Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде статистика мағлыўматларының сапасын ҳәм исенимлилигин арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып, болып өтип атырған социаллық-экономикалық процесслерди, атап айтқанда, халықаралық шөлкемлердиң арнаўлы баспалары менен мағлаўматлар базаларында әдил ҳәм исенимли сәўлелендириўди тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

Соның менен бирге, статистика мағлыўматларының сапасын және де жақсылаў, статистика көрсеткишлериниң толық мағлыўмат базаларын жаратыў, оларды халықаралық стандартларға бейимлестириў, социаллық-экономикалық ҳәм демографиялық тараўларда статистиканың заманагөй усылларын енгизиў зәрүрлиги бар.

Миллий статистика системасын жетилистириў, мәмлекетлик статистика уйымларының еркинлигин тәмийинлеў, статистика мағлыўматларының ҳақыйқыйлығын ҳәм исенимлилигин арттырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын жетилистириўдиң төмендеги тийкарғы бағдарлары белгиленсин:

статистика уйымларын талап жоқары болған, сапалы ҳәм исенимли мағлыўматларды қәлиплестириўге, статистика  мағлыўматларының ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын арттырыўға қаратылған профессионал еркин хызметке айландырыў;

статистика  тараўында бирден-бир сиясатты әмелге асырыўға қаратылған ўәкилликлер менен миннетлемелерди беккемлеў арқалы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика  комитети жанындағы Статистика кеңесиниң толық жумыс ислеўин тәмийинлеў;

алдыңғы мәлимлеме-коммуникация технологияларынан кеңнен пайдаланған ҳалда статистика мәлимлемелерин жыйнаў, қайта ислеў, таллаў, басып шығарыў ҳәм сақлаў бойынша бир пүтин системаны шөлкемлестириў;

рәсмий статистиканы ислеп шығарыў, тарқатыў ҳәм муўапықластырыў мақсетинде елимиздиң пүткил миллий статистика системасы шеңберинде қолланылатуғын методикалық тийкарлар ҳәм басқарыў принциплерин жетилистириў;

уйымлық мағлыўматлар базаларын бирден-бир мағлыўматларды басқарыў системасына интеграциялаў арқалы бақлаўларды басқышпа-басқыш оптималластырыў ҳәм респондентлерден есап тапсырыў жүгин азайтыў, сондай-ақ, дизимге алыў жумысларын өткериў ҳәм жалпы статистика есапларын таңланған бақлаўлар менен алмастырыў есабынан статистиканы қәлиплестириў системасын жетилистириў;

статистика  мағлыўматларынан пайдаланыўшылар менен нәтийжели бирге ислесиў сиясатын жолға қойыў ҳәм бар статистика  мағлыўматлары ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етиў арқалы пайдаланыўшылардың статистика мағлыўматларына болған исенимин арттырыў;

мәмлекетлик статистика уйымларының жумысын материаллық-техникалық қоллап-қуўатлаўды және де жақсылаў, хызметкерлердиң нәтийжели ислеўи ушын мүнәсип шараятларды жаратыў, сондай-ақ, мәлимлеме-коммуникация технологияларының нәтийжели енгизилиўи есабынан аймақлық статистика уйымларының структураларын ҳәм олардың ўазыйпаларын басқышпа-басқыш оптималластырыў;

мәмлекетлик статистика уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик дәрежесин арттырыў, илимий изертлеўлерди алып барыў және келешекте әмелиятта қолланыў ушын алдыңғы статистика усыллары ҳәм технологияларын, соның ишинде, ашық мағлыўматлар тараўында инновациялық қолланбаларды ислеп шығыў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Мәмлекетлик статистика  комитети рәсмий статистиканы қәлиплестириў менен байланыслы өз ўәкилликлерин барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден еркин түрде әмелге асырады;

статистика  уйымларының нызамлы жумысына, соның ишинде, рәсмий статистика  есапларын ҳәм бақлаўларын өткериў және оларды басып шығарыў ҳәм жәриялаў процесслерине ҳәр қандай араласыўға жол қойылмайды;

Мәмлекетлик статистика комитети тәрепинен қәлиплестирилетуғын статистика мағлыўматлары  рәсмий статистика мәлимлемеси сыпатында жәрияланады;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық статистика басқармалары (кейинги орынларда-аймақлық басқармалар), сондай-ақ, районлық (қалалық) статистика бөлимлери жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларынан еркин ҳәм тиккелей Мәмлекетлик статистика комитетине бойсынады;

аймақлық басқармалардың баслықлары Мәмлекетлик статистика комитетиниң баслығы тәрепинен, районлық (қалалық) статистика бөлимлериниң баслықлары аймақлық басқармалар баслықларының усынысына бола Мәмлекетлик статистика комитетиниң баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи.

  1. Мәмлекетлик статистика комитетине төмендеги ҳуқықлар берилсин:

басқа рәсмий статистика ислеп шығарыўшылардың статистика методологияларын халықаралық стандартларға муўапықлығы бойынша аудиттен өткериў ҳәм аудит нәтийжелерине бола, министрликлер ҳәм уйымларға орынланыўы мәжбүрий болған усынысларды киргизиў;

бақлаўларды өткериў, рәсмий статистика материалларын қәлиплестириў ҳәм  таллаўларды әмелге асырыў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары менен өз-ара электрон байланысыў.

Онда, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары Мәмлекетлик статистика комитетиниң өз ўәкилликлери шеңбериндеги сораўына муўапық өзлериниң мәлимлеме системаларына кириў ҳәм оннан еркин пайдаланыўды тәмийинлеў ушын жеке жуўапкер болып есапланады.

