг етип барыў бойынша бир пүтин система жаратылған.

Есап бериў дәўиринде сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери өткен  жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,2 есеге көп өзлестирилген. Улыўма хызметлердиң көлеми 2,6 процентке артқан.

Мәмлекетлик медицина шөлкемлери ҳәм халықты дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеўге өткен жылға салыстырғанда 1,3 есеге көп ямаса дерлик 1,5 триллион сум ажыратылған.

Атап өтилгениндей, коронавирус пандемиясы ақыбетинде мәмлекетимизде де экономика тармақларындағы өсиў пәти сезилерли дәрежеде төменлеген. Атап айтқанда, республикамызда экспорттың көлеми өткен жылға салыстырғанда 22,6 процентке қысқарған.

Бағдарламаға муўапық 2020-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылыўы зәрүр болған 118 бәнттеги тапсырмалардың 3и өз ўақтында орынланбаған.

Соның ишинде, ислеп шығарылып атырған азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин күшейтиў ҳаққындағы ҳүкимет қарары қабыл етилиўи тәмийинленбеген.

Сенаторлар ҳүкимет есабатын додалаў процесинде пандемия ҳәм карантин шараятында халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша жетерли илажлар көрилмегенлиги ақыбетинде халықтың арасында айырым наразылықлар пайда болып атырғанына итибар қаратты.

Тутыныў өнимлери ҳәм дәри-дәрмақлардың баҳалары тийкарсыз артып кетиўиниң алдын алыў бойынша электрон қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша ўазыйпалардың орынланыўын талап дәрежесинде тәмийинленбегенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиздеги эпидемиологиялық жағдайды турақластырыў, кеселликлердиң  алдын алыў, коронавирусқа гүман етилген пуқараларды емлеўханаларға жеткериў, халыққа карантин  талапларын турақлы түсиндириў ҳәм бул процесслерде жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда орынларда мәҳәлле уйымларының қатнасыўын кескин күшейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң ишки ислер министриниң Өзбекстан Республикасы аймағында 2020-жыл 6-айының жуўмағы бойынша жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, тараўда әмелге асырылған системалы жумыслардың нәтийжесинде улыўма жынаятлардың 20 497 ямаса 95,2 проценти ашылған. Тергеў уйымлары излеўинде болған 1 051 шахс усланған ҳәм 261 бийдәрек жоғалғанлар табылған.

Ишки ислер уйымларының басламасы менен 4 158 жынаят анықланған. Республикадағы улыўма 9 145 мәҳәллениң 66,3 процентинде ямаса 1 061ин де жынаяттың жүз бериўине жол қойылмаған.

Соның менен бирге, өткерилген үйрениўлер ишки ислер уйымларының жумысында кемшиликлер, шешимин күтип атырған машқалалар ҳәм толық пайдаланылмаған имканиятлардың барлығын көрсетпекте.

Атап айтқанда, усы жылдың 6 айы даўымында репсублика көлеминде 21 535 жынаятлар дизимге алынып, 100 мың халыққа салыстырғанда орташа 63,3 тен туўра келген.

Шаңарақлардағы тынышсызлық, келиспеўшиликлердиң өз ўақтында шешилмеўи мәҳәлле белсендилери ҳәм кең жәмийетшиликтиң итибарынан шетте қалғанлығы ақыбетинде оғада аўыр жынаятлар жүз бермекте.

Соның ишинде, 2020-жылдың 6 айы даўамында анықланған адам өлтириўшилик жынаятлардың ҳәр үшиншиси (71и, 35 процент) аўыр дене жарақатын жеткериў жынаятларының 76сы (20,5 процент) шаңарақ-турмыслық қатнасықлары шеңберинде жүз берген.

Соның менен бирге, шаңарақтағы келиспеўшиликлер өз ўақтында сапластырлымағанлығы ақыбетинде 5 940 шаңарақлық-турмыслық қатнасықлар шеңбериндеги ҳуқықбузарлықлар жүз берилип, олардың көпшилиги, яғный 52,6 прпоценти (3 123и) Ташкент, Бухара, Наўайы ҳәм Ферғана ўәлаятларының үлесине туўра келеди.

