Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Ферғана ўәлаяты Сўх районының бар ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, инженерлик-коммуникация тармақларын модернизациялаў, социаллық ҳәм өндирис инфраструктураларын раўажландырыў, санаат потенциалын және де арттырыў, аўыл хожалығы, сервис ҳәм хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў, сондай-ақ, коронавирус пандемиясы шараятында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў есабынан район халқының турмыс дәрежесин жақсылаў мақсетинде:

  1. 1. 2020-2021-жылларда Ферғана ўәлаятының Сўх районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 2. Төмендегилер Ферғана ўәлаятының Сўх районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарлары етип белгиленсин:

заманагөй бәсекиге шыдамлы санаат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жаңа қуўатлылықларды шөлкемлестириў ҳәм оларды ислеп шығарыўды хошаметлеў, хызметлер тараўын раўажландырыў, исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаў;

аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў, тараўда пайдаланылмай атырған ҳәм пайдаланыўдан шығып кеткен жерлерди өзлестириў, ирригация-мелиорация илажларын әмелге асырыў, шарўашылық, соның ишинде, қусшылық ҳәм балықшылық тармағын және де раўажландырыў;

жол-транспорт, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыўға, халықтың турақ жай турмыслық шараятларын жақсылаўға, саламатландырыў ҳәм мәдений дем алыўды шөлкемлестириўге қаратылған илажларды әмелге асырыў, район орайын абаданластырыў;

билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, медицина тараўы ҳәм педагог хызметкерлердиң мийнетин және де хошаметлеў, районда жоқары мағлыўматлы қәнигелерге болған талапты қанаатландырыў, билимлендириў ҳәм медицина хызметлериниң сапасын арттырыў;

халықты социаллық қоллап-қуўатлаўды және де күшейтиў, олардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў.

  1. 3. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Бағдарламаны әмелге асырыўдың тийкарғы әҳмийетли бағдарларын есапқа алған ҳалда Бағдарламаның мақсетли параметрлери ҳәм қаржыландырыў дәреклери тийкарында 2020-2021-жыллары Сўх районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажларының мәнзилли бағдарламасын тастыйықласын.
  2. 4. 2020-2021-жыллары Ферғана ўәлаятының Сўх районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары бағдарламасын әмелге асырыў бойынша республикалық жумысшы топары (кейинги орынларда – Республикалық жумысшы топар) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер Республикалық жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

жуўапкер басшылардың қатнасыўында Бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбардың өз мүддетинде ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

Бағдарламаға киргизилген жойбарлардың орынланыўын турақлы түрде ҳәр айда бир мәрте Сўх районында, ҳәр шеректе бир мәрте республика дәрежесинде додалап барыў ҳәм машқалалы жойбарлардың шешими бойынша зәрүр ҳәм оператив илажларды әмелге асырыў;

Бағдарлама шеңберинде белгиленген жойбарлардың әмелге асырылыўы мониторингин алып барыў, жойбарлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўына тосқынлық ететуғын машқалаларды сапластырыў бойынша оператив ҳәм әмелий илажларды көриў;

райондағы кәмбағаллыққа байланыслы реал жағдайды үйрениў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм сапластырыў бойынша зәрүр илажларды белгилеў.

  1. 5. Ферғана ўәлаятының Сўх районында исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм экономика тармақларының избе-из ислеўин тәмийинлеў, халықты социаллық қорғаў мақсетинде:

а) 2020-жылы физикалық тәреплер жер салығы ҳәм мүлк салығын төлеўден азат етилсин;

б) быйыл 1-августтан баслап 2021-жыл 31-июльге шекем:

жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы әмелдеги қатаң белгиленген салық ставкасының 50 проценти муғдарында белгиленсин;

алкоголь өнимлерин усақлап сатып саўда ислеў ҳуқықын беретуғын руқсат гүўалығын алыў ушын жыйымды төлеўден азат етилсин.

  1. 6. Исбилерменлердиң бизнес жойбарларын финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде кредит процент ставкасының 10 процентли пунктинен жоқары болған бөлегин, бирақ Орайлық банк тийкарғы ставкасының 17,5 есесинен артпаған муғдарын Исбилерменлик субъектин қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының есабынан компенсация етиў тәртиби енгизилсин.
  2. 7. Қаржы министрлиги коммерциялық банклер менен биргеликте Сўх районының халқына жаңа турақ жай қурыўы ушын ипотека кредитлериниң ажыратылыўын тәмийинлесин.
  3. 8. Ферғана ўәлаятының Сўх районы ҳәкимлиги менен келискен ҳалда 2022-жыл 1-январьға шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына киргизилген жойбарлар ушын, суўғарылатуғын жер майданларынан тысқары жер участкаларын тиккелей ажыратыў ҳуқықы берилсин.
  4. 9. Денсаўлықты сақлаў министрлиги Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте райондағы денсаўлықты сақлаў мәкемелерине жоқары тәжирийбели қәнигелерди жумысқа тартсын.
  5. 10. Сўх районында жайласқан медицина мәкемелеринде жумыс ислеп атырған шыпакерлердиң лаўазым мийнет ҳақыларына тараўдағы жумыс стажының биринши жылы ушын тариф ставкасына салыстырғанда 40 процент ҳәм ҳәр бир кейинги еки жыл ушын тариф ставкасына салыстырғанда 15 процент муғдарда, үстемениң ең көп муғдары 100 процент орнатылатуғыны;