  1. Төмендегилер:

Жәҳән банки жәрдеминде ислеп шығылған 2020-2025-жыллары Өзбекстан Республикасы статистикасын раўажландырыўдың миллий стратегиясы (кейинги орынларда – Стратегия) 1-қосымшаға муўапық;

2020-2025-жыллары Өзбекстан Республикасы статистикасын раўажландырыўдың миллий стратегиясын әмелге асырыў бойынша «Жол қартасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы»)  2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети жанындағы Статистика кеңесиниң қурамы 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети жанындағы Статистика кеңеси ҳаққындағы реже 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Министрлер Кабинети (Ж.А.Қўчқоров):

Стратегия ҳәм «Жол картасы»ның толық орынланыўын шөлкемлестирсин, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен турақлы мониторинг орнатсын:

бир ай мүддетте Стратегияның бағдарлары бойынша тийисли илажлардың орынланыўы ушын жуўапкер болған мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың маман қәнигелеринен ибарат тармақтың жумысшы топарларын қәлиплестирсин;

Стратегия ҳәм «Жол картасы»ның орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының өз ўақтында, сапалы таярланыўы ҳәм белгиленген тәртипте киргизип барылыўын тәмийинлесин;

Стратегияның орынланыўы бойынша илажларды әмелге асырыўда Жәҳән банки менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойсын және олардың орынланыўы ушын Жәҳән банки тәрепинен ажыратылып атырған қаржылардың мақсетли жумсалыўы үстинен мониторинг орнатсын;

Стратегия ҳәм «Жол картасы»ның орынланыў жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына жыллық мәлимлемелердиң берип барылыўын тәмийинлесин.

  1. Мәмлекетлик статистика комитети жанында өз жумысын жәмийетлик тийкарда алып баратуғын, турақлы жумыс ислейтуғын мәсләҳәт-кеңес уйымы болып есапланатуғын Жәмийетлик кеңестиң жумыс ислейтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Жәмийетлик кеңеске төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

Мәмлекетлик статистика комитетиниң жумысын жетилистириў бойынша усынысларды ҳәм пайдаланыўшылардың рәсмий статистика мағлыўматларына болған талапларын қанаатландырыў механизмлерин ислеп шығыў;

статистика мағлыўматларының ашық-айдынлығын, жәриялылығын ҳәм қолайлылығын арттырыўды тәмийинлеў;

Мәмлекетлик статистика  комитети тәрепинен әҳмийетли, сапалы ҳәм исенимли статистиканың қәлиплестирилиўине жәрдемлесиў;

бар статистика мағлыўматлары ҳаққында жәмийетшиликтиң хабардарлығын және олардың статистика мағлыўматларына болған исенимин арттырыў ушын пайдаланыўшылар менен тығыз байланыс орнатыў.

  1. Мәмлекетлик статистика комитети:

Жәмийетлик кеңестиң жумысына мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, исбилерменлик субъектлери, илимий жәмийетшилик, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин, миллий ҳәм халықаралық экспертлерди тартыў илажларын көрсин;

Мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ҳәр жылы 1-декабрьге шекем елимизде миллий экономиканы ҳәм социаллық тараўды реформалаў процесслериниң исенимлилигин ҳәм толықлығын есапқа алған ҳалда Мәмлекетлик статистика жумысларының бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм Жәмийетлик кеңеске келисиў ушын усынып барсын;

ҳәр жылы 1-октябрьге шекем Мәмлекетлик статистика жумыслары бағдарламасының орынланыў нәтийжелери ҳәм статистика  тараўында методологияны жетилистириў және жумысларды шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыс нәтийжелилиги ҳаққындағы есаптың Статистика кеңесине киргизип барылыўын тәмийинлесин.

  1. Мәмлекетлик статистика комитетине дизимге алыў процесслерин шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын 65 қосымша штат бирлиги, соның ишинде:

орайлық аппарат ушын-17 штат бирлиги;

аймақлық басқармалар ушын – жәми 48 штат бирлиги ажыратылсын.

Бунда, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм оның аймақлық басқармаларының басқарыў хызметкерлери шекленген санын арттырыў мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң санын қысқартыў есабынан әмелге асырылады.

  1. Усы қарардың 5-қосымшасына муўапық дизим бойынша министрликлер ҳәм уйымлар бир ай мүддетте хызметкерлердиң шекленген улыўма саны шеңберинде уйымлық статистика мағлыўматларын қәлиплестириў ҳәм Мәмлекетлик статистика комитети менен мәлимлеме алмасыўын тәмийинлеўге қәнигелестирилген бөлимди шөлкемлестирсин.
  2. Қаржы министрлиги:

Мәмлекетлик статистика жумысларының бағдарламасын әмелге асырыў ушын қаржы ажыратыўда пайдаланыўшылардың рәсмий статистика мағлыўматларына болған талапларынан келип шыққан ҳалда Статистика кеңеси ҳәм Жәмийетлик кеңес тәрепинен қәлиплестирилген усынысларды инабатқа алсын;

2020-жылы усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде жумсалатуғын қәрежетлер ушын Мәмлекетлик бюджеттиң параметрлери шеңберинде зәрүр қаржыларды ажыратсын ҳәм 2021-жылдан баслап ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын.

  1. Мәмлекетлик статистика комитети басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине:

статистика ислеп шығарыўшылардың статистика методолгияларын аудиттен өткериў ҳаққындағы реже жойбарын;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 6-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2003-жыл 30-августтағы «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети жанындағы статистика кеңеси қурамы ҳаққында»ғы П-1838-санлы бийлиги өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А. Гулямовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти            Шавкат МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 3-август