Атап айтқанда, шаңарақлық-турмыс шеңберинде зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлардың 2 776сына «қорғаў ордери» берилген.

Жаслар менен ислесиўде елеге шекем көплеген машқалалар сақланып атырғанлығы, оларды сапластырыўға жетерли дәрежеде итибар қаратылмағанлығы ақыбетинде усы жылдың 6 айында республикада жүз берген ҳәр төртинши жынаят (4 988 ямаса 23,2 процент) жаслар тәрепинен исленген болса, соның 1315и ямаса 6 проценти жумыс пенен бәнт болмаған жаслар тәрепинен исленген.

Буннан тысқары, 3 мыңнан аслам 3 198) жумыссызлар тәрепинен жынаятлар исленгенлиги орынларда халықты жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери нәтийжели шешилмегенлигин көрсетеди.

Республика бойынша улыўма жол-транспорт ҳәдийселериниң  саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда азайған (2 564/2 388) болса-да, жолларда ҳәрекетлениў ушын қәўипсиз шараят жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегенлиги ақыбетинде 730 шахс қайтыс болған. 2 297 шахс болса түрли дәрежеде дене жарақатын алған.

Соның менен бирге, дерлик ҳәр екинши (2 388ден 1 017и) жол-транспорт ҳәдийселери белгиленген ҳәрекетлениў тезлигин арттырыў ақыбетинде жүз берилгенлиги орынларда фото-видеоға түсириў қуралларынан пайдаланыў жумысларын және де жеделлестириў зәрүр екенлигин көрсетпекте.

Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен тиккелей орынларға шығып өткерилген үйрениўлерде системада машқалалар ҳәм кемшиликлер ушырасып атырғанлығы анықланды. Атап айтқанда, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында профилактика инспекторының ҳәр айлық  есабатын тыңлаў атына ғана өткерилип, айырым жағдайларда болса, улыўма өткерилместен қалған.

Көпшилик жағдайларда халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде де тийисли районлық ҳәм қалалық ишки ислер бөлимлериниң есабатларын тыңлаў процесинде усы структуралардағы басшы хызметкерлердиң қатнасыўы толық тәмийинленбеген.

Соның менен бирге, ишки ислер уйымларында кадрлар менен ислесиў шеңберинде әмелге асырылған унамлы жумысларға қарамастан хызметкерлердиң 3 027 си хызмет нормасын бузыў жағдайына жол қойған болса, 52 хызметкер болса жынаятқа қол урған.

Мәселен, усы жылы Қашқадәрья ҳәм Әндижан ўәлаятларында хызметкерлер тәрепинен исленген нызамбузылыў жағдайлары халық арасында кең додалаўларға себеп болып, ишки ислер уйымларына унамсыз пикирдиң қәлиплесиўине себеп болды.

Сенаторлар тәрепинен тынышсыз шаңарақлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў және оларды социаллық мәнаўий жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында уйымлараралық жумысшы топар дүзиў, қалаберсе, шаңарақлық ажырасыўларға себеп болып атырған ата-аналардың жуўапкершилигин белгилеў бойынша әмелдеги нызамшылыққа өзгерислер киргизиў бойынша усыныс ислеп шығыў керек екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, аймақларда «Жәмийетлик қадағалаў орайлары» ҳәм «Пидәкер жаслар» структураларының ағзалары ҳәм профилактика инспекторы жәрдемшилериниң жумыс ислеўин биргеликте системалы шөлкемлестириў, «жынаяттың азайыўына ерисилмеген» мәҳәллелерде мәнзилли үйме-үй жүрип, профилактикалық  есапта турған шахслар, тынышсыз шаңарақлар ҳәм жәмлеспеген жаслар менен профилактикалық жумыслар системалы алып барылыўы шәрт екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте көрип шығылған усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Соң сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң быйылғы жылдың биринши ярым жыллығындағы жумысы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, министрлик тәрепинен мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатын әмелге асырыў, сырт мәмлекетлер менен қатнасықларда, халықаралық ҳәм регионналлық шөлкемлерде Өзбекстанның мәмлекетлик мәплерин ҳәм оның пуқараларының ҳуқықларын қорғаў бойынша тийисли байланысларды раўажландырыў бойынша жумысын муўапықластырыўға айрықша итибар қаратылды.

