Қайдан келдиң қайға барасаң,

Жеткен жерге ойқан саласаң,

Қутырған ийт киби қабасаң,

Атың өшкир тажы бар вирус.

 

Тап болғанның буўып жағасын,

Қызғанасаң жутқан ҳаўасын,

Бир жаратқан бергей даўасын,

Атың өшкир тажы бар вирус.

 

Сынақ болдың инсаниятқа,

Жанға тийдиң ҳәдден зыятқа,

Сен тезирек қалып уятқа,

Атың өшкей тажы бар вирус.

 

Раўаж Отарбаев,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан

жазыўшылар аўқамыныӊ ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги