ӘҲМИЙЕТЛИ СӘЎБЕТ
Бүгинги күни көпшиликти қызықтырытуғын усы сораўға жуўап алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Аманжол Аяпов пенен сәўбетлестик.
-Бәршемизге белгили, коронавирус пандемиясы себепли 2019–2020-оқыў жылы билимлендириў тараўында онлайн телесабақлар менен жуўмақланды. Ҳәзирги ўақытта көпшилик ата-аналарды сентябрьде балаларымыз онлайн тәризде оқый ма?,-деген сораўлар қызықтырмақта. Келиң, сәўбетимизди усы мәселеден басласақ…
-Дурыс айтасыз, ҳәзирги ўақытта көпшилик ата-аналарда усындай сораў туўылыўы тәбийғый. Халық билимлендириў министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте жаңа оқыў жылын қай тәризде баслаў үстинде үйрениўлер алып бармақта. Нәтийжеде жаңа оқыў жылын баслаў бойынша үш сценарий бойынша жумыс алып барыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, карантин қағыйдалары өзгериўине қарамастан, министрлик тәрепинен онлайн мектеп жойбары даўам еттирилиўи режелестирилген. Бул жойбар баланың мектептен тысқары алған билимин үйге келип беккемлеўи, муғаллимлерге болса, тәжирийбели кәсиплеслериниң сабақларынан өзине тәжирийбе алыў ушын имканият майданы болып хызмет етеди.
-Бүгинги күни мектеп питкериўшилерин жоқары оқыў орынларына қамтып алыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тараўда қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
-Өзлериңизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 14-июль күни жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў, оларды дәрамат дәреги менен тәмийинлеў мәселелерине бағышланып өткерилген кеңейтилген видеоселектор мәжилисинде бүгинги күнде Халық билимлендириўи тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқыўшылардың билим көрсеткишлери және билимлендириўге байланыслы басқа да мәселелер сөз етилип, бул бойынша ең әҳмийетли ўазыйпалар додаланды. Усы мәжилистен келип шығып, билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, питкериўши жасларды жоқары оқыў орынларына қамтып алыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тараў басшыларына ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул ўазыйпалар заман талабынан келип шығып, улыўма билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға жаңаша қатнас жасаў арқалы, билим бериўдиң барлық тәреплерин өз ишине алған, келешекте улыўма билим бериў мектеплериниң рейтинг көрсеткишлери нәтийжелери тийкарында белгилениўи көрсетилген.
Быйылғы оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класын 24908 оқыўшы питкерип шыққан болса, соннан 21597 оқыўшы карантин қағыйдаларын сақлаған ҳалда жоқары оқыў орынларына онлайн тәризде ҳүжжет тапсырған. Буннан тысқары, 26 питкериўши орта арнаўлы оқыў орынларына ҳүжжет тапсырды.
Министрлик мәпдар шөлкемлер менен биргеликте быйылғы питкериўшилер арасынан жоқары оқыў орынларына тест сынағынан өте алмағанлардың бәнтлигин тәмийинлеўдиң барлық илажларын көрмекте.
-Жаңа 2020-2021-оқыў жылында оқыўшы-жасларды мектептен баслап турмысқа таярлаў ҳәм кәсипке үйретиў бағдарында қандай жумысларды әмелге асырыў режелестирилмекте?
-Жаңа оқыў жылынан баслап «Тәрбия» пәни арқалы жасларға жоқары мақсетлерге ерисиў бойынша билим бериўге, олардың өз үстинде турақлы ислеўине айрықша итибар қаратылады. Оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм уқыбына қарай оларды кәсипке бағдарлаў жумыслары шөлкемлестириледи. Бул ушын 7-класстан баслап мектеп оқыўшыларының кәсиплер кесиминде қызығыўшылығы анықланады. 8-9-класс оқыўшылары программист, дизайншы, аўдармашы сыяқлы әҳмийетли кәсиплер ушын тийкар болатуғын билим және көнликпелерди ийелейди. 10-класстан баслап болса, робототехника, программаластырыў сыяқлы талап жоқары болған кәсиплерге үйретиў жолға қойылады. Сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлиги жанынан «Кәсипке таярлаў ҳәм сертификатлаў» орайын шөлкемлестириў ҳәм 11-классты питкериўшилерге ийелеген кәсиплик көнликпелери бойынша халықаралық дәрежеде тән алынатуғын сертификатлар бериў режелестирилген.
-Жаңа оқыў жылында мектеп директорлары ҳәм муғаллимлерин хошаметлеўдиң жаңа механими енгизилмекши. Бул бойынша толығырақ түсиник берсеңиз?