Есап бериў ўақтында Түркия ҳәм Россия Федерациясына жоқары дәрежедеги рәсмий сапарлар және Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен сырт ел мийманларының қабыл етилиўи, 20 дан аслам жоқары дәрежедеги онлайн-сөйлесиў шөлкемлестирилди. Парламентлераралық бирге ислесиўди және халықаралық ҳәм регионналлық шөлкемлер менен қатнасықларды раўажландырыў бойынша да тийисли жумыслар әмелге асырылған. Соның ишинде, есап бериў дәўиринде улыўма 58 сырт ел парламентлери ҳәм халықаралық шөлкемлер дәрежесиндеги сапарлар ҳәм ушырасыўлар, онлайн-сөйлесиўлер шөлкемлестирилди. Коронавирус пандемиясы шараятында Сыртқы ислер министрлиги өзиниң функционаллық ўазыйпалары шеңберинде сырт елде қыйын жағдайға түсип қалған 11 мыңнан аслам пуқараларымызға материаллық жәрдем көрсетиў, 95 мыңнан аслам пуқараларды Өзбекстанға қайтарып алып келиў, сондай-ақ, мәмлекетимиздеги 7 мыңнан аслам сырт ел пуқараларын өз ўатанына жибериў илажларына да үлес қосты.

Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханалары жәрдеминде 2020-жылдың басынан берли мәмлекетимизге 3 миллиард АҚШ долларынан аслам сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлердиң тартылыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, Сенат тәрепинен өткерилген үйрениў, халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде додалаў процесинде Сыртқы ислер министрлигиниң жумысында бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенлиги анықланды.

Айрықша итибар мәмлекетимиздиң мәплери жолында абырайлы халықаралық шөлкемлер, атап айтқанда БМШ пенен бирге ислесиў нәтийжелилигин  арттырыў және Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли сиясий ҳәм социаллық реформаларды халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў  ўазыйпаларына қаратылды.

Сондай-ақ, экспортты хошаметлеў, сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм туризмди раўажландырыў тараўларында республика аймақларына әмелий жәрдем бериў, орынларда исбилерменлердиң сыртқы экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўдағы билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў және мийнет миграциясы машқалаларын шешиўдеги жумысы жетерли нәтийже бермей атыр.

Атап айтқанда, сырт мәмлекетлер менен аймақлараралық бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде ўәлаятлардың жуўапкерлери ушын оқыў сабағы ҳәм тренинглер системасы усы күнге шекем жолға қойылмаған. Аймақлардан түсип атырған белгили бир жойбарлар ҳәм инвестициялық усыныслар жуўапсыз қалмақта.

Министрликтиң сырт еллердеги пуқараларымыздың ҳуқықларын қорғаў, оларға тийисли жәрдем ҳәм сапалы консуллық хызметлерин көрсетиўдиң әмелдеги тәртиби айрықша келиспеўшиликлерге себеп болмақта. Социаллық тармақлардағы көплеген хабарларды оған мысал түринде көрсетиў мүмкин.

Жалпы мәжилисте ашық ҳәм ҳәр тәреплеме пикир-усыныслар билдириў нәтийжесинде халық депутатлары жергиликли Кеңеслер, Сыртқы ислер министрлиги, Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да жуўапкер уйымларға тийисли тапсырмалар ҳәм усынсылар берилди.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги системасында 2019-жылы ҳәм 2020-жылдың өткен дәўиринде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме тыңланды.

Атап өтилгениндей, Сенаттың жумысшы топары тәрепинен Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы және халықтың бәнтилигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қаралар ҳәм бағдарламалар, илажлардың орынланыў жағдайы үйренилди.

Мәмлекеттиң мийнет базарын таллаў тийкарында аймақлық ҳәм тармақ бағдарламаларын ислеп шығыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ушын мәмлекетлик буйыртпаны ҳәм халықтың социаллық әззи қатламларын жумысқа жайластырыў ушын квоталар белгилеў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў  бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылған.

Соның ишинде, республикада 2020-жыл 1-апрель жағдайына мийнет ресурсларының саны 19,1 миллион адамды қурап, бул көрсеткиш 2019-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 0,6 процентке көбейген.