Сўх районында жайласқан медицина мәкемелеринде жумыс ислеп атырған шыпакерлердиң лаўазым мийнет ҳақыларына айлық қосымша үстемелер, социаллық напақалар және Сўх районы жергиликли бюджетиниң салықлардан берилген жеңилликлери есабынан жүзеге келген жоғалтыўлары усы жылы Қаржы министрлиги жанындағы Кризиске қарсы гүресиў қорының есабынан қаплап берилетуғыны белгиленсин.

  1. 11. Сыртқы ислер министрлиги Қорғаныў министрлиги менен биргеликте Қырғызстан Республикасы ҳаўа аймағынан пайдаланыў мәселесин шешсин.

Транспорт министрлиги Қырғызстан Республикасы ҳаўа аймағынан пайдаланыў мәселеси толық шешилгеннен кейин бир ҳәпте мүддетте Ферғана қаласынан Сўх районына киши авиация транспорты арқалы халыққа қолайлы баҳаларда қатнаўлардың жолға қойылыўын тәмийинлесин.

Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги бир ай мүддетте Сўх районында самолёт ҳәм вертолётлар ушын ушып-қоныў майданшаларын шөлкемлестирсин.

Қаржы министрлиги  Ферғана қаласынан Сўх районына киши авиация транспортының қатнаўы бойынша көрилген зыянларды қаплаў ушын компенсация төлемлерин усы жылы Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан қапланыўын ҳәм келеси жылларда Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.

  1. 12. Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги:

Сўх районының халқы ушын Ферғана ўәлаятының Ёзёвон, Қўштепа, Бағдад, Риштан ҳәм Бувайда районлары аймағында дийқаншылық етиў ушын егислик жер майданы ҳәм ипотека кредитлери тийкарында квартиралар ажыратсын;

Ферғана ўәлаятының аймағында орайластырылған қаржылар есабынан әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларына, сондай-ақ, санаат кәрханаларында жаңадан шөлкемлестирилип атырған жумыс орынларына Сўх районының халқын кеңнен тартсын;

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте Сўх районының жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленбеген халқының бир бөлимин Ташкент қаласында ири объектлерде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларына системалы түрде тартылыўын тәмийинлесин.

  1. 13. Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети белгиленген тәртипте Бағларлама шеңберинде қурылыс материалларын ҳәм басқа да санаат өнимлерин ислеп шығарыў мақсетинде жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензиялар және жер асты ишимлик суўының дәреклери бойынша тийисли шешимлер берилиўин тәмийинлесин.
  2. 14. Энергетика министрлиги Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги менен биргеликте халықты электр энергиясы, тәбийғый ҳәм суйылтылған газ, ишимлик суўы ҳәм канализация системасы менен тәмийинлеў бойынша инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў, сондай-ақ, Бағдарлама шеңберинде әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар тийкарында өндирис кәрханаларының инженерлик-коммуникация тармақларына өз ўақтында жалғаныўын және оларға бар ресурслар ҳәм имканиятлардан келип шығып, талап етилетуғын тәбийғый газ ҳәм электр энергиясының жеткерип берилиўин тәмийинлеў илажларын көрсин.
  3. 15. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги орайласқан дәреклер есабынан Бағдарламаның 2020-жылда әмелге асырылатуғын жойбарларын 20202022-жылларға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламаның 2020-жыл ушын тастыйықланған параметрлери шеңберинде әмелге асырсын ҳәм кейинги жыллар ушын белгиленген илажлардың тийкарғы көрсеткишлерин анықластырып ҳәм жаңалап барған ҳалда, келеси жыллары Инвестициялық бағдарламаны қәлиплестириўди нәзерде тутсын.
  4. 16. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа- усы қарардың орынланыўын өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў, белгиленген илажларды әмелге асырыўға жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың нәтийжели жумысын шөлкемлестириў және муўапықластырыў, анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў бойынша;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары-экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри Ж.А.Қўчқоровқа-усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен зәрүр қаржыларды өз ўақтында ажыратыў ҳәм басқа да финанслық ресурсларды тартыў бойынша;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары-инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.У.Умурзақовқа-районда инвестициялық орталықты жақсылаў, инвесторларды және инвестицияларды, әсиресе, тиккелей инвестицияларды кеңнен тартыў және районның экспорт потенциалын арттырыў бойынша;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноевқа-районда аўыл хожалығы жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, пайдаланыўдан шығып кеткен жерлерди өзлестириў, мийўе-овощ, шарўашылық ҳәм қайта ислеў тараўын раўажландырыў бойынша;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа – районда социаллық тараўда кадрларға болған талапты қанаатландырыў, социаллық инфраструктура объектлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 17. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Шавкат МИРЗИЁЕВ

   Ташкент қаласы,

2020-жыл 8-август