Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-август күни энергетика, транспорт, коммунал хожалығы ҳәм медицина тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти кеңейтиў бойынша презентация менен танысты.
Бюджетке жүкти азайтыў ҳәм ири жойбарларға жеке меншик секторды тартыў мақсетинде 2018-жылы Мәмлекетлик – жеке меншик шериклик агентлиги шөлкемлестирилген еди, бул бойынша өз алдына нызам ҳәм 10 нан аслам қарарлар қабыл етилди.
Соған қарамастан, ҳәзирги күнге шекем энергетика, медицина, коммунал хожалығы тараўларында барлығы болып тек ғана 9 ири мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларына қол қойылған. Бул көрсеткиш оғада төмен, деди мәмлекетимиз басшысы.
Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди тутыныўшыларға сатыўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў тапсырмасы берилди. Тек сол арқалы ислеп шығарыўшылар ҳәм сатыўшылар арасында бәсекини тәмийинлеп, өзине түсер баҳаны ҳәм жоғалтыўларды азайтыў мүмкин.
Президент Шавкат Мирзиёев денсаўлықты сақлаў тараўында 270 миллион долларлық 14 жойбарды тезлетиўди тайынлады.
Еки ай мүддетте Қарақалпақстан, Хорезм ҳәм Ташкентте гемодиализ орайларын шөлкемлестириў бойынша тендерлерди жуўмақлаў ўазыйпасы қойылды. Усы жойбарлар шеңберинде жылына 1 100 наўқастың өмирин 10 жылға созыў имканияты жаратылады. Гемодиализ қәрежетлери ушын бюджеттен жылына 100 миллиард сум ажыратылады.
Елимизде ҳәр жылы 20 мыңнан аслам онкологиялық наўқас дизимге алынады. Жуўапкерлерге жыл ақырына шекем 2 радиотерапия орайын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў тапсырмасы берилди. Сондай-ақ, жыл ақырыына шекем Нурафшан қаласында «қурыў-басқарыў-тапсырыў» принципи тийкарында 1 мың орынлық көп тармақлы клиникалық емлеўхана шөлкемлестириў бойынша жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў жүкленди.
Транспорт ҳәм логистика тармағы ҳаққында сөз болар екен, бул тараўда да әмелге асырылып атырған жумыслардың улыўма қанаатландырарлы емес екенлиги атап өтилди.
Тараўды раўажландырыўдың кейинги дәўиринде 27 миилиард доллар талап етилетуғыны мәлим етилди.
Мысалы ушын, бүгинги күнде Қамчық көпири арқалы Ташкенттен Әндижанға барыў ушын тығылыслар себепли 5-6 саат ўақыт жумсалады, 22 мың автомобиль өтеди. Бул көрсеткиш келеси 5 жылда 40 мыңға жетеди. «Ташкент-Әндижан» төлемли автомобиль жолы иске қосылған жағдайда аралықты басып өтиў 3 саатқа шекем қысқарады, транспорт ҳәрекети болса 70 процентке шекем артады.
Соның ушын мәмлекетимиз басшысы Қамчық өткелинде жаңа туннел қурыў бойынша тендер-жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм тендер жәриялаў әҳмийетли екенлигин көрсетип өтти.
Халықаралық экспертлердиң таллаўына бола, Өзбекстандағы бар аэропортларды модернизациялаў ушын 800 миллион доллар талап етиледи. Сол мүнәсибет пенен, Жәҳән банки менен биргеликте Ташкент, Бухара, Ферғана ҳәм Үргенш аэропортларын «пакет принципи» (зыян менен ислеп атырған ҳаўа портларын пайда келтирип атырғанлары менен шерикликке бериў) тийкарында шерикликке бериў бойынша техникалық тапсырмаларды ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.
Коммунал хожалығы тараўындағы жойбарлар да пуқта көрип шығылды. Тармақта реформалардың дерлик көринбей атырғаны, бул бағдарда қалақлыққа жол қойылып атырғаны көрсетип өтилди.
Ҳәзирги күнде 31 ири ҳәм орта қалалар, 156 район орайларының канализация системасын қурыў және модернизациялаў ўазыйпасы тур. Канализация системасы Қаршыда 45 процент, Әндижанда 37, Нөкисте 30, Наманганда 10 процентке тәмийинленген.
Тек 18 ири ҳәм орта қала ушын халықаралық қаржы шөлкемлериниң 912 миллион доллары тартылған. Есап-санаққа муўапық, барлық канализация жойбарлары ушын 2 миллиард 600 миллион доллар талап етиледи. Жеке меншик шериклер менен биргеликтеги қала канализациясының модернизациясы да бюджетке жеңиллик болады, ҳәм хызмет сапасы жақсыланады.
Оннан тысқары, Бухара, Наманган ҳәм Нөкис қалаларының ыссылық тәмийнатын шерикликке бериў моделлери бойынша усыныслар киргизиледи.
Бас министрдиң орынбасарлары Жамшид Қўчқоровқа ҳәм Сардор Умурзоқовларға ҳәр шеректе мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтеги барлық жойбарлардың орынланыўын додалап, зәрүр илажларды белгилеп барыў ўазыйпасы жүкленди.
Кескин сын көз қарас руўхында өткен презентация жуўмағында жуўапкерлерге додаланған жумысларды шөлкемлестириў бойынша анық көрсетпелер берилди.
Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик пенен байланыслы мәселелер Президентимиздиң жеке қадағалаўында болатуғыны атап өтилди.
Бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында жақын күнлерде жуўапкерлер мәмлекетимиз басшысы жанында сын көз-қараста – таллаў бағдарында есап беретуғыны белгиленди.
ӨзА