Буннан тысқары, мийнет уйымларына мүрәжат еткен жумыссызлардың жумысқа жайластырылыўын тәмийинлеў, қурыў, оңлаў ҳәм реконструкциялаў, қала ҳәм районларды абаданластырыў, мәўсимлик аўыл хожалығы жумысларын шөлкемлестириў арқалы жумысқа тартыў бойынша тийисли илажлар алып барылған.

Атап айтқанда, Халық бәнтлигине көмеклесиў орайларының жумысы 2019-жылы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге «Бир айна» принципи тийкарында хызмет көрсетиў системасына өткерилген ҳәм 773,4 мың физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге хызметлер көрсетилген.

«Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, министрлик тәрепинен жеке меншик бәнтлик агентликлериниң реестри қәлиплестирилген. 2020-жыл январь-апрель айларында 2891 жумыссыз пуқара жумысқа орналастырылған.

Мәжилисте үйрениў даўамында министрлик жумысының нәтийжелилиги төмен екенлиги және бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер анықланғаны атап өтилди.

Соның ишинде, 2019-жылы республика бойынша жумыс сорап мүрәжат еткен 773 мың пуқараның тек 46 проценти орналастырылған болса, 2020-жылдың 4 айында мүрәжат еткен 273 мың пуқарадан тек 40 процентиниң  бәнтлиги тәмийинленген.

Жеке меншик жумыс бериўшилердиң әмелдеги мийнет нызамшылығына муўапық бюроларға бос турған орынлар ҳаққында мағлыўмат усынып барыўы жолға қойылмаған.

Жаңа жумыс орынларын жаратыўды хошаметлеў арқалы жумыссызлықты  қысқартыў бағдарындағы жумыс та қанаатланарлы, деп болмайды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-марттағы «2019-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша  мәмлекетлик буйыртпа ҳаққында»ғы қарарында республика бойынша улыўма 370 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестирилиўи белгиленген.

Бул мәселеде де министрлик Режесинде белгиленген, мәмлекеттиң мийнет базарын таллаў тийкарында халықтың бәнтлигин шөлкемлестириў, аймақлық ҳәм тармақлық бағдарламаларды  ислеп шығыў, халықтың социаллық әззи қатламларын жумысқа орналастырыў ушын квоталар белиглеў арқалы халықтың бәнтилигин  тәмийинлеў сыяқлы бир қатар ўазыйпалардың орынланыўы талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген.

Буннан тысқары, жасларды, соның ишинде, аўыллық жерлерди, улыўма билмлендириў мектеплери, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерин жумысқа орналастырыў бойынша системалы  жумыслар жолға қойылмаған.

Және бир тәрепи. Министрлик системасындағы ҳәзирге шекем әмелде болған оқыў курсларының түри ҳәм оқытыў сапасының дәрежеси бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейди. Мәселен, әмелде қолланып атырған оқыў системасының ҳәзирги түри менен миллионлаған жумыссыз халықты қамтып алыўдың илажы жоқ.

Соның менен бирге, пуқаралардың мийнет миграциясы процесслерин тәртипке салыў ҳәм оларды сырт елде жәмлескен ҳалда жумысқа орналастырыў мәселелери бойынша да бир қатар шешимин күтип атырған машқалаларға итибар қаратылды.

Атап айтқанда, Министрлик тәрепинен Режедеги, мәмлекет пуқараларының мийнет миграциясы процесслерин тәртипке салыў ҳәм оларды сырт елде жәмлескен ҳалда жумысқа орналастырыў ўазйпалары талап дәрежесинде орынланбай атырғанлығы нәтийжесинде 2019-жылы ҳәм 2020-жылдың өткен дәўиринде улыўма мийнет миграциясы ағымында шөлкемлестирилген миграция үлеси орташа 9 процентти қураған.

Анықланған машқалалар ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша пикир – усыныслар билдирилди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Соң сенаторлар тәрепинен Россия Федерациясында ўақтынша жумыс ислеп атырған Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеў илажлары бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул парламентлик сораў пуқаралардың Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Президенттиң виртуал және халық қабыллаўханалары, Омбудсман, аймақлардағы ҳәкимликлер, Россия Федерациясындағы  мәмлекетимиздиң дипломатиялық миссияларына жиберилген мүрәжатлар тийкарында қәлиплестирилген.