-Дурыс айттыңыз. Жаңа оқыў жылында мектеп директорлары ҳәм муғаллимлери өз питкериўшилериниң келешегине, олардың жоқары оқыў орынларына кириўи, кәсип ийелеп, бәнтлиги тәмийинленгенлигине қарай арттырылған мийнет ҳақы төлеў механизмин жолға қойыў нәзерде тутылған. Анығырақ етип айтқанда, питкериўшилердиң тумыстан өз орнын тапқанына қарай мектеп директорының жумысына тийисли баҳа бериледи.
-Билимлендириў тараўында оқыўшы-жасларға сапалы билим бериў педагог-кадрлардың қурамына байланыслы. Бүгинги күнде билимлендириў мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў бойынша қандай жумыслар алып барылмақта?
-Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи системасында 36040 муғаллим жумыс алып бармақта. Бул демек, кадрлар менен тәмийинлениў 99,9 процентти қурайды, деген сөз. Бүгинги күни орта арнаўлы билимге ийе кадрлардың орнын жоқары мағлыўматлы қәнигелер менен толықтырыў жумыслары алып барылмақта.
2019-2020-оқыў жылында министрликке қараслы улыўма билим бериў мектеплерине елимиздеги жоқары оқыў орынларын, сондай-ақ, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерген жәми 885 жас қәниге жумысқа орналастырылды. Министрлик тәрепинен 700 жас питкериўши аталыққа алынған болса, быйылғы жылдың биринши шерегинде 220 жас қәниге жумыс пенен тәмийинленди.
-Улыўма билим бериў мектеплерин жаңа оқыў жылына таярлаў бойынша қандай жумыслар алып барылды?
-Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 10-январьдағы «2020-2022-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында министрликке қараслы улыўма билим бериў мәкемелеринен 18 объект киригизилип, соннан 1 объектте жаңа қурылыс, 12 объектте реконструкция ҳәм 5 объектте капитал оңлаў жумысларын алып барыў жумыслары баслап жиберилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 4-апрельдеги «Кризиске қарсы гүресиў қорының қаржылары есабынан 2020-жылда қосымша социаллық ҳәм инфраструктура объектлерин жеделлестириў ҳәм әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис протоколы тийкарында республикамыз бойынша жәми 14 объектте, соның ишинде, 6 объектте реконструкция, 8 объектте капитал оңлаў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы жылдың февраль айында болып өткен мәжилис протоколына муўапық Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларындағы улыўма белим бериў мектеплеринде қурылыс-оңлаў жумыслары жүргизилмекте.
-Мектеп оқыўшыларын сабақлықлар менен тәмийинлеў мәселесине де тоқтап өтсеңиз?
-Жаңа оқыў жылында оқыў қарақалпақ, өзбек, рус, қазақ ҳәм түркмен тиллеринде алып барылатуғын улыўма билим бериў мектеплериниң 1-класс оқыўшылары ушын 4 атамадағы, 4-5-класс оқыўшылары ушын толық топламда, 2-класс оқыўшылары ушын шет тили шынығыў дәптери, 3-4-класс оқыўшылары ушын шет тили сабақлығы ҳәм шынығыў дәптери, 8-класс оқыўшылары ушын «Шет тили» сабақлығы, 8-9-класс оқыўшылары ушын информатика, 1-9-класс оқыўшыларына «Тәрбия» сабақлығы сыяқлы арнаўлы мектеп, мектеп-интернатларына жәми 487 атамадағы 1 миллион 648 мың 418 дана сабақлық және оқыў қолланбаларын мектеп китапханаларына алыў режелестирилген. Бүгинги күнге быйылғы жылы келетуғын сабақлық және оқыў қолланбаларын қала ҳәм районлар кесиминдеги мектеплерге бөлистириў исленип шығылды ҳәм олар карантин тамамланғаннан соң жеткерип бериледи.
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен жаңа оқыў жылынан баслап улыўма билим бериў мектеплеринде 1-класс оқыўшыларының сабақлықларынан пайдаланыў мүддети еки жыл етип белгиленди. Усы мүнәсибет пенен өткен оқыў жылында пайдаланған сабақлықларды карантин тамамланғаннан кейин оқыўшылардан белгиленген тәртипте толық қабыл етип алыўымыз тийис. Себеби, 2020-2021-оқыў жылы ушын 1-классларға «Әлипбе», «Тәрбия» сабақлықлары, «Математика дәптери», «Жазыў дәптери» сыяқлы оқыў қолланбалары басып шығарылады, қалған сабақлықларды өткен жылдағыдан пайдаланыў нәзерде тутылған.
Әлбетте. елимизде карантин илажлары даўам етип атырғанына қарамастан Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына айрықша итибар берилмекте. Бул итибар ҳәм ғамқорлық келешегимиз болған оқыўшы-жасларымызды терең билимли, ҳәр тәреплеме раўажланған кәмил инсанлар етип тәрбиялаўға хызмет етеди. Сонлықтанда, тараў хызметкерлери бундай ғамқорлыққа жуўап ретинде жаңа оқыў жылында да аянбай мийнет етеди, деп исендиремиз.
Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы