Жер жүзилик көлемде, соның ишинде, Өзбекстанда да қатаң карантин илажларының киргизилгени, бәринен бурын, экономикалық жеделликтиң ҳәм халық дәраматларының төменлеўине алып келмекте.

Әсиресе, усы жылдың екинши шерегинде экономикалық жағдай дүньяның барлық еллеринде кескин төменледи. Раўажланған еллерде жалпы ишки өнимниң төменлеўи 10-20 процентти, раўажланып атырған еллерде болса 7-15 процентти қурады.

Халықаралық экономикалық интеграция процесслерине жедел кирип баратырған Өзбекстан экономикасы да глобал машқалалардан зыян көрмекте. Кризиске қарсы көрилген қатаң ҳәм әмелий илажлардың есабынан  6 айдың жуўмақлары менен Өзбекстанның жалпы ишки өними 0,2 процентке өсти.

Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында бәнт болған пуқаралар жумыс орынларын ўақтынша жоғалтты, сырт елден 200 мыңнан аслам ўатанласымыздың алып келиниўи жумыссызлыр санын көбейтти.

Бундай қыйын шараятта халықты, әсиресе, оның жәрдемге мүтәж қатламын социаллық ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў мәселеси мәмлекеттиң биринши дәрежели итибарында турмақта.

Сол мақсетте, 30-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Коронавирус пандемиясы дәўиринде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» Пәрман қабыл етти.

Пәрманға муўапық:

Бириншиден, пандемия шараятында материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәжлер дизимине киргизилген ҳәм ағзалары 1,7 миллионнан аслам болған 400 мыңнан көбирек шаңарақларға республика бюджетинен қосымша 380 миллиард сум ажыратылады.

Екиншиден, муқаддес Қурбан ҳайыты байрамы алдында халқымыздың тарийхый ҳәм мәнаўий қәдириятларын көрсететуғын мүтәжлердиң аўҳалынан хабар алыў дәстүрин даўам еттирген ҳалда орынлардағы «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорлары арқалы 220-250 мың шаңараққа республика бюджетинен жәми 200 миллиард сум ажыратылады. Буның нәтийжесинде 1 миллионнан аслам халық нақ пул, азық-аўқат өнимлери ҳәм дәри-дәрмақ пенен тәмийинленеди.

Сондай-ақ, усы уллы әййям күнлери «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорын қоллап-қуўатлаў мақсетинде республика бюджетинен  150 миллиард сум ажыратылады. Бул қаржы жәмийетимизде тынышлық, дослық, мийрим-шәпәәт ҳәм татыўлық идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлап киятырған ўәкиллерди материаллық хошаметлеў ушын жумсалады.

Үшиншиден, коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде белсене қатнасып, өмирин қәўип астына қойып жанкүйерлик көрсетип атырған тез медициналық жәрдем бригадаларының шыпакерлери, мийирбийкелери,  киши медицина хызметкерлери ҳәм айдаўшыларына бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиў ушын 100 миллиард сум ажыратылады. Оның есабынан 26 мың шаңарақтың материаллық жағдайы жақсыланады.

Жоқарыдағы илажлар есабынан Өзбекстандағы  652 мың шаңараққа материаллық жәрдем көрсетиледи.

Буннан тысқары, қабыл етилген Пәрманда пандемия дәўиринде социаллық напақа алыўшылардың санын кескин арттырыў нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда:

еки жасқа шекемги бала тәрбиясы бойынша напақа алыўшы жәрдемге мүтәж аналардың саны ҳәр айда 14-15 мыңға шекем арттырылып, декабрь айында  400 мыңға шекем жеткериледи ямаса жыл басына шекем дерлик 1,5 есеге көбейтиледи;

14 жасқа шекемги балалары болған бала напақа алыўшы шаңарақлардың санын жыл басына салыстырғанда 2,5 еседен асламға арттырып, олардың саны декабрь айында 700 мыңға жеткериледи;

кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын мәтериаллық жәрдем алыўшылардың улыўма саны 600 мыңға көбейип, усы жылдың декабрь айында 1,2 миллионға (елимиздеги жәми шаңарақлардың дерлик  14,1 проценти) жеткерилиўи нәзерде тутылмақта ҳәм буған бюджеттен қосымша 426 миллиард сум ажыратылады.

Өзбекстанда кәмбағал шаңарақлардың улыўма саны республикадағы жәми шаңарақлардың 12-15 процентин қурайтуғынын есапқа алсақ, социаллық напақа механизми менен жыл ақырына барып елимиздеги барлық кәмбағал шаңарақлардың ҳәр бир қатламы толық қамтып алынады.

Оған жоқарыда айтып өтилген бир мәртелик мәтериаллық жәрдем алыўшы шаңарақлардың санын қоссақ, мәмлекеттен финанслық жәрдем алатуғын шаңарақлардың саны сезилерли дәрежеде көбейеди.

Пәрманда, сондай-ақ, кексе жастағы және майыплығы бар шахсларды материаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2020-жыл 1-сентябрьден баслап пенсиялар, балалықтан майыплығы болған шахсларға, зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақалардың муғдары 10 процентке арттырылатуғыны нәзерде тутылмақта.

Бул болса, быйыл январь-июль айларындағы инфляция көрсеткишлеринен 4,3 процентке жоқары болып табылады.

Бул  2,8 миллион кексе жастағы пуқараларды, 687 мың майыплығы болған шахсларды, 210 мыңнан аслам бағыўшысын жойытқан шахсларды пандемия дәўиринде материаллық қоллап-қуўатлаў имканиятын береди.

Бунда, орташа пенсия муғдары 764 мың сумнан 841 мың сумға шекем көбейеди.

Балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары әмелдеги 466 680 сумнан 513 350 сумға шекем көбейеди.

Сондай-ақ, пенсия тайынлаў ушын зәрүр жумыс стажына  (7 жыл) ийе болмаған, өмири даўамында Пенсия қорына улыўма ағзалық төлем төлемеген 37,5 мың кексе пуқараға берилетуғын напақа айына  315 030 сумға шекем көбейтиледи.

Пәрманда нәзерде тутылған халықты социаллық қоллап-қуўатлаў илажларына 2020-жылдың ақырына шекем бюджеттен жәми қосымша  2,5 триллион сум қаратылатуғыны нәзерде тутылмақта.

 

ӨзА