Россия Федерациясында ўақтынша жумыс ислеп атырған  Өзбекстан Республикасы пуқараларының әҳмийетли машқалаларын шешиў мәселеси Сенаттың дыққат орайында турғанлығы, Өзбекстан-Россия парламентлераралық бирге ислесиў бойынша қоспа комиссиясы жумысының орайлық темаларынан бири екенлиги атап өтилди.

Россия тәрепи менен сыртқы мийнет миграциясы процесслерин тәртипке салыў ҳаққында еки келисим, жумыс ислеў ушын пуқараларды шөлкемлестириўшилик тийкарда қабыл етиў, олардың республикадан сыртта жумыс орнына қәўипсиз жетип барыўын тәмийинлеўдиң қолайлы шараятларын жаратыў ҳаққында шәртнамалар дүзилгенлигине қарамастан, ерисилген мәмлекетлераралық келисимлерди тийисли түрде орынлаўға байланыслы әҳмйиетли машқалалар сақланып қалмақта.

Мысал ушын, Москва қаласындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ўәкилханасының мағлыўматларына бола, Россияда жумыс ислеп атырған барлық мийнет мигрантларының 25,4 процентиниң тийисли патенти рәсмийлестирмей ислемекте. Яғный Россия нызамшылығына бола нызамсыз жумыс алып бармақта.

Еки тәреплеме келисимлердиң барлығына қарамастан, пуқараларды жумысқа шөлкемлестириўшилик түрде орналастырыў көрсеткишлери төменлигинше қалмақта. Мәселен, 2019-жылы Россияда Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм жеке меншик агентликлер тәрепинен шөлкемлестириўшилик түрде қабыл етиў арқалы 1425 адам жумысқа орналастырылды.

Тәртипсиз мийнет миграциясының бар екенлиги, мийнет мигрантларының жәмийетке  бейимлесиўи төмен дәрежеде екенлиги менен байланыслы машқалалар шешилмегенлиги, орыс тилин, Россия Федерациясының мийнет ҳәм миграция ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин төмен дәрежеде билиў пуқараларымыздың ҳуқықларын тәмийинлеўде көплеген машқалаларды келтирип шығармақта.

Сенаторлар сырт елдеги пуқараларымыздың ҳуқықлары менен  мәплерин қорғаў ҳүкимет алдында турған әҳмийетли мәселелер қатарына киретуғынын атап өтти.

Соннан келип шығып, Олий Мажлис Сенаты Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў ҳаққында қарар қабыл етти.

Соңынан қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат яки қәдир-қымбатын кемситиўши мүнәсибет ҳәм жаза түрлерин қолланыў сыяқлы жынаятлар жүз бериўи жағдайлары бойынша Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратурасына парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Олий Мажлис Сенатының Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети сорастырыў ҳәм тергеў уйымларында, жазаны өтеў орынларында қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат яки қәдир-қымбатын кемшитиўшы мүнәсибет ҳәм жаза түрлерин қолланыў сыяқлы жынаятлардың жүз бериўи жағдайын үйренди.

Соңғы жылларда елимизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери,  бәринен бурын, жынайый зорлықлардан қорғаўдың исенимли  кепилликлерин тәмийинлеўге, сондай-ақ, олардың ар-намысы ҳәм қәдир -қымбатын кемситиўге, нызамлы мәплериниң шеклениўине жол қойылмаўына қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, бул бағдарда бир қатар ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди.

Және бир тәрепи, 2019-жылдың биринши мартында БМШ тың Қыйнаўларға қарсы комитетине Қыйнаўларға салыўға ҳәм  басқа да аяўсыз, адамшершиликке жат яки қәдир-қымбатын аяқ асты етиўши түрлерине қарсы Конвенцияда белгиленген миннетлемелердиң орынланыўы ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының баянаты менен бирге Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ниң Альтернатив баянаты да киргизилди.

Бирақ халықтан келип атырған мүрәжатлар ҳәм суд әмелиятын таллаў ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен услап турылған, қамаққа алынған ҳәм еркинен айырыўға ҳүким етилген шахсларға қарата нызамсыз тәсир илажлары қолланылыўы жағдайлары еле ушырасып атырғанлығын  көрсетпекте. Соның ишинде, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) атына бул мәселелер бойынша 2017-жылы 24, 2018-жылы 101, 2019-жылы 138 ҳәм 2020-жылдың  25-май ҳалатына 40 мүражат келип түскен.  Көринип турғанындай, Ўәкилдиң атына келип атырған шағымлардың саны жылдан-жылға көбейип бармақта. Бул мүрәжатлардың барлығы қадағалаўға алынған ҳалда көрип шығыў ушын Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасыны ҳәм Ишки ислер министрлигине жиберилген.

Бирақ жиберилген мүрәжатлардың бир бөлеги бойынша өткерилген тергеўге шекемги тексериў нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар Ўәкилге жиберилмей киятыр.

Бас прокуратура тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, ҳуқықты қорғаў уйымлары ҳәм қадағалаў басқармалары ҳызметкерлери ҳәм басқа да шахслар Жынаят кодексиниң 235-статьясында нәзерде тутылған жынаятты ислегенлиги нәтийжесинде   96 шахсқа байланыслы жәми  25 жынайый ис қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылған.

Қыйнаўға салыў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат яки қәдир-қымбатын кемситиў мүнәсибети ҳәм жаза түрлерин қолланғанлығы ушын ҳуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлериниң  2017-жылы 8и,  2018-жылы  4ўи ҳәм  2019-жылы  6ўы жуўапкершиликке тартылған.

Буннан тысқары, судлар тәрепинен қыйнаўға салыў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат яки қәдир-қымбатын кемситиўши мүнәсибет ҳәм жаза түрлерин қолланыў менен байланыслы 2017, 2018 ҳәм  2019-жылларда жәми 21  ис көрилип, 38  хызметкерге ҳүким шығарылған.

Бундай жағдайлардың ушырасыўы халықтың ҳақылы түрде наразалығына, ҳуқықты қорғаў уйымлары ҳәм әдил судлаўға  исениминиң жоғалыўына алып келмекте.

Қалаберди, елимиздиң халықаралық рейтинги ҳәм индекслердеги орнына да унамсыз тәсирин тийгизбекте. Атап айтқанда, Жәҳән банкиниң Басқарыў сапасы индикаторларының Сиясий турақлылық ҳәм зорлықлар субиндикаторы бойынша 212 мәмлекет арасында Өзбекстан  136-орынды ийелемекте. «Жәҳән әдил судлаў жойбары» халықаралық ҳүкиметлик емес шөлкемлердиң Ҳуқық үстинлиги индексиниң Тийкарғы (фундаментал) ҳуқықларының тәмийинленгени индикаторы бойынша  128  мәмлекет ишинде Өзбекстан 110-орынды ийелеп келмекте.

Соған тийкарланып Олий Мажлис Сенаты қыйнаўға салыў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат яки қәдир-қымбатының кемситилиўи мүнәсибети ҳәм жаза түрлерин қолланыў сыяқлы жынаятлар жүз бериўи жағдайлары ҳәм ислениўи тийис болған жумыслар бойынша Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Бас прокуратурасына парламент сораўын жибериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Буннан соң парламенттиң жоқары палатасы ағзалары тәрепинен мәмлекетте халық, әсиресе, жасларды денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыўда ушырасып атырған машқалалар ҳаққында Министрлер Кабинети парламентлик сораў жибериў мәселеси де көрип шығылды. Атап өтилгениндей, соңғы үш жылда елимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў бойынша бир қатар реформалар әмелге асырылды.  Әсиресе, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги шөлкемлестирилип, 2025-жылға шекем денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў концепциясы қабыл етилди.

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы, Россия мәмлекетлик денетәрбия, жаслар, спорт ҳәм туризм университетиниң Самарқанд филиалы, Беларусь мәмлекетлик денетәрбия университети менен биргеликте қосымша денетәрбия, спорт ҳәм туризм факультети өз жумысын баслаған.

Қалаберди, 2019-жылғы Инвестициялық бағдарламаға муўапық  244, 2 миллиард сум есабынан  69 спорт объекти қурылған. Алыс ҳәм узақ аўылларда жәми  421 жеңил конструкциялы киши спорт заллары ҳәм жасалма қапламалы спорт имаратлары қурылып, пайдаланыўға тапсырылған.

2019-жылы шаңарақлар арасында жәми 53 мыңнан зыят шаңарақлық спорт жарыслары өткерилип, оларға 4,2 миллионнан аслам пуқаралар қатнасқан.

Мәжилисте алып барылып атырған унамлы жумыслар менен бир қатарда тараўдағы бир қатар машқалалар да бар екенлиги айрықша атап өтилди. Әсиресе, аймақларда жаратылған спорт имаратлары халықтың зәрүрликлерин толық қанаатландыра алмай атыр.

Республикамызда бар жәми  51  583 спорт объектиниң  87 проценти районларда ҳәм  13 проценти қалаларда жайласқан. Олар жәми 1,3 миллион орынға ийе болып, мәмлекет халқының тек ғана  4  процентин қамтып алмақта.

Таллаўларға қарағанда, бүгинги күнде республикамыз бойынша қосымша 421 спорт имаратларына зәрүрлик бар. Бул зәрүрликлер тийкарынан Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятында жоқарылығы менен қалмақта.

Буннан тысқары, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында баскетбол майданларын қурыў ушын 96 процент (194) қала ҳәм районларда жер майданы ажыратылмаған. Спорт объектлерин паспортластырыў жумыслары талап дәрежесинде алып барылмай атырғанлығы себепли республикамыздағы бар  51 583 спорт объектлериниң 46 проценти паспортластырылмаған.

Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплерин спорт заллары менен тәмийинлеў жумыслары жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмеген. Халық билимлендириў министрлиги системасындағы жәми  9 942 улыўма билим бериў мектебиниң 24 процентинде (2 359) спорт заллары жоқ.

Республикамызда 3,8 миллионнан аслам бәнтлиги тәмийинленбеген жасларды ғалабалық спортқа тартыў ушын  248, 5 мыңнан зыят илажлар өткерилиўине қарамастан, бундай илажларға олардың тек ғана 10 проценти қамтып алынған.

Сондай-ақ, Сенаттың Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети ЮНИСЕФ пенен биргеликте «Ю-репорт» социаллық санлы платформасында елимиздеги спорт объектлериниң бүгинги жағдайы ҳәм жумысы бойынша өткерилген сораўнама нәтийжелери де тараўда бир қатар машқалалардың бар екенлигин айқын көрсетти.

Сегиз мыңға шамалас қатнасыўшыны қамтып алған сораўнама нәтийжесине бола, жаслардың 49 проценти денетәрбия менен турақлы шуғылланбайды.  20 проценти спорттың бирде-бир түри менен қамтып алынбаған.  19 процент қатнасыўшылар ушын спорт дөгереклериниң баҳасы қымбат,  64 процент жаслар спорт объектлеринне транспорт арқалы барыўға ямаса узақ ўақыт пияда жүриўге туўра келиўи себепли қолайсызлықлар туўдыратуғынын билдирген.   64  процент жаслар өз мәҳәллелеринде спорт объектлери жоқ екенлигин ҳәм спорт жарыслары жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмейтуғынлығын атап өткен. Бул бағдарда, әсиресе, Наманган, Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларында жағдай қанаатлардырарсыз екенлиги билдирилди.

Әсиресе, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарнлда «Ҳәр бир мәҳәлледе футбол майданы» бағларламасының орынланыўы жәми 6 мың мәҳәлледе тәмийинленбеген. Мәселен, Әндижан ўәлаятында  867, Самарқанд ўәлаятында 790, Ташкент ўәлаятында  708 ҳәм Ферғана ўәлаятында  700 футбол майданшалары қурылмаған.

Буннан тысқары, денетәрбия ҳәм спорт тараўында кадрлар таярлаў, спорт мектеплерин тәжирийбели тренерлер ҳәм медицина хызметкерлери менен тәмийинлеў жумыслары жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмеген.

Жоқарыдағыларды инабатқа алып, елимиз халқы, әсиресе, жасларды денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғлланыўға кеңнен тартыўда орын алып атырған машқалалар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў бойынша Сенат қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарлары да тастыйықланды.

Солай етип, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

 Олий Мажлиси Сенаты

 Баспасөз хызмети